Бирақ бүгин дүнья басқа ҳақыйқатқа умтылмақта: раўажланыўдың баҳасы енди қәрежет муғдары менен емес, ал ақылға уғрас пайдаланыў мәденияты, нәтийжелилик дәрежеси ҳәм келешек алдындағы жуўапкершилик пенен белгиленбекте. Әйне усы жерде энергия мәселеси әпиўайы техникалық ямаса тармақ машқаласы емес, ал мәмлекетлик ой-пикир, жәмийетлик сана ҳәм раўажланыў модели менен тығыз байланыслы стратегиялық мәселеге айланбақта.

Энергия тек ғана өндиристи ҳәрекетке келтириўши дерек емес. Ол экономика пәти, қалалардың нәпеси, шаңарақлардың абаданлығы ҳәм инсан турмысының сапасына тиккелей тәсир көрсетиўши фактор болып есапланады. Оны қалай ислетиўимиз, қанша жоғалтып атырғанымыз ҳәм қанша үнемлеп атырғанымыз бүгинги емес, ал ертеңги әўлад тәғдирин белгилеп беретуғын қарарлар болып есапланады.

Дүньядағы кескин геосиясий өзгерислер, энергия базарларындағы турақсызлық ҳәм климат қәўиплериниң күшейиўи шараятында мәмлекетлер алдында жаңа таңлаў пайда болды: ески моделде қалып, жоғалтыўларды қабыл етиў ямаса системалы реформалар арқалы энергияны экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўдың нәтийжели қуралына айландырыў. Өзбекстан әйне екинши жолды таңламақта.

14-январь күни Президентимиз энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳәм электр энергиясы тәмийнатында базар механизмлерин енгизиў бойынша презентация менен танысты.

Халықаралық экспертлердиң баҳалары Өзбекстан алдында турған әҳмийетли ҳақыйқатты ашып бермекте: мәмлекетимизде энергиядан пайдаланыў елеге шекем жоқары жумсаўға тийкарланған модель шеңберинде қалмақта. Әсиресе, имаратлар тараўында бул жағдай айқын көзге тасланады - жуўмақлаўшы энергия тутыныўының дерлик ярымы әне усы сектордың үлесине туўра келеди. Бир квадрат метр майданға туўра келетуғын энергия жумсалыўының Европа мәмлекетлерине салыстырғанда бир неше есе жоқары екени болса машқаланың түбири айрықша тараўда емес, бәлким пүткил басқарыў ҳәм пайдаланыў мәдениятында екенлигин көрсетеди.

Халқымыз "Қәрежетти билмеген - қунды билмейди", деп бийкарға айтпаған. Жыллар даўамында энергия дәреклери салыстырмалы арзан ҳәм шекленбеген деген түсиник қәлиплесип келди. Нәтийжеде үнемлеў емес, артықша тутыныў әдетке айланды. Бирақ бүгин дүнья өзгерди. Ресурслар шекленгени, ҳәр бир артықша қәрежет ертеңги күн есабынан алынып атырғаны белгили болмақта. Бул энергия сиясатына да толық түрде тийисли.

Мине, усы реал жағдайдан келип шығып өткен жылы энергия нәтийжелилиги тараўындағы реформаларды тосыннан шығарылған қарарлар ямаса қысқа мүддетли илажлар менен емес, ал системалы мәмлекетлик сиясат сыпатында жолға қойыў мақсетинде арнаўлы агентлик шөлкемлестирилди. Бул структураның алдына 2030-жылға шекем экономикада энергияның жумсалыўын кеминде 20 процентке, мәмлекетлик уйымлар ҳәм социаллық объектлерде болса 15 процентке қысқартыў ўазыйпасы қойылды.

Бул көрсеткишлер әпиўайы санлар емес. Олардың артында жаңа экономикалық мәденият, ресурсларға жуўапкершиликли қатнаста болыў, турақлы өсиў ҳәм келешек әўладлар алдындағы жуўапкершилик жатыр. Себеби халқымызда "Бүгин ислеген исиң - ертеңги ырысқың" деген турмыслық ҳақыйқат бар. Бүгин энергияны үнемлеп, ақылға уғрас пайдаланыў арқалы биз тек ғана экономикалық пайда алмаймыз, соның менен бирге келешек әўлад ушын турақлы ҳәм исенимли келешек тийкарын да қоямыз.

Энергия нәтийжелилиги мәселеси тек ғана қәнигелер ямаса мәмлекетлик уйымлардың жумысы емес. Ол ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир үйде, ҳәр бир пуқараның күнделикли турмысы менен байланыслы. Себеби, үнемленген ҳәр бир киловатт-саат улыўма турақлылыққа қосылған үлес болып есапланады. Усы мәнисте, энергияны үнемлеў мәденияты жәмийетлик сананың бир бөлегине айланбаса, реформалар күтилген нәтийжени толық бермейди.

Презентацияда агентликтиң 2026-жылға мөлшерленген жумыс режелери додаланды. Бул режелер айрықша илажлардың жыйнағы емес, ал жыллар даўамында жыйналып қалған машқалаларға системалы жуўап сыпатында қәлиплестирилгени менен әҳмийетли. Мәмлекетимиздеги имаратлардың үлкен бөлеги өткен әсирдиң 60-70-жылларында қурылған болып, олар энергиядан пайдаланыў көзқарасынан бүгинги талапларға жуўап бермейди. Нәтийжеде қыста ыссылық, жазда электр энергиясы артықша жумсалып, экономикалық имканиятлар самалға шашылып атырғандай болады.

Сонлықтан, социаллық объектлер ҳәм халықтың турақ жайларын энергия нәтийжели объектлерге айландырыў бойынша кең көлемли жумыслар режелестирилди. Усы жылы бул мақсетлер ушын 150 миллиард сумлық субсидия ҳәм компенсация қаржыларының қаратылыўы мәмлекеттиң бул мәселеге қатаң ҳәм узақ мүддетли қатнас жасаўын көрсетеди. Себеби энергияға жумсалған ҳәр бир үнемленген сум билимлендириўге, денсаўлықты сақлаўға ямаса жаңа инфраструктураға бағдарланыўы мүмкин болған қосымша ресурс дегени.

Презентацияда республикадағы дерлик 30 мың социаллық объекттиң энергия нәтийжелилигин арттырыў процесине халықаралық финанс институтлары ҳәм жеке меншик сектор инвестицияларын кеңнен тартыў зәрүрлиги де айрықша атап өтилди. Бул бирге ислесиў тек ғана қаржылай жәрдем емес, соның менен бирге, заманагөй тәжирийбе, алдынғы стандартлар ҳәм нәтийжели басқарыў моделлерин алып кириў имканиятын да жаратады. Быйылғы жылғы инвестициялық бағдарлама шеңберинде 770 социаллық объект энергия нәтийжелилиги стандартлары тийкарында модернизацияланыўы ҳәм бул мақсетлерге 264 миллион доллар халықаралық қаржы тартылыўы бул жолдағы анық қәдем болып есапланады.

Соның менен бирге, энергияны үнемлеў арқалы дәрамат алыў механизмлерин қәлиплестириў, атап айтқанда, энергия сервис компаниялары - ESCO хызметлерин раўажландырыў ҳәм бул базарды жолға қойыў мәселелери де додаланды. Бул көзқарас энергияны тек ғана жумсалатуғын ресурс емес, ал нәтийжели басқарылғанда экономикалық қун жарататуғын факторға айландырыўды нәзерде тутады.

Имаратларды энергия аудитинен өткериў, энергия нәтийжелилиги стандартлары тийкарында жойбарлаў ҳәм моделлестириў процесслеринде санлы технологиялар және жасалма интеллект имканиятларын кеңнен қолланыў режелери ҳаққында берилген мәлимлеме болса реформаларды илимий тийкарға көшириўге хызмет етеди. Бул қарарлар энергия нәтийжелилигин болжаў ҳәм улыўма усыныслар емес, ал анық есап-санақ ҳәм таллаўға сүйенген ҳалда тәмийинлеўге қаратылған.

Энергия нәтийжелилиги мәселеси санаат тараўында, әсиресе, шешиўши әҳмийетке ийе. Себеби, санаатта жумсалған ҳәр бир артықша киловатт бәсекиге шыдамлылықты төменлетеди, өнимниң өзине түсер баҳасын арттырады ҳәм экономикалық өсиў имканиятларын шеклейди. Сол себепли, бул бағдарда анық есап-санақларға тийкарланған режелер ислеп шығылғаны бийкарға емес. Усы жылы 142 тоқымашылық кәрханасына қуяш панеллери орнатылыўы арқалы 722 миллион киловатт-саат электр энергиясын үнемлеў, нәтийжеде кәрханалардың ықтыярында 693 миллиард сум қаржыны қалдырыў режелестирилген. Бул санлардың артында жаңа жумыс орынлары, инвестиция имканиятлары ҳәм санааттың турақлы келешеги жатыр.

Коммуналлық тараўда да энергияны үнемлеўди арттырыў инсан турмысының сапасы менен тиккелей байланыслы мәселе сыпатында қаралмақта. Ишимлик суў тәмийнаты системасында 300 насосты жаңалаў режелестирилгени тек ғана энергия жумсалыўын азайтыўды билдирмейди. Бул халықты үзликсиз ҳәм сапалы суў менен тәмийинлеўге қаратылған әҳмийетли қәдем дегени.

Орайласқан ыссылық тәмийнаты системасындағы жағдай болса энергия нәтийжелилиги мәселесиниң ең аўыр ноқатларынан бири болып қалмақта. Ҳәзирги ўақытта ыссылық қазанханалары ҳәм тармақларының бир бөлеги гөнергени себепли энергия шығынлары жоқары дәрежеде сақланып қалмақта. Бул жағдай қыс мәўсиминде артықша қәрежет, халық ушын қолайлылықтың төменлеўи ҳәм системаға артықша басымнан дәрек береди. Сол себепли усы жылы ыссылық қазанханалары ҳәм тармақларын модернизациялаў, оларды "жабық система"ға өткериў шеңберинде 400 индивидуал ыссылық пунктлерин орнатыў ҳәм кеминде 100 километрден ибарат ыссылық тармақларын жаңалаў нәзерде тутылған. Бул қарарлар ыссылықты ислеп шығарыўдан баслап тутыныўшыға шекемги пүткил шынжырда нәтийжелиликти тәмийинлеўге қаратылған.

Соның менен бирге, келешекте жаңа машқалалар тәкирарланбаўы ушын имаратларды қурыў, оңлаў ҳәм реконструкциялаў процесслеринде энергия нәтийжелилиги стандартлары ҳәм тәсиршең қағыйдаларды ислеп шығыў ўазыйпасы жуўапкерлер алдына қойылды. Бул қарарлар қысқа мүддетли пайдадан гөре узақ мүддетли турақлылықты үстин қоятуғын қатнасты сәўлелендиреди.

Презентацияда электр энергиясы тараўында бәсекили базар механизмлерин енгизиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар да ҳәр тәреплеме додаланды. Төменги күшлениўли электр тармақларын жеке меншик секторға бериў жумыслары Самарқанд ўәлаятынан басланып, кейинги басқышларда Әндижан, Жиззақ, Наманган, Сырдәрья, Ташкент ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласына кеңейтилиўи режелестирилген. Бул арқалы тармақларды жаңалаўға жеке меншик инвестициялар тартылып, электр энергиясындағы жоғалтыўларды кескин азайтыў мақсет етилген. Базар механизмлери ислеген жерде нәтийжелилик артады, бәсеки болса сапаны арттырады.

Ҳәзирги күнге шекем жылына 10 миллион киловатт-сааттан аслам электр энергиясын пайдаланып атырған ири көтере тутыныўшылардың дизими қәлиплестирилген. Олар ушын электр энергиясын көтере базарда саат сайын қәлиплесетуғын баҳаларда тиккелей шәртнамалар тийкарында сатып алыў системасын енгизиў усыныс етилди. Бул қатнас базар ашық-айдынлығы, анық есап-санақ ҳәм экономикалық тәртипти тәмийинлеўге хызмет етеди.

Реформаның қуны қарарда емес, оның турмыста қалай әмелге асырылыўында көринеди. Энергияны үнемлеў арқалы әмелге асырылып атырған модернизациялар, инновациялар ҳәм базар механизмлери көзге көринетуғын турмыслық нәтийжелер болып есапланады. Соның ушын бул процесс ҳәр биримиз ушын өзине тән белги, яғный - қәрежетлерди ақылға уғрас режелестириў, ресурслардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм ҳәр бир жумыста келешекти есапқа алыў зәрүрлигин ескертеди.

Сардор ТОЛЛИБОЕВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы