Жақында анам менен кемпир памның аўылына бардық. Бул жерге келмегениме үш жылдан аслам ўақыт болды. Аўылды пүткиллей танып болмай қалыпты. Ол жердеги өзгерислерди көрип ҳайран қалдым. Ыссы күнлери шаң, жаўын жаўғанда ылай болып кететуғын көшелер оңланып, тегисленипти. Пиядалар ушын өз алдына жоллар исленип, көше шырақлары орнатылған. Буны көрип үш-төрт жасымдағы бир ўақыя есиме түсти.
Сол ўақытта күшли жаўыннан көше диземнен батпақ болып кеткен еди. Геўишим ылайға батып қалды, мен жалаң аяқ даўам еттим. Қолымнан беккем услап алған анам жығылып кетпеўимиз ушын сырғанап-сырғанап баратыр. Жаўынның шаўқымынан "ўай геўишим" дегенимди де еситпей қалды. Себеби анамның қыялы тезирек кемпир апамның дәрўазасына жетип алыўда еди. Дәрўаза алдында бизлерди қушақ ашып күтип алған кемпир апам бетлеримнен сүйип, аяғыма қарады ҳәм "ой өлмесем, баламның аяқ кийими қайда", деп дәрҳал мени көтерип алды...
Апама усы ўақыяны айтып, күле-күле кемпир апамның үйине кирип бардық. Жеңгем "Оҳ-қо, Ташкентжаннан мийманлар келипти-ғо", деп алдымызға шықты. Сәлем-әликтен соң "Дайым үйине қосып аўылды да "сity"ге айландырып жиберипти ғой", дедим шарбаққа нәзер таслап. "Аўа, енди дайыңызды билесиз ғой, қолынан ҳәмме ис келеди, ҳәўлини тәртипке салып қойыпты. Енди аўылға келсек, сиз не, тек ғана Ташкентте өзгерис, жаңаланыўлар болып атыр, деп ойлаппа едиңиз? Ол жақта "Ташкент сity" болса, бул жер "Кескак сity " дә", деп мыйығынан күлди. Соң дәрўазадан сыртқа ишарат етип сөзин даўам етти: "Өткен жылы мәҳәлле халқы бир жағадан бас шығарып даўыс жыйнадық. Ҳәрекетлеримиз нәтийжесиз кетпей, "Ашық бюджет"те утып, көшелерди оңлатып алдық. Бул екинши утысымыз, бириншисинде мектебимизди оңлатқанбыз. Аўызбиршиликте гәп көп-дә, мақтаныў емес-аў, пайтахттың менмен деген мәҳәллелеринен кем жери жоқ. Еле мектебимизди көрмедиңиз, аўзыңыз аңқайып қалады. Оқыўшылар ушын ең заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленген.
Ҳал-жағдай сорасар екенбиз, қыялым еле "Ашық бюджет" жойбарында еди. Қулағым астында "Бизге даўыс бериң", деп даўыс жыйнаўшы мәҳәлле белсендилери ямаса "Бир даўыс ... сум, мәҳәллемизге даўыс берип кетиң", деп жәмийетлик орынларда даўыс жыйнаўшы жаслар қыялымнан өтти. Олар не ушын буншелли жан күйдирип атырғанын түсингендей болдым.
"Жеңге, сизлер де пул берип даўыс жыйнадыңыз ба", деп сорадым.
"Яқ, биз пул жыйнамадық. Даўыс бериў басланған күни мәҳәлле баслығы ҳәммемизди жыйнап, бул жойбардың не екенин, жеңип алсақ турмысымыздың өзгеретуғынын түсиндирди. Мәҳәлле халқы сол жердиң өзинде даўыс бериўди баслады. Кейин болса ҳәмме қолынан келгенинше даўыс жыйнаўға ҳәрекет етти. Исбилерменлеримиз де белсенди-дә, басламаны өз қолына алды. Мәҳәллемиздеги жол бойында жайласқан асханаларымыз даўыс берген қарыйдарларға шай, нанды бийпул берди. Нанбайханалар болса бир даўыс ушын еки нан бийпул деп пештахтасына жазып қойды. Мәҳәлле "Дамас"лары болса даўыс берген адамға бийпул хызмет көрсетти. Қалғанлары да қарап отырған жоқ, қулласы, ҳәммемиз бирлесип даўыс жыйнадық", деди жеңгем.
Олардың татыўлығына ҳәўесим келди. Бундай татыў аўылда жәнжел, келиспеўшиликлер де болмаса керек. Жеңгемниң сөзлерин еситип, "Ашық бюджет" жойбары тек ғана аўыл ҳәм мәҳәллелеримизди абат етип атырған жоқ екен. Бәринен бурын, адамлардың сана-сезими, дүньяға көзқарасының өзгериўине, адамларымыздың кеўлинде пидайылық, татыўлық сезимлериниң реформаланыўына хызмет етип атыр екен", деген пикирге келдим.
***
Бул процесстиң табыслы болыўының себеби оның халықаралық тәжирийбеде ҳәр қыйлы көринислерде бар екенлиги, тарийх сынағынан өткени болып табылады. Дүнья әмелиятында партисипатор бюджет, деп аталыўшы бул механизм тиккелей көширилмеген. Қәнигелер тәрепинен толық үйренилип, өзимизге масластырылған формадағы модели жаратылып, турмысқа енгизилген. Ол мәмлекетте коррупция иллетине қарсы гүресиў, халық ҳәм мәмлекет арасында өз-ара исеним ҳәм қарым-қатнасты күшейтиўде пайдалы система сыпатында тән алынады.
1989-жылы биринши мәрте Бразилияда қолланылған жойбар бүгинги күнде Европа, Арқа, Орайлық, Қубла Америка ҳәм Канада, Азия, Африка, Океания мәмлекетлери арасында кең тарқалган. " Participatory Budgeting World ATLAS" 2019-жылы пүткил дүнья бойлап 11 мыңнан аслам партисипатор бюджет әмелияты бар екенлигин айтады. Оның бундай дәрежеде ғалаба болып кетиўи мәмлекет ҳәм жәмийет ушын да бирдей пайдалы екенлигинде.
Бул әмелияттың өзбекше модели - "Ашық бюджет"тиң ең үлкен абзаллығы тиккелей халық пикири тийкарына қурылғаны болып есапланады. Жойбарға бола қурылысы ямаса оңланыўы керек болған орынды да халықтың өзи белгилейди ҳәм олардың даўыс бериўи арқалы, биринши гезекте, жақсыланыўы керек болған аймақлар ажыратып алынады. Әлбетте, системаның ашық-айдын, қолайлы ҳәм әпиўайы түрде ислеўи де оның халқымыз арасында жыл сайын ғалабаласып барыўына тийкар жаратпақта.
Өзбекстан пуқараларын бюджетти қәлиплестириў ҳәм оны жумсаў әмелиятына тартыў механизмлери 2019-жылдан турмысқа енгизиле басланды. Дәслеп бюджеттиң жумсалыўын белгилеў процесинде халық ўәкиллери басламасы ҳәм пикирлери менен қатнасыўды баслады. "Ашық бюджет" жойбары болса Президентимиздиң 2021-жыл 13-апрельдеги "Бюджет процесинде пуқаралардың белсене қатнасыўын тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарары тийкарында шөлкемлестирилди. Оған бола, "Пуқаралар басламасы" қоры дүзилди ҳәм оның финанслық дәреклери сыпатында район (қала) бюджетинен 5 процент, қосымша дәреклердиң кеминде 30 проценти етип белгиленди. Кейин ала ўәлаятлардың қосымша қаржыларының бир бөлеги де усы система бойынша жумсалатуғын болды. 2021-жыл жойбар сынақ тәризинде ҳәр бир аймақтан биреўден районда әмелге асырылды. Тәжирийбе даўамында 41 мыңнан аслам усынысқа пуқаралар тәрепинен 1 миллионнан артық даўыс берилди. Нәтийжеде 1 600 усыныс жеңимпаз болып, олар бойынша қурылыс, оңлаў жумысларын орынлаў ушын 407 миллиард сумнан аслам қаржы жумсалды.
Оңланыўы керек болған мәнзилди усыныс етиў ҳәм даўыс бериў процесслери ушын "Ашық бюджет" мәлимлеме порталы шөлкемлестирилди. Барлық әмеллер онлайн тәризде, инсан факторысыз әмелге асырылыўы болса адамлардың бул механизмге исенимин және де күшейтти. 2022-жылдан берли бул әмелият пүткил республика көлеминде әмелге асырылмақта. 2022-жылы 131 мың 265 усынысқа жәми 14 миллион 511 мың 857 даўыс берилди. Усыныслардан 4 136 сы жеңимпаз деп табылып, оларды әмелге асырыў ушын 2 537 миллиард сум ажыратылды.
Ажыратылған қаржы нәтийжели жумсалыўы, жеңимпаз усыныс тийкарында сапалы жумыс орынланыўын жергиликли халықтың өзи қадағаламақта. Өткен жыллары бул бойынша социаллық тармақларда бир қанша видеолар, пикир-усыныслар тарқалды.
Бир сөз бенен айтқанда, халқымыз ески дүзим дәўиринде санасына орналасып қалған "барлығы мәмлекеттики" деген ескише көзқарастан ўаз кешпекте. Үйиниң алдындағы көше, мәҳәллесиндеги мектеп, бақша - ҳәммеси меники, перзентлеримдики, деген көзқарас әсте-ақырын қәлиплесип бармақта. Бурынғы дүзим дәўиринде ҳәммеси мәмлекет мүлки есапланып, оған зыян келтирген қатты жазаланатуғын еди. Кейин ала болса ҳәммеси халық мүлки екени атап өтилди, жазалар жеңиллестирилди, бирақ адамлардың санасына сиңип қалған "мәмлекеттики" деген көзқарас пүткиллей сыпырылып тасланбады. Әпиўайы мысал. Балалығымда аўылымызда мектеп көмирин урлап сатыў, жол бойындағы тут ағашын кесип, үйге алып кетиў айып емес, әпиўайы күнделикли турмысқа айланған еди. Бирақ сол инсанлардың перзентлери ыссы үйлеринен шығып келип, суўық мектепте күн бойы оқыйтуғын еди. Бүгин болса булардың бәри халық мүлки екенин ўатанласларымыз тереңирек аңлап бармақта. Жолдың бойларына өзлери терек егип атыр. "Ашық бюджет"ке усыныс киргизип, перзентлери жақсы тәрбия алыўы ушын мектеп оңлаўына даўыс жыйнаў менен бәнт. Яғный, "Ашық бюджет" сыяқлы бир қатар жаңаша механизм ҳәм жойбарлар халқымыздың дүньяға көзқарасын өзгертип, өзи емес, жәмийет раўажланыўы ушын ҳәрекет етиўине тийкар жаратпақта. Жаңа Өзбекстанды қурыўда дүньяқарасы пүткиллей өзгерген халқымыздың ўәкиллери де мәмлекетимиз қабатында жәрдемши болып үлесин қосып бармақта. Себеби олар бүгинги басламасы, ҳәрекети перзентлериниң келешегин белгилейтуғынын сезип тур.
"Ашық бюджет" жойбары және де жетилистирилип, көлеми кеңейип бармақта. Адамлардың итибары артқан сайын мәмлекет ажыратып атырған қаржы да жыл сайын көбейип бармақта. Мысал ушын, ең көп усыныслар ишки жолларды оңлаў бойынша түскени ушын, "Мениң жолым" бағдарламасы өз алдына даўысқа қойылатуғын болды.
Сондай-ақ, бүгин улыўмахалықлық ҳәрекетке айланған қоршаған орталықты сақлаў, тәбиятты, жасыллықты тиклеў, аймақларда "жасыл белбеў" жаратыў арқалы глобал экологиялық машқалаларға қарсы гүресиў жумыслары да усы механизмниң және бир мақсетине айланды. Бул бағдардағы усынысларды бир ноқатқа жәмлеген "Мениң бағым" жойбары да даўысқа қойыла басланды.
Ҳәзирги ўақытта "Басламалы бюджет", "Мениң жолым", "Мениң бақшам", "Мениң бағым" сыяқлылар ушын усыныслар қабыл етилип, даўыслар жыйналмақта. Тек ғана усы жылы "Басламалы бюджет" жойбарының биринши мәўсиминиң өзинде 10 миллион 450 мың даўыс жыйналып, 2 369 усыныс жеңимпаз деп табылды, оларды әмелге асырыў ушын 3,2 триллион сум ажыратылды.
Бир сөз бенен айтқанда, бул система арқалы ҳәр жылы кең көлемли жумыслар орынланбақта. Жеңимпаз болған усыныслар тийкарында қаншадан-қанша жол, бақша, мектеп, медицина мәкемелери оңланып, халқымызға және де сапалы хызмет көрсетип атыр. Миллионлаған даўыслардың ҳәр биринде адамларымыздың пикири, ой-пикири, нийети сәўлеленеди. Бундай дөретиўшиликлер болса өзбекстанлылардың турмыстан разы болып, абадан жасаўына және де кең жол ашады.
Бул социаллық-экономикалық процесс адамларымыздың турмысына тек ғана материаллық жақтан өз тәсирин көрсетип қоймастан, ал дүньяға көзқарасының, сана-сезиминиң жоқарылаўына да үлес қоспақта. Қәдир көрген халқымыз өзин қәдирлеўди жыл сайын үйренип бармақта. Бир ўақытлары шоу-бизнес ўәкиллери ҳәм олардың қосықларына ямаса мәҳәлле баслығы, депутатлыққа талабанларға артықша бас қатырмай даўыс берип атырған адамлар бүгин өз даўысының күшиниң әҳмийетин сезе баслады. Бул инсан мениң даўысыма мүнәсип пе, деген сораўды дәслеп өзине, кейин даўыс сорап атырған адамнан сорайды.
Келеси айда ири жәмийетлик-сиясий процесс - мәҳәлле баслықларының сайлаўы болып өтеди. Бул процесс алдынғыларынан өзгеше болады. Мәҳәлле халқы талабанлардан "Басламалы бюджет"те белсендилик көрсетиўи, кем тәмийинленген, жумыссыз пуқараларға қалай жәрдем бериўи, аймаққа жаңа Өзбекстан нәпесин алып кире алыўы ҳаққындағы сораўларға жуўап бериўи шәрт болады.
Жуўмақлап айтқанда, бул система жедел, қәўетерли заманда дүнья жәмийетшилигинде өз орны ҳәм сөзине ийе болып атырған жаңа Өзбекстанға мүнәсип адамларды қәлиплестириўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Санжар ЭШМУРОДОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы