"Колорадо қубласында 30 дан аслам автомобиль қатнасқан авария ақыбетинде 4 адам қайтыс болды ҳәм 29 адам жарақатланды", делинеди хабарда.
Атап өтилиўинше, ҳәдийсе күшли самал себепли I-25 автомагистралындағы топырақты үйип таслаған. Ҳәзирги ўақытта аварияға жақын арқа бағдардағы участка жабық. Жәбирленгенлер емлеўханаларға алып кетилген, олардағы жарақатлардың дәрежеси белгисиз.
Ҳәзирги ўақытта ўақыяның барлық жағдайлары анықланбақта, деп жазбақта report.az.