Бул жаңа дәўирге қәдем қойған мәмлекетимиздиң уллы ҳәм мәртебели шақырығы болып есапланады.
Қарақалпақстан әзелден өзбек, қарақалпақ, қазақ, түркмен ҳәм басқа миллет ўәкиллери татыўлық ҳәм кеңпейилликте жасап киятырған мәканы болып есапланады. Бул жерде мийрим-шәпәәт, тил бирлиги ҳәм бир муш болып ҳәрекет етиў дәстүрлери дәўирлер арқалы даўам етип келмекте.
Сонлықтан, Президентимиз Қарақалпақстанға ҳәр сапарында кеўли ашық қарақалпақ халқының пазыйлетлерин тәрийиплеп, бәрқулла "АЎЫЗБИРШИЛИК" сөзин пайдаланады. Бул сөз қарақалпақ елиниң шын кеўилден миймандослығын, ашық жүзлилигин ҳәм тапқанын дослар менен бөлисиўге таярлығын билдиреди.
Қарақалпақстанның Қазақстан менен шегаралас Тахтакөпир районында туўылып өскенмен. Бул мәкан еки туўысқан халықты бирлестирип туратуғын ҳақыйқый көпир болып есапланады. Бул жерде халықларымыз әзелден "аўылы аралас, қойы қоралас" болып, кеңпейиллик ҳәм татыўлықта жасап келеди. Мен де мине усы бирлик, дослық ҳәм өз-ара ҳүрмет руўхында тәрбияланып, өмир жолымды усы қәдириятлар тийкарында қәлиплестирдим.
Илим жолына киргенимнен берли дерлик 30 жылдан аслам ўақыт даўамында Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде жумыс алып барып атырман. Өзбек, қарақалпақ, қазақ, түркмен миллет ўәкиллеринен көплеген шәкиртлерди тәрбиялап жетистирип атырман.
Халықлар бирлиги, дослық ҳәм кеңпейиллик ең үлкен байлығымыз. Тилимиздеги уқсаслық, қәлбимиздеги жақынлық ҳәм мың жыллардан берли туўысқанлығымызға гүўа болып киятырған бай фольклорымыз бизиң ең үлкен руўхый қүдиретимиз болып есапланады.
Өзбек ҳәм қарақалпақ халықларының бақсышылық көркем өнери мине усы қүдиреттиң жоқары көриниси болып, еки миллетти бирлестирип туратуғын уллы руўхый мийрас болып есапланады. Ҳәр еки халықтың эпикалық дәстүрлери, дәстаншылық мектеби, қаҳарманлық эпослары ҳәм әўладтан-әўладқа өтип киятырған халық дәстүрлери бир-бирине тығыз байланысқан. Олар әсирлер даўамында улыўма руўхыйлық дәреги, идеологиялық таяныш ҳәм тилеклеслик тымсалы сыпатында жасап келмекте.
Бул қәдириятлар тек ғана халқымыздың қәлбинде емес, ал дүнья көлеминде де мүнәсип тән алынды. Өзбек ҳәм қарақалпақ халықлары бақсышылық көркем өнери ЮНЕСКОның Материаллық емес мәдений мийрас дизимине киргизилди. Бул туўысқан халықларымыздың жоқары мәдений бирлигине берилген халықаралық баҳа, келешек әўлад ушын да мақтаныш дәреги болып есапланады.
Бақсылар жырлаған Ўатан гимни, уллылық ҳәм мәртлик сыяқлы қәдириятлар бүгин де халықларымызды бирлестирип, келешек әўладқа руўхый жол-жоба болып хызмет етпекте.
Президентимиз белгилеп берген үлкен мақсет ҳәм тийкарғы ўазыйпаларға садық ҳалда Қарақалпақстанда кең көлемли дөретиўшилик жумыслары ҳәўиж алмақта. Әсиресе, мәмлекетимиз басшысы Аралбойын жыллар даўамында қыйнап киятырған экологиялық апатшылықты сапластырыў мәселесине айрықша итибар қаратып, бул машқаланың шешимин пүткил мәмлекеттиң стратегиялық ўазыйпасы сыпатында белгилеп берди.
Президентимиздиң "Бизиң уллы ҳәм ийгиликли мақсетимиз - биргеликтеги пидайы мийнетимиз бенен жаңа Өзбекстан қурамында жаңа Қарақалпақстанды қурыў болып табылады", деген шақырығы Қарақалпақстан халқын жаңа шеклерге қарай шақырады. Ҳәр биримизде Ўатанға хызмет етиў жуўапкершилигин ҳәм мақтанышын және де арттырады.
Президентимиздиң мақаласында тилге алынған Түркменстан менен Әмиўдәрья суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша ерисилген келисим бүгинги қыйын геосиясий шараятта оғада үлкен әҳмийетке ийе стратегиялық қәдем болып есапланады. Әмиўдәрья тек ғана еки мәмлекетти емес, ал пүткил регионның тиришилик дәреги болып есапланады. Оннан әдил ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў ҳаққындағы келисим еки туўысқан халықтың келешек ҳаққындағы жуўапкершиликли ҳәм узақты гөзлеген қарары болып есапланады.
Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, бул келисим суў ресурсларын биргеликте басқарыў мәдениятын жаңа басқышқа алып шығады. Экологиялық машқалалар қәўпин азайтады. Аралбойы сыяқлы экология аўыр аймақлар ушын үмит нурын күшейтеди. Суўды әдил бөлистириў ҳәм улыўма мәпти үстин қойыў шын мәнисинде жаңа бирге ислесиў руўхының қәлиплесиўи дегени.
Президентимиздиң атап өткениндей, бундай жойбарлар халықтың экономикалық белсендилигин арттырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, аўыл хожалығын турақлы раўажландырыў ҳәм ең әҳмийетлиси, регионның энергетикалық қәўипсизлигин беккемлеў ушын кең имканиятлар ашады.
Сонлықтан, бул келисимди тек ғана экономикалық ямаса экологиялық емес, ал сиясий мәденияттың жоқарылаўы, қоңсылас халықлар арасындағы исеним ҳәм дослықтың беккемлениўи, деп баҳалаў мүмкин. Бул жаңа дәўир бирге ислесиўиниң айқын үлгиси, жаңа Өзбекстан басламаларының әмелдеги нәтийжеси ҳәм келешек әўладлар ушын беккем тырнақ болып есапланады.
Қарақалпақстан узақ келешекте де өзбек ҳәм қарақалпақ мәдениятларының үйлескен мәканы болып қалады. Себеби биз илимпазлардың мәдений байланысларды, үнлесликти үйрениўге бағышлаған дөретиўшилик жумысымыздың тийкары "аўызбиршилик" принципи болып есапланады. Яғный ийинлес болып ислеў, турақлы қарым-қатнаста болыў, бир жағадан бас шығарып жумыс ислеў. Әйне усындай инсаный қатнасықлар себепли елимизде дослық ҳәм аўызбиршилик барған сайын беккемленбекте.
Биз де халықларымыздың дослық ҳәм садықлыққа тийкарланған қатнасықларын және де беккемлеп, келешек әўладқа "Аўызбиршилик" деген мийрас қалдырамыз, деп үмит етемиз!
Қонақбай ТУРДЫБАЕВ,
филология илимлериниң докторы, профессор






