Тийкарғы мақсет - Илимлер академиясының экономика тармақлары ушын қосымша қун жаратыўдағы қатнасын кеңейтиў, сондай-ақ, төмендегилер арқалы оның жумысын жетилистириў:
2030-жылға шекем Илимлер академиясында тийкарғы бағдарлар бойынша илимий изертлеўлерди енгизиў (тастыйықланған дизим бойынша);
Илимлер академиясы ҳәм оның системасындағы шөлкемлерде 2030-жылға шекем:
- жаңа илимий қолланбалар саны ҳәм коммерцияластырыўдан алынатуғын қаржылар көлеми - 3 есе;
- илимий хызметкерлер қурамында жаслардың үлеси - 60 процентке шекем;
- абырайлы халықаралық илимий басылымларда жәрияланған мақалалар саны - 4 есе;
- академиклер ҳәм профессор-оқытыўшылардың билимлендириў процесинде қатнасыўы - 5 есеге;
- халықаралық бирге ислесиў тийкарында әмелге асырылған илимий изертлеўлердиң санын 3 есеге арттырыў;
сырт еллерде жумыс алып барып атырған илимий диаспораларды Өзбекстан илимине реинтеграциялаў;
Илимлер академиясының илимий мәкемелерин қаржыландырыўды бәсекилеслик принципине өткериў;
жаслардың академиялық илимдеги қатнасын күшейтиў ушын оларды хошаметлеў системасын жаратыў.
Юридикалық шахс статусына ийе болмаған Илим ҳәм санаатты интеграциялаў кеңеси шөлкемлестириледи, ол:
экономика тармақларына жуўапкер министрликлер, кәрханалар ҳәм шөлкемлердиң басшылары, илимий мәкемелердиң ўәкиллеринен ибарат болып, оның қурамы Президент Администрациясының басшысы тәрепинен тастыйықланады;
қысқа, орта ҳәм узақ мүддетли келешекте әмелге асырылыўы зәрүр болған жойбарлар, сондай-ақ, экономика тармақларында илимий шешим табыўды талап ететуғын машқалалардың дизимин қәлиплестиреди, оларды илимий мәкемелер арасында бөлистиреди, сондай-ақ, мәмлекет тәрепинен кепилленген буйыртпаларды оларды қаржыландырыў дәреклерин көрсеткен ҳалда белгилейди;
унамлы баҳаланған жойбарларды илимий мәкемелердиң илимий-техникалық бағдарламаларына киргизеди, сондай-ақ, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен қәлиплестирилетуғын әмелий ҳәм инновациялық грантлар таңлаўларының бағдарламаларында тийкарғы темалар сыпатында белгиленетуғынын тәмийинлейди.
унамлы баҳаланған жойбарларды илимий мәкемелердиң илимий-техникалық бағдарламаларына киргизеди, сондай-ақ, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен қәлиплестирилетуғын әмелий ҳәм инновациялық грантлар таңлаўларының бағдарламаларында тийкарғы темалар сыпатында белгиленетуғынын тәмийинлейди.
Ҳүжжет пенен:
Илимлер академиясының жумысын жетилистириў бойынша илажлар бағдарламасы;
Илимлер академиясы жумысының 2030-жылға шекемги мақсетли көрсеткишлери;
Илимлер академиясы илимий хызметкерлериниң санын басқышпа-басқыш көбейтиў режеси.
2026-жыл 1-январьдан баслап сырт ел экспертлерин тартқан ҳалда илимий хызметкерлердиң жумыс нәтийжелилиги көрсеткишлерин (KPI), сондай-ақ, илимий мәкемелердиң илимий жумысын баҳалаўдың рейтинг системасы енгизиледи. Бунда:
илимий мәкемелер рейтинги комплексли индикаторлар тийкарында жылдың жуўмағы бойынша дүзиледи ҳәм "жасыл", "сары", "қызыл" категорияларға бөлинеди;
рейтинг категориясынан келип шығып, илимий мәкемелердиң жаңа жойбарларын қосымша қаржыландырыў, олар ушын жаңа лаборатория ҳәм бөлимлер шөлкемлестириў ямаса олардың штат бирликлерин басқа илимий мәкемелерге өткерген ҳалда жабыў;
илимий хызметкерлердиң KPI баҳалаў олардың жумыс нәтийжелилиги көрсеткишлеринен келип шыққан ҳалда баллар тийкарында әмелге асырылады.
2026-жыл 1-мартқа шекем халықаралық экспертлерди тартқан ҳалда илимий мәкемелердиң жумысын толық хатлаўдан өткериў, перспективасыз ҳәм нәтийжелилиги төмен болған илимий бағдарлар ҳәм лабораториялардың санын оптималластырыў есабынан жаңа илимий топарлар ҳәм лабораториялар шөлкемлестириў режелестирилмекте.
Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жанындағы Инновациялық раўажланыў агентлигиниң Алдынғы технологиялар орайы ҳәм Халықаралық молекуляр аллергология орайы Илимлер академиясы системасына өткерилмекте.
Соның менен бирге:
Илимлер академиясының Наманган, Самарқанд ҳәм Термиздеги аймақлық бөлимлери;
Халықаралық илим кеңесиниң Орайлық Азия регионаллық офиси.
Миллий археология орайының аты Илимлер академиясы жанындағы Антропология институты деп өзгертиледи.
Илимий хызметкерлерди хошаметлеў ҳәм МКБны беккемлеў;
2026-жыл 1-январьдан баслап:
Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейи, Әлийшер Наўайы атындағы мәмлекетлик әдебият музейи, Өзбекстанның жаңа тарийхы мәселелери бойынша муўапықластырыўшы методикалық орайы, Илимлер академиясының Халықаралық молекуляр аллергология орайы басшылары ҳәм илимий хызметкерлериниң мийнет ҳақысы илимий мәкемелердиң басшылары ҳәм илимий хызметкерлериниң базалық лаўазымлық мийнет ҳақысына теңлестириледи;
Илимий изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў, жас илимпазларды тартыў, сондай-ақ, стратегиялық әҳмийетке ийе илимий бағдарларды турақлы қаржыландырыў мақсетинде Илимлер академиясының Қоры шөлкемлестириледи.
Қорды қәлиплестириў дәреклери:
Мәмлекетлик бюджеттен ҳәр жылы ажыратылатуғын 80 млрд сум;
Фондтың ўақтынша бос турған қаржыларын коммерциялық банклерге жайластырыўдан алынатуғын дәраматлар;
физикалық ҳәм юридикалық шахслардың, соның ишинде, сырт елли қәўендерлердиң қайырқомлық жәрдемлери;
халықаралық финанс шөлкемлери ҳәм сырт мәмлекетлердиң грантлары ҳәм техникалық жәрдем қаржылары;
нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа дәреклер.
Сондай-ақ, тастыйықланған:
2026-жыл 1-январьдан баслап Илимлер академиясы басқарыў аппараты ҳәм оның Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң хызметкерлерине Илимлер академиясы қоры есабынан төленетуғын материаллық хошаметлеў түрлери;
Илимлер академиясы қоры қаржыларының жумсалыў бағдарлары;
Илимлер академиясының шөлкемлестириў структурасы.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 29.12.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».