Абдусатторов ҳәм Синдоров "Freestyle Chess Grand Slam"да қатнаспақта

    Спорт 7 ақпан 2025 1306

    Усы жылдың 7-февраль күни Германияның Вейссенхаус қаласында басланып атырған шахмат бойынша "Freestyle Chess Grand Slam" халықаралық турниринде гроссмейстерлеримиз Нодирбек Абдусатторов ҳәм Жавоҳир Синдоров жеңимпазлық ушын гүреске кириседи.

    Сыйлық қоры 750 мың АҚШ долларынан ибарат турнирде жерлеслеримиз ФИДЕ рейтингинде ең жоқары орынларда баратырған Магнус Карлсен (Норвегия), Фабиано Каруана (АҚШ), Хикару Накамура (АҚШ), Доммаражу Гукеш (Ҳиндстан), Алиреза Фирузжа (Франция), Левон Арониан (АҚШ), Винсент Каймер (Германия), Владимир Федосеев (Словения) пенен күш сынасады.

    Бүгин өткерилетуғын биринши турда Нодирбек Абдусатторов ақ даналарда Доммаражу Гукеш ҳәм Жавоҳир Синдоров қара даналарда Винсент Каймер менен беллеседи.

    Турнир айланба системада өткерилип, қатнасыўшылар рапид түринде өз-ара беллеседи. Күшли сегизликтен орын алғанлар плей-офф басқышына жол алады.

    10 турдан ибарат болған абырайлы жарыс 17-февральға шекем даўам етеди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates