Атап өтилиўинше, Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайына уллы илимпаз Әлий Кусшының баласы Қазы Абдураҳман қәлемине тийисли "Равнақ-ул бўстон" шығармасының факсимиле нусқасы алып келинди.

Бул шығарманың тийкарғы нусқасы Ая София китапханасында сақланбақта.

Китап Орайға Стамбул университети профессоры Эмек Ушенмез тәрепинен усынылды. "Равнақ-ул бўстон" бағшылыққа бағышланған болып, онда мийўелерди жетистириў, сақлаў ҳәм нәллерди тәрбиялаў бойынша баҳалы усыныслар берилген.