Ерисилген келисимге муўапық, сырт елли инвестор тәрепинен НИТУ МИСИС филиалы тийкарында улыўма баҳасы 2,1 миллион АҚШ долларынан аслам болған жасалма интеллектти енгизиў арқалы бүгинги күндеги ең алдынғы оқыў-билимлендириў IТ лаборатория платформасы жаратылды.
Бул IТ лаборатория платформасы жер асты кәнлерин режелестириў ушын арнаўлы ислеп шығылған шешим болып, инженерлерге барлық деталларды есапқа алған ҳалда реал ҳәм орынлаў мүмкин болған режелерди жаратыўға жәрдем береди. «Micromine» компаниясының заманагөй технологиялары ҳәм арнаўлы жасалма интеллект қуралларынан пайдаланған ҳалда қурамалы жер асты шараятларын жоқары анықлықта моделлестирип, планластырыўға фундаментал қатнасты қолланыў имканиятын береди.
Берилген имканиятлар студентлерге заманагөй кәсиплик программалық тәмийнат пенен ислесиў имканиятын береди, кәншиликтиң мәлимлеме технологияларын билиўде таярлық сапасын ҳәм питкериўшилердиң мийнет базарында, сондай-ақ, пүткил тараўда бәсекиге шыдамлылығын арттырады.
Сырт елли инвестор ўәкиллери жоқары оқыў орнының билимлендириў ҳәм илимий инфраструктурасын раўажландырыўды инвестициялық қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, таў-кән санаатында бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм санлы имканиятларды кеңейтиўге буннан былай да таяр екенлигин билдирди.
Австралияның «Micromine» компаниясы 1986-жылы шөлкемлестирилген болып, бүгинги күнде таў-кән санаатының геологиялық-излеў жумысларынан баслап, кәнлерди режелестириўге шекемги барлық шынжырлары ушын IТ бағдарламаларының дүньядағы ең ири жеткерип бериўшиси есапланады. Компания 90 нан аслам мәмлекетте жумыс алып барады, 50 ден аслам кән ҳәм 3 мың түрли жойбарлар бар. Соның ишинде, ЕА, Америка, Африка ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери, сондай-ақ, Россия, Австралия, Канада, Уллы Британия, АҚШ ҳәм басқа да мәмлекетлерде.
Еслетип өтемиз, "МИСиС" НИТУдың Алмалық филиалы 2018-жылы Өзбекстан ҳәм Россия Президентлериниң басламасы менен шөлкемлестирилген еди. Филиалды шөлкемлестириў Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 27-июльдеги ПҚ-3153-санлы ҳәм 2018-жыл 11-майдағы ПҚ-3714-санлы қарарлары менен рәсмийлестирилген.








