Дүнья көлеминдеги глобал экологиялық машқалаларды сапластырыў, тәбийғый турақлылықты сақлаў, климат өзгериўи ақыбетлерин жумсартыў мақсетинде Президентимиз тәрепинен алға қойылған бир қатар басламалар ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып атырғаны жаңа Өзбекстанның халықаралық майдандағы орны ҳәм абырайы беккемленип атырғанынан дәрек береди.
Өзбекстанның басламасы менен БМШ Бас Ассамблеясының "Турақлы тоғай хожалығы тийкарында тоғайластырыў ҳәм тоғай тиклеў бойынша ҳәрекетлер декадасы" атамасындағы резолюцияның қабыл еткени пикиримиздиң дәлили болып табылады.
Бүгинги глобалласыў, жоқары раўажланыў процесинде Өзбекстанның басламасы оғада әҳмийетли ҳәм турмыслық халықаралық зәрүрлик, десек, асыра айтқан болмаймыз. Себеби, бириншиден, Президентимиздиң тийкарғы басламасы, соның ишинде, "Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылы"нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама, "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары ҳәм "Орайлық Азия жасыл белбеў" терек егиў акциясы тийкарында ислеп шығылған бул ҳүжжетте 2027-2036-жыллар "Тоғайзарластырыў ҳәм тоғай тиклеў ҳәрекетлери декадасы" деп жәрияланған. Усы дәўирде күш ҳәм ресурсларды мобилизациялаў, сондай-ақ, мәмлекетлер ҳәм шөлкемлерди тийисли илажларды күшейтиў усыныс етилген. 80 нен аслам мәмлекет усы резолюцияның биргеликтеги авторы екени ҳәм олар дүньяның барлық регионын қамтып алғаны да Өзбекстан басламасының әҳмийетинен дәрек береди.
Қалаберди, биз жүдә көп экологиялық машқалалар жүз берип атырған қәўетерли дүньяда жасап атырмыз. Озон қатламының жемирилиўи, душшы суў жетиспеўшилиги, жердиң жасыл қапламының азайыўы, ыссыхана гази шығындысының көбейиўи ҳәм жердиң мелиоративлик жағдайының өзгериўи, тәбийғый ресурслардың азайыўы сыяқлы улыўмаинсаныйлық машқалалар жыл сайын күшеймекте.
Ең ашынарлысы, биокөптүрлиликтиң жоқ болып кетиўи, өсимлик ҳәм ҳайўанлардың қырылыўы болып есапланады. Шексиз тоғайлардың кесилиўи, суў ҳәм ҳаўаның патасланыўы нәтийжесинде экосистема теңсалмақлығы бузылмақта. Булардың барлығы инсанлардың тәбиятқа унамсыз тәсири ақыбетинде жүзеге келмекте. Өз гезегинде, тәбият та өзине жеткерилген зыянды жуўапсыз қалдырып атырған жоқ. Атмосферага зыянлы газ тәсири, биосфера өзгериўи, жердеги температура көтерилип барыўы, теңиз қәдди көтерилиўи менен түрли тәбийий апатлар да көбеймекте.
Усы мәнисте, бул резолюция дүнья халқын және бир мәрте сергекликке шақырып, ана тәбиятты баўырындағы жасыл ғәзийнелери менен сақлап қалыў ҳәм кейинги әўладларға таза, пәк ҳалында жеткерип бериў жолында дүнья халықларын биргеликте, биргеликте ҳәрекет етиўге шақырады.
Изертлеўлерге қарағанда, бир адам бир суткада 5-6 литр кислород қабыл етеди. Бул талапты қанаатландырыў ушын 22 терек керек. Ҳәрбир терек жылына 120 килограмм кислород ажыратып берген ҳалда, сол ўақытта дерлик 22 килограмм, пүткил өмири даўамында бир тонна әтирапында карбонат ангидрид жутады. Соның ушын, тоғайлар ҳәм жасыл мәканларды жердиң өкпеси деў орынлы.
Тереклер шаўқым жутыўы, қуслар, ҳайўанлар, тири жанзатлар ушын уя ҳәм азықлық дәреги болыўы, эрозияның алдын алыўы, шаң-тозаңды жутыўы менен де жүдә қәдирли. Қалаберди, адамлардың турмыс тәризинде, яғный турақ жайдан баслап күнделикли турмыслық үскенелерге шекем, ҳәттеки саламат ҳәм молшылық пенен жасаўында да олардың әҳмийети шексиз.
Сонлықтан, "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбарын экологиялық жағдайды және де жақсылаў ҳәм климат өзгерислериниң алдын алыў ушын миллий шешим сыпатында баҳалаў мүмкин. Бул жойбардың тийкарында ҳәр қыйлы маркадағы машиналар, логистика ҳәм техника қураллары қоршаўында қалған орынға ҳақыйқый тәбиятты саўға етиў, нәл егиў ҳәм бағ жаратыў тилеги жатыр. Бүгинги күнде жойбар шеңберинде аймақларды көклемзарластырыў бойынша салмақлы жумыслар исленбекте.
"Өзбекстан - 2030" стратегиясында қалалардың бас режелерин дүзиўде олардың аймағының кеминде 30 процентин жасыл майданлардың қурайтуғыны, турақ жай имаратларын қурыўда "жасыл майданлар"дың халық санына сәйкес болыўын тәмийинлеў белгилеп қойылған.
Сондай-ақ, нызамшылық ҳүжжетлеринде қала ҳәм аўыллық елатлы пунктлерде көклемзарластырылатуғын аймақлар майданын шөлкемлестириў бойынша миннетлемелер белгиленген.
Қысқасы, бул резолюция мәмлекетлерди бирлесип, аўызбиршиликли ҳәрекет етиўге шақыратуғын бағдарламалық ҳүжжет болып есапланады. Оның шеңберинде ана тәбият, әсиресе, оның өкпеси болған тоғайларды көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлаў бойынша нәтийжели ҳәм жаңаша қатнаслар ислеп шығылатуғынына исенемиз.
Малика ҚОДИРХАНОВА,
сенатор