баннер
30 Mar 2025
08:37

    Арқа-батыс әскерий округине жаңа шақырылыўшылар жетип келди

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Өзбекстан Республикасы пуқараларын мүддетли әскерий хызметке гезектеги шақырыў ҳәм белгиленген хызмет мүддетин өтеп болған мүддетли әскерий хызметкерлерди Қураллы Күшлер резервине босатыў ҳаққында”ғы қарарына тийкарланып, шақырыў мүддетин кешиктириў ҳәм шақырыўдан азат етилиў ҳуқықына ийе болмаған Өзбекстан Республикасының шақырыў жасындағы пуқаралары усы жылдың март-апрель айларында мүддетли әскерий хызметке шақырылмақта.

    Мүддетли әскерий хызметти өтеў ушын Нөкис қаласына темир жол транспорты менен жетип келген жигитлерди Арқа-Батыс әскерий округи әскерлери сәркардалығы, Қураллы Күшлер ветеранлары, кең жәмийетшилик ўәкиллери “Нөкис” темир жол вокзалында күтип алды.

    Усы мүнәсибет пенен әскерий бөлимде өткерилген илажда округ әскерлери сәркардасы полковник Раҳматулло Раҳмонов шығып сөйлеп, Ўатан алдындағы муқаддес ҳәм мақтанышлы ўазыйпасын атқарыў ушын келген елимиздиң мәрт улларына ийилмес ерк-ықрар ҳәм мәртлик тиледи.

    Қарақалпақстан жерине жетип келген азаматларды қутлықлап, бул елдиң бай тарийхый мийрасы, мәденияты ҳәм үрп-әдетлери бир жыл даўамында мүддетли әскерий хызметти өтеп атырған әскерлерде үлкен тәсир қалдыратуғынына исеним билдирди. Ўатанымызды көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлап, жарқын жүз бенен үйлерине қайтыўын тиледи.

    Атап өтилгениндей, елимиздиң ҳәр қыйлы ўәлаятларынан сайлап алынған мине, усындай мәрт ҳәм зәбердес жигитлер орынларда салтанатлы күтип алынбақта. Себеби, ўатанды қорғаўдай жуўапкершиликли ўазыйпаны атқарыўға кирисип атырған жигитлер халқымыз, мәмлекетимиз тәрепинен жоқары қәдирленеди.

    Нөкис гарнизоны әскерий оркестриниң атқарыўындағы жағымлы намалар астында күтип алынған жаңа әскерий хызметкерлерде салтанатлы күтип алыў мәресими өзгеше кейпият ҳәм күш-ғайрат бағышлады.

    Әскерий бөлимге жетип келген елимиздиң мәрт уллары бөлимлерге бөлинип, олар менен бир айлық жыйын шынығыўы өткерилиўи белгиленген. Жыйынға бириктирилген тәжирийбели офицер ҳәм сержантлар енди ғана армия турмысына кирип киятырған шақырылыўшыларға әскерий турмыс тәризине тез ҳәм аңсат бейимлесиўи ушын жәрдем береди.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech