Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигиниң басламасы менен Арал теңизиниң қурыған ултанында өткерилип атырған тәжирийбе - шорланыў дәрежеси жоқары шараятқа бейимлесе алатуғын өсимлик түрлерин анықлаўға қаратылған жойбар ҳаққында бир жыл бурын да мақала таярлаған едик. Жергиликли илимпазларымыздың ҳәрекети менен ўақыт өтип тәжирийбе күтилгенинен де жоқары нәтийже берди.

- Арал теңизиниң қурыған майданы 6 миллион гектарды қурайды, - дейди академик Зиновий Новицкий. - Ол жерден жылына 150 миллион тонна дузлы шаң ҳаўаға көтерилип, 1000 километрге шекем ушып барады. Ҳаўадағы шаң ҳәм дуз түрли кеселликлерди келтирип шығармақта. Әлбетте, бул машқалаға шешим табыў мақсетинде неше жыллардан берли тынымсыз мийнет етилмекте. Аралдың ултанына ҳәр жылы 100 мың гектар жерде  тоғайзарлықлар - "жасыл қапламалар" жаратылмақта. Усы мақсетте өткен жылдан баслап жаңа түрдеги Арундо донах өсимлигин егиўди баслаған едик. Нәтийже биз күткендей болды. Гәп сонда, бул өсимлик қурғақшылыққа шыдамлылығы себепли, шөл шараятында да өсе алады. Бирақ бизге мақул тәрепи - оның тез көгериў қәсиетине ийе екени. Егиў технологиясы да өзине жараса: жерге нәл орнына тамыр бүртиклери егиледи. Өсимлик дузлы самаллардың да алдын алады.

Мағлыўматларға қарағанда, Арундо донах көп жыллық қамыс болып, "гигант қамыс", "карризо", "арундо", "испан қамысы", "колорадо дәрьясы қамысы", "жабайы қамыс", деп те аталады. Бул өсимлик 6 метрге шекем өседи. Қолайлы шараятта болса бойы 10 метрден асып кетиўи мүмкин. Күлрең-жасыл, қылыш тәризли жапырақлары пақалға гезекпе-гезек жайласады. Узынлығы 30-60 сантиметрге шекем, ени 2-6 сантиметр болады. Улыўма алғанда, өсимлик әпиўайы қамысқа уқсайды. Өсимлик жаз айларының ақырында туқымсыз ямаса сийрек туқымлы вертикал түклер менен гүллейди. Топыраққа 1 метрге шекем терең кирип баратуғын түйинли, жер асты талшықлары арқалы вегетатив түрде көбейеди. Узынлығы 5 сантиметрден кем болған пақал ҳәм тамырпақал бөлеклери бир түйин болып, ҳәр түрли шараятта аңсат өнип шығыўы мүмкин.

Июнь-июль айларында жаңа пақал ҳәм жапырақлар өсип шығады. Июль айының ақырынан баслап төменги жапырақлары қуўрай баслайды. Қуўраў гүзде тезлеседи. Қыста, яғный төмен температурада үлкен қамыс өсиўден тоқтайды. Бәҳәрден қайта өсе баслайды.

- Бул жойбар Арал теңизиниң 600 мың гектар майданында шор ҳәм ығал топырақларда тоғайзарлар жаратыў мақсетинде тәжирийбе сыпатында сынақтан өткерилмекте, - дейди академик Зиновий Новицкий. - Солай етип, теңиз түбинде сексеўил, қандым сыяқлы шөлге шыдамлы өсимликлер қатарына Арундо донах өсимлигиде қосылды. Итибарлы тәрепи, Арундо донах тәбиятынан ығаллықты сүйсе де, шор топыраққа да тез бейимлесе алады. Изертлеўлер даўамында өткерилген топырақ жумыслары нәтийжесинде сынаў аймағында жер асты суўлары шама менен 2 метр тереңликте екенлиги анықланды. Арундо донах тамырлары биринши жылдың өзинде сол суўға жетип барды. Бул болса өсимликтиң тез тутып, турақлы өсиўинде жүдә әҳмийетли.

Буннан тысқары, оның шор жерде жасап қалыў дәрежесин арттырыў ушын айрықша технология ислеп шығылды. Яғный ана өсимликтиң кеминде бир метр тереңликтеги тамырынан алынған бүртиклерден нәл сыпатында пайдаланылды. Нәтийжеде, айтқанымыздай, күткенимизден де жоқары болды: өсимликтиң жасап кетиў дәрежеси 90 проценттен кем емес.

Илимпаздың сөзлерине қарағанда, өсимликлерди орталыққа бейимлестириў бойынша әйне усындай қатнас келешекте де қолланылады. Арундо донах тамыры тек тереңлик бойынша (1 метр ҳәм оннан артық биринши жылдың өзинде) өсиўди көрсетип қоймастан, ал горизонталь бағытта да кең тарқалады - 2 метрге шекем. Бул болса топырақ деградациясының алдын алыўға хызмет етеди.

Өткерилген сынақлар Арал теңизиниң қурыған ултанын биологиялық жол менен тиклеў бағдарында жаңа имканиятлар жаратпақта. Бул усыл кең көлемли көклемзарластырыў, шаң-тозаңларға қарсы гүресиў, сондай-ақ, климат өзгериўи ҳәм экологиялық кризис шараятында пүткил регион экосистемасын жақсылаў ушын әҳмийетли тийкар болыўы мүмкин.

XIX әсирде дренаж каналларында эрозияны қадағалаў ушын Жер Орта теңизинен Калифорнияға алып келинген Арундо донах кейин ала декоратив өсимлик сыпатында Арқа Американың жыллы қурғақ жерлеринде, душшы суўларында тәбийғый түрде көбейе баслады. Ол Қубла Америка ҳәм Австралияда да кең тарқалған. Сондай-ақ, ол дүньядағы қурғақлықта ең тез өсетуғын өсимликлерден бири. Күнине дерлик 10 сантиметр өседи.

Аралдың қурыған ултанының 1 гектарынан 5 тонна зыянлы дузлар атмосфераға көтерилип, қоршаған орталыққа ҳәм инсан саламатлығына тәсир етеди. Бир дана сексеўил 4-10 тонна қумды услап қалады. Енди Арундо донах та сексеўил, черкес, жыңғыл сыяқлы шаң-тозаңды услап, ығаллықты сақлайды. Яғный келешекте ҳаўаға шаң-тозаңлардың көтерилиўиниң алдын алыўда унамлы тәсир көрсетеди.

Минәжатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы