Әлбетте, дийқан ҳәм фермерлер ушын қосымша қун салығын нолге теңлестириў тийкарында аўыл хожалығында шын мәнисинде революциялық қарар болып есапланады. Бул ҳаққында кейинирек...

Ҳәр бир мәўсимниң өз шырайы, жилўасы бар. Қыстың зийнети, бәҳәрдиң гөззаллығы, жаздың кеңпейиллиги ҳәм гүздиң берекетлилиги адамға ҳәзлик бағышлайды. Ҳәзирги ўақытта елимизде алтын гүз.

Гүз писикшилик, сарыпланған мийнет нәтийжесин көриў мәўсими. Жыл бойы фермер ҳәм дийқанлардың тынымсыз мийнетинен жетилискен зүрәәтти жыйнап-терип алатуғын ўақыт.

Мағлыўматларға қарағанда, өткен жылы олар тәрепинен 9 миллион тонна дән, 3 миллион тоннадан аслам пахта, 16 миллион тоннадан аслам овош ҳәм палыз өнимлери, 5 миллион тонна мийўе ҳәм жүзим, 4 миллион тонна картошка, 15 миллион тонна гөш ҳәм сүт, 30 мың тонна пилле жетистирилди.

Ресурсларды үнемлейтуғын интенсив технологиялар тийкарында 50 мың гектар майданда овош жетистирилип, өнимдарлық дәстүрий усылға салыстырғанда 200-250 центнерге артты, сап дәрамат гектарынан 6-8 мың долларды қурады.

Дийқан хожалықларын шөлкемлестириў ушын 75 мың гектар жер социаллық жәрдемге мүтәж 180 мыңнан аслам халыққа бөлип берилип берилгени, 200 мыңнан аслам жумыс орны жаратылғаны аўылда бәнтликти тәмийинлеў, реал дәраматларды арттырыў, кәмбағаллықты қысқартыўда әҳмийетли роль атқармақта.

Аграр секторды раўажландырыў стратегиялық әҳмийетке ийе. Себеби ол турақлы экономикалық өсиў, азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў менен тиккелей байланыслы.

Аўыл хожалығы елимиз экономикасында тийкарғы орынлардан бирин ийелейди. Бул тармақ, әсиресе, халықтың көпшилик бөлеги жасайтуғын аўылларда бәнтликти тәмийинлеўдиң тийкарғы дәреги болып есапланады. Қолайлы климат ҳәм тәбийғый шараятлар себепли Өзбекстанда түрли аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ушын үлкен имканиятлар бар.

Аграр тараўдың раўажланыўы тек ғана ишки базарда азық-аўқатқа талапты қанаатландырыў емес, ал мәмлекеттиң экспорт потенциалын күшейтиўге де кең жол ашады.

Өзбекстан аўыл хожалығы өнимлерин жеткерип бериў географиясын басқышпа-басқыш кеңейтип, жаңадан-жаңа базарларға шықпақта. Бул болса мәмлекетимиздиң жәҳән саўдасындағы орнын беккемлеп, валюта түсимлерин көбейтиўге хызмет етпекте.

Сырт елли бирге ислесиўшилердиң елимиздиң аўыл хожалығы өнимлерине талап ҳәм қызығыўшылығы жылдан-жылға артып бармақта. Бул болса өнимлердиң тәбийғыйлығы, экологиялық тазалығы ҳәм жоқары сапасы менен тиккелей байланыслы.

Соңғы жыллары заманагөй агротехнологиялар ҳәм илимий жетискенликлерди әмелиятқа енгизиўге айрықша итибар қаратылмақта. Суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, әсиресе, суў тамтарыслығы, климат өзгерислери шараятында тамшылатып суўғарыў ҳәм басқа да нәтийжели технологиялардан кеңнен пайдаланылмақта. Санлы платформалар, жасалма жолдас мониторинги, автоматластырылған басқарыў системалары және селекция ҳәм ген инженериясы бағдарындағы инновациялар арқалы өнимдарлықты арттырыў, қәрежетлерди азайтыў ҳәм инсан факторын минималластырыў имканияты жаратылмақта.

Тараўда кадрлардың маманлығын арттырыў, билимлендириўди раўажландырыў ҳәм технологиялар трансфери көлемин кеңейтиў жумыслары да жедел даўам еттирилмекте.

Аймақларды турақлы раўажландырыўда аўыл хожалығы үлкен әҳмийетке ийе. Фермер, дийқан ҳәм қыйтақ жер хожалықларын қоллап-қуўатлаў бойынша комплексли бағдарламаларды әмелге асырыў, қаржыландырыў, субсидия және жеңиллетилген кредитлерден пайдаланыў имканиятын кеңейтиў, сондай-ақ, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлерин енгизиў өндирис нәтийжелилигин арттырыў менен бирге, аўыл халқының экономикалық еркинлигин де тәмийинлемекте. Бул болса, өз гезегинде, кәмбағаллықты қысқартыў, аўыл халқының дәраматын арттырыў ҳәм турмыс дәрежесин жақсылаўға хызмет етпекте.

Және бир әҳмийетли тәрепи. Айрықша стратегиялық әҳмийетке ийе бағдар - толық агросанаат шынжырын қәлиплестириў, өндиристен баслап терең қайта ислеў ҳәм экспортқа шекемги процесс. Өндирис, қайта ислеў, логистика, экспорттың нәтийжели жолға қойылыўы зүрәәт жоғалтыўын азайтыў менен бирге, өнимниң қосымша қунын сезилерли дәрежеде арттырады. Әсиресе, мийўе-овош жетистириўде өнимниң сапасы ҳәм көриниси шешиўши әҳмийетке ийе.

Сонлықтан, заманагөй суўытқыш комплекслери, қайта ислеў кәрханалары, транспорт ҳәм сақлаў қоймаханалары инфраструктурасы, сондай-ақ, сертификатлаў ҳәм стандартластырыў системасына бағдарланған инвестициялар экспорттың жаңа бағдарларын ашып, елимизде жетистирилген өнимлердиң халықаралық базарларда жыл даўамында бар болыўын тәмийинлемекте.

Соның менен бирге, ҳәр бир қарыс жерден ақылға уғрас пайдаланыўда жаңаша қатнаслар, кластер системасы ҳәм агрохолдинглерди раўажландырыў процеси болып өтпекте. Бул ислеп шығарыўшылар ҳәм қайта ислеўшилер, логистика ҳәм экспортшыларды бирлестириў арқалы базар қатнасыўшылары арасында пайдалы қатнасықлар орнатыў, бәсекиге шыдамлылықты арттырыў ҳәм өндирис процесслерин және де жақсы басқарыўға хызмет етеди.

Мәмлекет, әсиресе, киши ислеп шығарыўшылар арасында аўыл хожалығы кооперациясын раўажландырыўды қоллап-қуўатлап, оларды ири өндирис ҳәм сатыў шынжырларына интеграциялаўға жәрдемлеспекте. Аграр тараўдың раўажланыўы тек ғана экономикалық емес, ал социаллық әҳмийетке де ийе. Ол санаат, транспорт, энергетика, саўда ҳәм билимлендириў сыяқлы тармақларға да унамлы тәсир көрсетеди. Аўыл хожалығының турақлы раўажланыўы глобал ҳәм сыртқы базардағы қәўип-қәтерлер ҳәм климат өзгерислери шараятында азық-аўқат ғәрезсизлиги ушын беккем тийкар жаратады.

Мәмлекетимиз басшысы быйыл 4-сентябрь күни аўыл хожалығында қосымша қун шынжырын жаратыў илажлары бойынша презентация менен танысты. Онда келеси жылы 1-январьдан баслап аўыл хожалығы кәрханалары дийқан ҳәм фермерлерге өзи жетистирген аўыл хожалығы өнимин (ғәлле ҳәм пахтадан тысқары) сатыўда қосымша қун салығы ноль ставкада болатуғыны атап өтилди. Соның менен бирге, өнимди жетистириўде туқым, төгин, жанылғы, транспорт, электр сыяқлы қәрежетлер ушын есапқа алынған ҚҚСты қайтарып бериў әмелияты да сақланып қалады.

Ҳақыйқатында да, дийқан ҳәм фермерлер ушын қосымша қун салығын нолге теңлестириў үлкен имканият. Бундай әҳмийетли қәдем әдеттеги салық реформасы емес, ал анық әмелий нәтийжеге қаратылғаны менен әҳмийетли. Бул жаңа имканиятларды жаратады ҳәм аграр тараўдың турақлы раўажланыўын кепиллейди.

Әҳмийетлиси, бул, бириншиден, ҳақыйқый ислеп шығарыўшыны қоллап-қуўатлаў дегени. Қосымша қун салығының ноль ставкада болыўы ҳәр күни атызда мийнет етип, өним жетистирип атырғанлардың салық жүгин жеңиллестиреди. Бул дийқан ҳәм фермерлерге артықша қәрежетсиз әдалатлы дәрамат алыў имканиятын береди.

Екиншиден, бул арқалы рентабеллик ҳәм инвестициялар көбейеди. Салық жүгиниң азайыўы себепли үнемленген қаржы есабынан дийқанларымыз өз хожалығын раўажландырыў, жаңа техника сатып алыў, өнимниң сапасын арттырыў ҳәм өндирислик имканиятына ийе болады. Бул болса тиккелей аграр тараўдың нәтийжелилигин ҳәм бәсекиге шыдамлылығын арттырады.

Үшиншиден, презентацияда атап өтилгениндей, бул "саядан" шығыўды аңлатады. Аграр сектор ўәкиллериниң жумысын жеңилликли салыққа тартыў арқалы рәсмийлестириў олардың бизнесиниң ашық-айдынлығын арттырады. Бизнестиң ҳәр бир ўәкилине кредит ҳәм мәмлекеттиң қоллап-қуўатлаў бағдарламаларына кириўин жеңиллестиреди.

Төртиншиден, бул арқалы индустриаллық аўыл хожалығының раўажланыўына тийкар жаратылады. Берилип атырған жеңилликлер, бәринен бурын, ири плантациялар ҳәм қайта ислеўши кәрханалар санының артыўын хошаметлейди. Өз гезегинде, бул жаңа жумыс орынларын жаратыў, инфраструктураның раўажланыўы ҳәм экспорт потенциалының артыўына алып келеди. Солай екен, қосымша қун салығының ноль ставкасын енгизиў тараўды модернизациялаў ҳәм турақлы раўажланыў жолындағы ең әҳмийетли қәдем болып есапланады.

Бул қарар фермер ҳәм дийқанларға пайда келтиреди, аўыл халқының дәраматын арттырады ҳәм мәмлекетимиздиң экономикалық өсиўи ушын беккем тийкар жаратады.

- Мәмлекетимиз басшысына аўыл хожалығын буннан былай да раўажландырыў бойынша жаңа усыныслар таныстырылды, - дейди аўыл хожалығы министри Иброҳим Абдураҳмонов. - Кейинги ўақытларда фермер, исбилерменлер менен сөйлесиўлеримизде, тийкарынан, аўыл хожалығындағы ҚҚС ҳәм салық жүклери бойынша оғада көп мүрәжатлар болып атырған еди. Азық-аўқат өнимлерин сатыўда қосымша қун салығы 12 процентти қурамақта. Бул мәселе Президентимиздиң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўинде көтерилген еди. Мәмлекетимиз басшысы бул бағдарда дийқан ҳәм фермерлерге қолайлық жаратыў, салық жүгин жеңиллетиў бойынша жуўапкерлерге көрсетпе берген еди. Соған муўапық, Халықаралық валюта қоры, маман сырт ел ҳәм жергиликли экспертлердиң қатнасыўында аўыл хожалығын "саядан" шығарыў бойынша усыныслар ислеп шығылды.

Ҳәзирги ўақытта елимизде 100 мыңнан аслам фермер хожалығы болса, бул жеңиллик 48 мыңнан аслам фермердиң салық жүгин азайтады. Соның менен бирге, рентабелликти бир неше есеге арттырыўға хызмет етеди. Яғный ҳәзирги ўақытта рентабеллик дәрежеси 5-7 процент болатуғын болса, бул жеңиллик оны 15 процентке арттырады. Қалаберди, "саядағы" экономика азаяды. Себеби киши бағ ҳәм қыйтақ жерлерде ҚҚС жоқ, бирақ санаатласқан бағларда бар. Бул болса өним жетистириўде бир қатар қолайсызлықларды келтирип шығарар еди.

Улыўма, бул жеңилликлер тараў ўәкиллериниң ашық-айдын ислеўине түртки береди, орынларда ири санаатласқан плантациялар ҳәм қайта ислеў кәрханаларының көбейиўине беккем тийкар жаратады. Әҳмийетлиси, енди фермерлеримиздиң қолында оғада үлкен муғдарда айланыс қаржы қалады.

Ең тийкарғысы, фермерлеримизде мәпдарлық артады, қалаберди, азық-аўқат өнимлерин жетистириў кеңейеди ҳәм "саялы" экономикадан шығамыз. Сондай-ақ, енди Аўыл хожалығы министрлиги Салық комитети менен биргеликте ҚҚС ноль баҳада болған өнимлерди жәриялап барады.

Аўыл хожалығы өнимлериниң мәмлекетимиздиң жалпы ишки өниминдеги үлеси жүдә салмақлы. Атап айтқанда, усы жылы 517 триллион сумлық өним жетистириў режелестирилген. Бирақ ишки имканиятлардан ақылға уғрас пайдаланылса, буннан да жоқары нәтийжелерге ерисиў мүмкин.

Бир сөз бенен айтқанда, аграр секторды раўажландырыў тек ғана бир тараўға байланыслы мәселе емес, миллий раўажланыўдың түп тийкары болып есапланады. Бул бәсекиге шыдамлылықты арттырыў, экспорт потенциалын беккемлеў, инновацияларды кеңнен енгизиў ҳәм аўыл хожалығында бәнт болған миллионлаған ўатанласларымыз ушын мүнәсип турмыс дәрежесин тәмийинлеўге хызмет ететуғын қурал болып есапланады.

Лутфулла СУВОНОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы