Музрабат районы Сурхандәрья ўәлаятының қоңсы Аўғанстан ҳәм Түркменстан менен шегаралас аймағында жайласқан. Бул мәмлекетлер менен ортасында Әмиўдәрья салланып ағады. Район халқы әзелден дийқаншылық, бағшылық, шарўашылық, салы жетистириў менен шуғылланып келген. Аймақ үлкен дәрьяның қапталында болса да, жағыстың әдеўир пәслеп кетиўи ақыбетинде районның үлкен бөлимине әййемги Жайҳун суўын шығарыў имканияты жоқ.
Әзелден халық арасында епшил, исбилермен адамларға қайық дәрьяға түсиўди қәлемесе, дәрьяны қайыққа қарай жол ашып беретуғынлардан деп тәрийплейди.
Районның Фидокор мәҳәллесинен Ойбаҳор Жабборова мине усындай исбилерменлерден. Анаханның жасы 70 тен өткен болса да, төрт мәўсимде де атыздан шықпайды. Оны бәрқулла кең ҳәм шаўқымлы салы атызынан табасыз. Ойбаҳор апа дерлик ярым әсирден берли салы жетистириў менен шуғылланады ҳәм бүгинги күнге шекем мийнети арқалы тән алынғанлардан бири.
- Ҳәзирги салы атызлары болған кең майданлардың орнында бир ўақытлары онлаған үлкен-киши көллер болған. Тоғайлықта ҳәм батпақлықта жасаўшы барлық шыбын-ширкей аўыл арасынан шықпайтуғын еди. Усы тәрептеги халықтың жүреги тынышсызланып, бирақ оның шешими ҳаққында ҳеш ким ойламас еди. Соң батпақлар арасындағы майданларды аштық. Дәслеп қыйын болды, кейин үйренип кеттик. Ҳәзир басқа жерлерде гектарынан 15 центнер зүрәәт алынған бир ўақытта биз 45-50 центнерге шекем зүрәәт алмақтамыз, - дейди Ойбаҳор Жабборова. - Салы биз ушын екинши егин. Дәслеп 200 гектар жерге ғәлле егемиз. Оның пайдасы 300-400 миллион сумды қурайды. Изинен салы егемиз. Оннан алатуғын дәраматы болса бирқанша жақсы. Жылына 1 миллиард сумға шамалас пайда аламыз. Жақсы дәрамат алыў ушын жерден меҳирди аямаў керек. Оның азығын молдан бериў керек.
Мәмлекетимизде салы халықтың тийкарғы азық-аўқат өнимлеринен. Белок ҳәм витаминлерге бай гүриш адамлар сүйип жейтуғын, байрам ҳәм тойларда дастурханымыз көрки – палаўхантөрениң тийкарғы ең керекли өними есапланады.
- Жетистирген өнимге қарыйдар көп. Әҳмийетлиси, базар излемейсиз. Атыздың басынан өзлери алып кетеди, - дейди апа. - Өзбек халқының той-тамашалары, мерекелери көп. Бир жерлерге барғанда "Аўқаты зор болыпты. Ойбаҳор маманың гүришинен палаў писирипти" десе, кеўлим таўдай көтериледи. Жыл бойы далада жүрип шаршағанларым шығып кетеди.
Президентимиздиң 2021-жыл 2-февральдағы "Салы жетистириўди буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында"ғы қарары Ойбаҳор Жабборова сыяқлы исбилермен ҳәм мийнеткешлер - дастурхан молшылығын тәмийинлеўге умтылыўшылар ушын және де кең жол ашқаны менен әҳмийетли болды.
Қарарда салы майданларының кеминде 20 процентинде салыны нәллеп егиў, 50 процентинде лазер жәрдеминде жер тегислеў системасын енгизиў сыяқлылар нәзерде тутылған. Бул бағдардағы жумысларды жаңа басқышқа көтериў мақсетинде усы жыл 15-августта Президентимиздиң "Салы жетистириўшилердиң жумысын қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында"ғы қарары да қабыл етилди. Енди 2024-жыл 1-сентябрден фермер, дийқан хожалықлары ҳәм басқа да өним жетистириўшилерге салы жетистириў ҳәм сатып алыў қәрежетлерин қаржыландырыў ушын белгиленген шәртлерде жеңиллетилген кредитлер ажыратылады. 2025-2026-жылларда салы егиў ушын сатып алынған ҳәм ислеп шығарылғанына бир жылдан аспаған жаңа туқым сеялкалары ҳәм нәл егиў үскенелери баҳасының 20 проценти мәмлекетлик бюджеттен субсидиялар ажыратыў арқалы қаплап бериледи. Ҳәр бир тараў ҳәм тармақ, бағдарлар кесиминде қоллап-қуўатлаў менен байланыслы қабыл етилип атырған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер музрабатлы жетпис жаслы дийқанды да қуўандырғаны рас.
Бүгинги күнде барған сайын күшейип баратырған суў жетиспеўшилиги ҳәм аўыл хожалығы өнимлерине талап артып атырғаны суў талап ететуғын егинлерди жетистириўде үнемлеўши технологияларды кеңнен қолланыў зәрүрлигин жүзеге шығармақта. Тек ғана салы жетистириўде емес, ал пахта жетистириў, ғәллешилик бағдарларында да райондағы алдынғы фермерлерден бири болған анахан жумыс искерлигинде буған айрықша итибар қаратады.
Үлкен шаңарақтың периштеси, кейўаны анасы ҳәзир де тынбайды.
-Дән, әсиресе, салы әййемнен халық ушын азық-аўқат, молшылық белгиси болған. Ол шарўашылық, қусшылық, балықшылық сыяқлы тараўлардың да тийкарғы азық-аўқаты, - дейди Ойбаҳор Жабборова. - Сол себепли салы жетистириўге бел байлаған адам бир ўақыттың өзинде салы жетистириў менен бирге шарўашылықтан да, басқа да бағдарлардан жақсы дәрамат алыўы мүмкин.
Әййемги Әмиў жағасында салы атызларын аралап жүрген бул анаханды көргенлер, танығанлар "Ас болсын бәрқулла усы апаға!" дейди. Анаханның оларға жуўабы былай болады: "Жегениң ас болсын, басың тик ҳәм тас болсын!"
Сарвар ТЎРАЕВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы