Бундай тәғдир оғада аўыр. Әсиресе, ҳаял басы менен буған көнлигиўдиң өзи болмайды. Руўхый сыныў, өмирге муҳаббаттың сөнип кетиўи, жәмийеттен ажыралып қалыў... қорлықларды санап, ақырына жетип болмайды. Саодат булардың ҳәммесине дус келди.
Ақырында, белгиленген мүддет тамам болды. Үйге жол ашылды. Енди өзи билгенинше жасаўына болады. Бирақ бул аңсат бола ма?! Жыллар даўамында руўхыйлыққа сиңип кеткен түсиниклерден бирден қутылыўдың мүмкиншилиги бар ма? Әлбетте, Саодатқа аңсат болмады. Қамалып шыққан ҳаялға ким исенер, оған кимниң көзи ушып тур? Әне усындай ой-пикирлер ҳаялдың пүткил барлығын бийлеп алды.
Түнлерде уйқысызлыққа үйренди. Себеби, қыялында ҳәзир ишки ислер хызметкерлери келип есикти қағып, оны және мәкемеге алып кететуғындай. Бул қорқыныш пүткил бойын бийлеп алған еди. "Мен енди ҳеш кимге керек емеспен!" деген пикир ҳаялдың санасын бийлеп алды.
Усындай күнлердиң биринде оған қоңыраў болды. Трубкадан бир ҳаялдың "Саодат апа, мениң атым Ирода, психологпан. Сиз туўралы ҳәмме мағлыўматқа ийемен, тек бир ушырасып сөйлесип алсақ бола ма?" дегени еситилди. Жанынан тойып жүрген адамға бундай гәплер жағар ма еди, Саодат трубканы ылақтырып жиберди. Бирақ психологлар ҳәр қандай жағдайға ҳәмийше таяр турады. Себеби Саодаттың бундай ҳәрекети де руўхый жағдай менен байланыслы еди. Оған жәрдем керек! Ирода оны өз ҳалына қоймады, "бийзар болған" Саодат ақырында оның менен сөйлесиўге келисим берди. Устасына аңсат дегендей, Ирода бар шеберлигин иске қосып, Саодаттың өмирге муҳаббатын тирилтеди. Дурыс, бирден емес, бирақ әҳмийетлиси мақсетине еристи. Бурын психологтың қоңыраўларынан бийзар болған ҳаял бүгин өзи оған тез-тез қоңыраў етип турады.
Саодаттың бүгинги жағдайы пүткиллей басқаша. Ол жумысқа орналасты, дәраматлы болды. Ҳәзир болса ержетип қалған баласын үйлендириўге таярланып атыр. Усындай татлы тәшўишлер арасында Саодат "Инсан" социаллық хызметлер орайының хызметкери Ирода Арипованы тез-тез еслеп турады.
Барлық процесс системаластырылған
Мәмлекетимизде социаллық қорғаў системасы пүткиллей жаңа басқышқа кирди. Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң шөлкемлестирилгениниң өзи ҳәрекетлердиң қаншелли салмақлы екенинен дәрек береди. Қоллап-қуўатлаўдан мақсет биреў - адамлардың разылығы. Қуўанышлы тәрепи, нәтийжеге әллеқашан ерисиў басланды. Хош, социаллық қорғаў системасы өз ўазыйпасын қалай атқармақта? Бул хызметлерге адамлар қандай мүнәсибет билдирмекте?
Аўыр жағдайға түсип қалған жерлеслеримиз "Инсан" социаллық хызметлер орайының социаллық хызметкери тәрепинен анықланбақта. Ҳәзир ҳәр бир мәҳәлледе социа ллық хызметкерлердиң жумысы жолға қойылған.
- Социаллық хызметкерлер тәрепинен аўыр социаллық жағдайға түсип қалған шаңарақлар анықланады ҳәм ins.ihma.uz бағдарламасының E-cаsе платформасында шахс ямаса шаңарақ баҳалаўдан өткериледи, - дейди Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң инсан ресурсларын раўажландырыў ҳәм социаллық жумыс методологиясы басқармасы баслығының орынбасары Бекзод Жумабоев. - Баҳалаў нәтийжесине бола, шахс ямаса шаңарақтың машқалалары үйренилип, нәтийжеси бойынша зәрүр социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў илажлары көриледи. Оған бола, социаллық хызметкер шахс ямаса шаңарақ атынан машқалаларын үйренген ҳалда арза киргизеди ҳәм арза "Инсан" социаллық хызметлер орайына, платформа арқалы керекли секторларға жетип барады. Буннан кейин "Инсан" социаллық хызметлер орайының филиаллары тәрепинен хызмет көрсетиледи.
Дәраматы ҳәм денсаўлығын жоғалтып, аўыр социаллық жағдайға түсип қалған пуқаралар, аўыр ҳәм узақ ўақыт емлениў талап етилетуғын кеселликке шалынған шаңарақлардың дәри-дәрмақ ҳәм емлениў қәрежетин қаплаў, биринши дәрежели мүтәжликлер ушын "Сақаўат ҳәм көмек" қорының қаржылары есабынан БЕМның 1 есеси муғдарында азық-аўқат, 5 есесине шекемги муғдарда кийим-кеншек ҳәм басқа да ең зәрүр товарлар менен тәмийинлеў илажлары көриледи. Турақ жай шараятына ийе болмаған шаңарақларды қоллап-қуўатлаў бойынша алты ай даўамында ҳәр айда ижара қәрежети, БЕМниң 50 есесине шекемги муғдарда тек ғана бир мәрте турақ жайын оңлаў, соның ишинде, өзгелердиң күтимине мүтәж болған жалғыз жасаўшы ҳәм жалғыз кекселер ҳәм майыплығы болған шахслардың жасаў шараятын бейимлестириў қәрежетлерине жәрдемлеседи. Буннан тысқары, ыссылық тәмийнатынан үзилген шаңарақларға бир жылда көби менен еки мәрте гүз-қыс мәўсиминде БЕМның 1 есесине шекемги муғдарда коммуналлық қәрежетин төлеп бериў, БЕМниң 2 есесине шекемги муғдарда көмир менен тәмийинлеў сыяқлы жәрдемлер көрсетиледи.
Аўыр ҳәм узақ ўақыт емлениў талап етилетуғын кеселликке шалынған шаңарақларға жәрдем көрсетиў бағдарламасы шеңберинде БЕМның 10 есесине шекемги (3,8 миллион сум) муғдарда дәри-дәрмақ пенен тәмийинлеў, БЕМның 50 есесине шекемги муғдардағы емлениў қәрежетлерин жасаў ҳәм жол қәрежети менен биргеликте қаплаў мүмкин.
БЕМниң 5 есесине шекемги болған қаржылар социаллық қорғаўға мүтәж шахстың банк пластик картасына өткерип бериледи, қалған жағдайларда болса тийисли қаржы шәртнама тийкарында өткериледи. Пуқараның социаллық қорғаўға мүтәжлиги социаллық хызметкер тәрепинен кейс-менеджмент тийкарында үйрениледи ҳәм оған "Сақаўат ҳәм көмек" қорының қаржылары есабынан жәрдем көрсетиў бойынша усыныс қәлиплестирилип, "мәҳәлле жетилиги"не жибериледи.
Усыныс хаты "мәҳәлле жетилиги" тәрепинен улыўма тәртипте көрип шығылады ҳәм жәрдем көрсетиў ямаса оны бийкар етиў бойынша тийисли қарар қабыл етиледи. Бул қарар бойынша район (қала) ҳәкимлиги жанындағы "Сақаўат ҳәм көмек" қорларынан 1 ай мүддетте қаржыландырыў илажлары көриледи.
Шафирканлы Дониёр Ғайбуллаев ҳәзир 32 жаста, бир перзенттиң әкеси. Шаңарақ ағзалары 9 адамнан ибарат. Ата-анасы пенсияда. Әкеси 2-топар майыбы, турақлы емленип барыўға мүтәжлиги бар. Өмирлик жолдасының да көзинде нуқсаны бар. Шаңарақ кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген. 9 адамнан ибарат шаңарақтың улыўма дәраматы 3 миллион сумнан аспайтуғын еди. Бул да әкениң майыплық напақасы, ананың пенсиясы, Даниярдың майыплық напақасы ҳәм бала напақасы есабынан еди.
Жуўапкерлер бул шаңарақтың жағдайын толық үйренип, жәрдем бериўди әллеқашан баслады. Дониёр Ғайбуллаевқа қараўшы тайынланды. Өмирлик жолдасы да медициналық тексериўден өткерилип, оған майыплық белгилеў илажлары көрилмекте. Сондай-ақ, "Сақаўат ҳәм жәрдем" қорынан 13 миллион сум ажыратылып, шаңарақ жасап атырған үйдиң төбеси жаңаланды. Қәўендерлик қаржысы есабынан шаңараққа бир бас қарамал да ажыратылды.
Психологиялық қоллап-қуўатлаў - нурлы өмирге қәдем
Ҳәр бир инсан өмири даўамында үлкен-киши сынақларға дус келеди. Айырымлар бул сынақларды жеңип өтиў ушын жетерли күш ҳәм имканиятқа ийе болса, айырымларға болса буның ушын руўхый ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў зәрүр болады. Усы көз-қарастан, "Инсан" социаллық хызметлер орайының психологлары жәмийеттиң мине усындай қатламына әмелий жәрдем көрсетиўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Мәмлекетимиз басшысы Олий Мажлис мәжилислеринде шығып сөйлеген сөзинде басым ҳәм зорлыққа ушыраған ҳаял-қызлар, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламына көрсетилетуғын жәрдемди күшейтиў зәрүр екенлигин атап өткен еди. Усы тийкарда жәмийетте итибар ҳәм қорғаўға мүтәж инсанлар ушын бир қатар системалы илажлар көрилди.
- Усы илажлардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде басым ҳәм зорлыққа ушыраған ҳаял-қызлар ушын психологиялық реабилитация орайлары шөлкемлестирилди, - дейди Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң инсан ресурсларын раўажландырыў ҳәм социаллық жумыс методологиясы басқармасының бас қәнигеси, психолог Бобур Абдуллаев. - Бул жерде олар тек ғана руўхый емес, ал ҳуқықый ҳәм социаллық жәрдем де алады. Сондай-ақ, майыплығы болған шахслар ушын психореабилитация бағдарламалары ислеп шығылған. Онда олардың жәмийетте белсене қатнасыўы, мийнет базарына бейимлесиўи ушын арнаўлы тренинг ҳәм курслар шөлкемлестирилип барылады. Жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар ушын психологиялық қоллап-қуўатлаў бағдарламалары әмелге асырылмақта. Олардың социалласыўы, жәмийетке бейимлесиўи ушын арнаўлы қәнигелер менен ислесиў системасы жолға қойылды. Социаллық хызметлер орайлары арқалы стрессти жеңиў, жеке өсиў ҳәм машқалаларды сапластырыў бойынша психологиялық мәсләҳәтлер көлеми кеңейтилди.
"Инсан" социаллық хызметлер орайының тийкарғы ўазыйпасы социаллық қорғаўға мүтәж инсанларды психологиялық жақтан қоллап-қуўатлаў, олардың руўхый саламатлығын беккемлеў ҳәм жәмийетке интеграциялаўдан ибарат.
Бүгин орай қәнигелери бир қатар социаллық топарлар менен белсене ислемекте. Олар арасында күш көрсетиў ҳәм зорлыққа ушыраған ҳаял-қызлар, майыплығы болған шахслар, социаллық жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған жаслар, кем тәмийинленген шаңарақлар ҳәм машқалалы шаңарақлардың перзентлери және жалғыз кекселер ҳәм өзин социаллық жалғыз сезиниўши шахслар бар.
"Инсан" социаллық хызметлер орайының психологлары ҳәр бир мүрәжат етиўши менен индивидуал шуғылланыў, мүтәжликлерин анықлаў ҳәм сәйкес қатнас ислеп шығыў арқалы нәтийжели нәтийжелерге ериспекте.
Өмирден разы жүреклер
Орай психологларының жәрдеми менен өмиринде үлкен өзгерислерге ерискен, ерисип атырған ўатанласларымыз көп. Келиң, олардан айырымларының гүрриңлерин еситейик.
Алат районында жасаўшы Санобар Аҳмедова (аты-фамилиясы өзгертилген) күш көрсетиў қурбаны болған ҳаяллардан бири.
- Тәғдириме жазылған екен, бир неше жыл шаңарақлық қысым ҳәм зорлыққа ушырап келдим. Өзимди ҳеш нәрсеге жарамайтуғындай сезер едим, - дейди ол. - Бир күни таныс-билислеримнен еситип, "Инсан" социаллық хызметлер орайына мүрәжат етип, өмиримди өзгертиўге қарар еттим. Орайдың психологлары жағдайымды ҳәр тәреплеме үйренип, руўхый жақтан қоллап-қуўатлады, әтирапымдағыларға қайтадан исениўге жәрдемлести. Ҳәзир оқыўымды даўам еттирип атырман. Жақында жеке бизнесимди де басладым.
Косонсойлы Муқаддас Ҳайдарова (аты-фамилиясы өзгертилген) майыплығы себепли өзин бәрқулла жәмийеттен шетте тутыўға ҳәрекет ететуғын еди.
- Бир неше жыл өзимди әтирапымдағылар ушын керексиздей сезинип жасадым, - дейди М.Ҳайдарова. - Бирақ социаллық хызметлер орайының қәнигелери бийпәрўа қарап турмады, маған жәрдем бериўи ушын тынышлық бермеди. Олардың жәрдеми себепли кәсиплик тренинглерде қатнаса басладым, жумысқа орналасыў ушын жәрдем алдым. Ҳәзир жеке тигиўшилик цехым бар, өзим сыяқлы ҳаял-қызлар ушын жумыс орынларын ашып атырман. Маған қайтадан өзимди ашыўға, өзиме исенимимди арттырыўға жәрдем берген орай психологларына шексиз миннетдарман.
Жаңа имканиятларға қарай
"Инсан" социаллық хызметлер орайының адамларды разы етиў жолындағы басламалары инсан қәдирин улығлаў ҳәм оларды толық турмысқа қайтарыў жолындағы әҳмийетли қәдемлерден болмақта.
- Мәмлекетимиз социаллық хызметлер орайлары арқалы ўатанласларымыздың өмирге исенимин тиклеў, руўхый турақлылығын беккемлеў ҳәм жәмийетте өз орнын табыўы ушын барлық шараят жаратып бермекте, - дейди Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң инсан ресурсларын раўажландырыў ҳәм социаллық жумыс методологиясы басқармасының бас қәнигеси, юридикалық мәселелер бойынша жуўапкер хызметкер Шаҳзод Исмоилов. - Психологиялық жәрдем тек ғана инсанның руўхый саламатлығын жақсылап қоймастан, ал өмирге муҳаббат пенен қәдем қойыўын да тәмийинлейди. Егер сиз ямаса жақынларыңыз социаллық қыйыншылықларға дус келип атырған болсаңыз, "Инсан" социаллық хызметлер орайы бәрқулла жәрдем бериўге таяр.
Ҳәзирги ўақытта "Инсан" социаллық хызметлер орайлары тәрепинен 104 түрдеги хызмет ҳәм жәрдемлер көрсетилип келинбекте. Усы жылы бул көрсеткишти 150 ге жеткериў ўазыйпасы белгиленген. Сондай-ақ, "Инсан" социаллық хызметлер орайы ҳуқықый мәселелерде эксперт мәсләҳәтшилердиң хызмет көрсетиў процесин толық санластырыў, кейс-менеджмент модулин жаңа схема тийкарында жетилистириўди режелестирмекте. Соның менен бирге, орайдың жумысын стандартластырыў және хызмет ҳәм жәрдемлердиң нәтийжелилигин таллаў, таллаў тийкарында әмелге асырылатуғын илажларды анықлаў ҳәм ислеп шығыў режелери де белгилеп алынған.
Жонибек АЛИЖОНОВ
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы