Кешеги раўажланыў жолы бүгинги дәўирге улыўма сәйкес келмейтуғыны да әйне ҳақыйқат. Себеби, ҳәр бир дәўирдиң өзине тән раўажланыў жолы, өлшенетуғын тәрезиси болады.

Мәмлекетимиз басшысы 2023-жыл 22-декабрь күни Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң кеңейтилген мәжилисинде "Бүгин дүнья көлеминде раўажланыў пәтлери мисли көрилмеген дәрежеде жедел түс алмақта. Ҳәзирги ўақытта әзелий қәдириятлар, жәмийетлик-сиясий көзқараслар системасында терең трансформация процесслери жүз бермекте. Бурын өз мақсет ҳәм мәплерин тийкарынан дипломатия ҳәм сиясат пенен қорғап келген дүньядағы қүдиретли орайлар енди ашық-айдын басым өткериў, қарама-қарсылық ҳәм соқлығысыўлар жолына өткенине бәршемиз гүўамыз. Тилекке қарсы, бундай кең көлемли ҳәм оғада қарама-қарсылықлы процесслердиң тәсири Орайлық Азия регионы ҳәм оның қурамлық бөлеги болған мәмлекетимизди де шетлеп өтпеди. Әне усындай оғада қыйын ҳәм қәўипли жағдайда Өзбекстанның миллий мәплерине жуўап беретуғын дурыс жолды табыў әлбетте аңсат емес", деген еди.

Бул пикир ҳәр биримизди сергеклендириў менен бирге, ЖОЛ ҳаққында ойлаўға шақырады. Хош, бүгинги Өзбекстанның раўажланыў жолы қандай? Бул сораўға қысқаша жуўап бериў бирқанша қыйын мәселе. Себеби тынышсыз заманда раўажланыўды белгили бир формулаға салыўдың имканияты жоқ. Соның ишинде, ҳеш бир мәмлекет сыртқы факторлардың тәсиринен ажыралып раўажланып кетпейди. Сондай-ақ, раўажланыў жолын таңлаған мәмлекет бул факторларды шетлеп өте алмайды.

Ҳәр бир мәмлекет қәдириятларын сақлап қалыўы, тынышлықты тәмийинлеў бағдарында бас қатырыўы, миллий мәплерине сәйкес келетуғын раўажланыў жолын белгилеп алыўы зәрүр екенлиги анықланып бармақта. Бул факторлар мәмлекетимиз басшысының жоқарыдағы пикирлериниң қаншелли әҳмийетли екенин көрсетеди.

Өзбек улы Абдуқодир Ҳусановтың дүньяның ең жетекши клубларынан бирине өткени додаланбақта. Ҳәттеки, айырым туўысқан халықлардың ўәкиллери буған атап қосық та айтқанын көрдик. Ишимизде мақтаныш еттик. Елимиздеги барлық жас ҳәм кекселер бирдей мақтаныш етти. Хош, бул ўақыяның раўажланыў жолына не байланысы бар деўге асықпаң.

Бүгин миллионлаған ықласбентлерге ийе футболға тек ғана спорт түри емес, ал үлкен дәрамат дәрегине айланған тараў сыпатында да қаралмақта. Буның ҳәдисин алған мәмлекетлер академиялар ашып, жас талант ийелерин таярлап, ең белгили клубларға үлкен пайдаға трансфер етпекте. Әлбетте, өзбек футболы ерискен жетискенликлерди тән алған ҳалда, айырым кемшиликлеримиз де жоқ емеслигин айтыў керек. Сол себепли, жақын жылларға шекем елимизде бул тараў ҳаққындағы ҳәзиллер қызықшы ҳәм аскияшылардың тийкарғы темасы болды. Ҳәммениң қыялында футболымыз бир өмир усы дәрежеде қалып қоятуғындай еди. Раўажланбаўдың себеби тараў коррупцияға батқан, адамлар пул ушын перзентин қайсы бир клубқа өткерип қойғаны ҳаққында гәплер бар еди. Бирақ, бүгин Абдуқодир Ҳусанов ямаса сырт ел клубларында ойнап атырған басқа да ойыншыларымыз, Равшан Ҳайдаровтың тренерлигинде жас футболшыларымыздың еки мәрте Азия чемпионы болыўы, Олимпиада жолламасын қолға киргизиў сыяқлы бир қатар жетискенликлер бүгин бәршемизди қуўандырмақта.

Ақырында көзге түсип атырған тәбийий байлықлар, мәплер соқлығысыўына себеп болып атырған аймақлар ямаса заманагөй технологиялар менен келисимге кирисип, шешими жоқ машқалаларды шешип атырған инсанлар мысалында заман раўажланыўының гилти коррупциядан жырақ, заманагөй талапларға жуўап беретуғын билимлендириў ҳәм оның жемиси болған кадрларға байланыслы екенлиги анық болып бармақта.

Усы жерде мәмлекетимиз басшысының сол мәжилистеги шығып сөйлеген сөзин және бир келтирип өтсек: "...мәмлекетимиз өз раўажланыўының жаңа, жоқары басқышына кирип атырған ҳәзирги ўақытта бизге жадид бабаларымыз сыяқлы Батыс илим жетискенликлери менен бирге, миллий қәдириятлар руўхында тәрбияланған жетик кадрлар суў менен ҳаўадай зәрүр. Бирақ оларды ким тәрбиялайды? Әлбетте, өзимиз тарийх сабақлары, заман талаплары тийкарында тәрбиялаўымыз зәрүр".

Мәмлекетимизде билимлендириўге түрли тараўлардың раўажланыўы, жаңа цивилизация дәўирине қәдем таслаўдың тийкарғы өлшемлеринен бири сыпатында үлкен итибар қаратылмақта. Оқытыў системасын раўажландырыў Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыўдағы дәслепки қәдем деп жәрияланғаны да әйне ҳақыйқат.

Жоқары билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясының қабыл етилгенлиги де әҳмийетли ўақыялардан болып есапланады. Бул ҳүжжетте жоқары билимлендириўдиң қамтып алыўын кеңейтиў, оқытыў сапасын арттырыў, тараўда санлы технологияларды избе-из енгизиў, алдынғы халықаралық стандартларды қолланыў, қысқасы, дәўир талабына сай кадрлар таярлаў мақсети гөзленген.

Әлбетте, қарарлар менен бирге әмелий нәтийжелерге де ерисилмекте. Тек ғана өткен дәўирде 25 мыңнан аслам жеке меншик бақша, 70 ге шамалас мәмлекетлик емес жоқары оқыў орны шөлкемлестирилип, қамтып алыў мектепке шекемги билимлендириўде - 74 проценттен, жоқары билимлендириўде болса - 39 проценттен артқаны да буны дәлиллейди.

Тарийхқа нәзер салыў жүрекке ийне шаншыў менен тең, дейди. Илимсизлик, раўажланыўдан артта қалыў машақатын халқымыз да басынан кеширген. Арзымаған пул ушын суўықта атызда пахта терип жүрген балаларды, кекселерди, ҳаялларды көз алдыңызға келтириң... Пахтаны арзан сатып, және еки есе қымбатына таяр өним ҳалында сатып алғанымыз ше?

Дәўирдиң бундай аўыр күнлерин көз алдыңызға келтирсеңиз, бүгин жас өзбек жигитиниң дүньяның ең күшли клублары арасында ойнай баслағанын ойлап кеўлиң толады. Бул киши, бирақ үлкен шаўқымға себеп болған ўақыя мысалында бир жағдай анықласып баслайды. Биз раўажланыў гилтлерин экспорт ете басладық. Олар Өзбекстанның бүгинги раўажланыў жолын ашып береди.

Бундай өзбек жаслары басқа тараўларда да ел байрағын көтерип, миллеттиң атын улығлап жүргенине көплеген мысаллар келтириў мүмкин. Мақаладан мақсетке муўапық жетискенликлер менен бирге мәмлекет жолы бир ғана адамның ямаса мәмлекеттиң емес, ал жәмийеттиң ийниндеги миннет ҳәм мақсет екенлигине тоқтап өтиў болып табылады. Бәринен бурын, ҳәр бир жәмийетти алдыға ийтермелейтуғын, бирлестирип туратуғын күш идея болып есапланады.

Мәмлекетимиз басшысы "Раўажланыўдың тырнақ тасы да, мәмлекетти қүдиретли, уллы ететуғын күш те илим, билимлендириў ҳәм тәрбия" деген идеяны алға қояр екен, раўажланыўдың бирлемши факторы тек ғана билимлендириў тараўындағы реформалар емес, ал бас фактор болған тәрбияға да байланыслы екенлиги анықланады.

Гейде көшеде, социаллық тармақларда биз қашан раўажланамыз, деп раўажланған мәмлекетлерде жаратылып атырған шараятларға итибар берип атырғанларды көрип қаламыз.

Келин, нишанды өзимизге де қаратып көрейик. Перзентин оқыўға шақырған оқытыўшының жеңинен тартып, судланғанлар арамызда жоқ па ямаса балаларын кишкенелигинен турмыслық машқалаларына батырған, өзи бас көтермейтуғын телефоннан балаларды узақластырыў ушын аўызша сораўға тутатуғын ямаса социаллық тармақтағы жеңил-желпи турмысқа перзентлериниң үйренисип атырғанын үндемей бақлап атырған тәрбия, десек тек урысыўды ғана түсинетуғын ата-аналар ше? Балаларына үлкен-үлкен тойлар жасап атырған, ақыр соңында бир күнлик той ушын қарызға батып, ел гезип күн көриў ушын жүргенлер жоқ па? Ақыр-ақыбетинде әкесиниң қатнасынан, тәрбиясынан бийхабар өскен балалардан қандай кадрлар шығыўын күтпектемиз? Әдиллик ҳаққында сөйлеўден бурын тәрезини дурыс услаўды үйрениўимиз керек ғой...

Жақында аўылласлар гүрриңинде қатнастым. Дәўирлеслерден бири аўылымыздағы Элбек ағаның баласы Японияға оқыўға кеткенин айтты. Кеше ғана Ташкент дегенде ҳәўес пенен қарайтуғын үлкен жастағылар "Бир көрсем әрманым жоқ", дейтуғын инсанлардың перзенти дүньяның ең раўажланған мәмлекетинде оқыўға кететуғынын ойлап көриң.

Сол жигиттиң ата-анасының социаллық жағдайын жақсы билемен. Соның өзи белгили, ата-анасында баласын ең жақсы мектепте оқытыўға имканият, жарақ-жарақ пул жоқ еди. Бул баладағы талант пенен бирге, тәрбияның күши болса керек.

Мәмлекетимиз басшысының жоқарыда атап өтилген идеясының әмелий нәтийжесин көриў тек ғана билимлендириў тараўындағы реформалар, тәрбия бағдарында да адамлардың жуўапкершилигине емес, ал мәмлекет ҳәм жәмийет арасындағы исеним көпириниң беккемлигине байланыслы. Сонда ғана раўажланыў жолында толық ҳәрекет етемиз. Жәмийетте ашық-айдын орталық жүзеге шығыўына бәршемиз үлес қосамыз. Себеби, шайыр айтқанындай, "Ашық мәнзиллердиң бесиги - исеним".

Сардор ТОЛЛИБОЕВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы