баннер
18 Mar 2025
17:53

    Автобуслар ушын ажыратылған полосасы бар жолдан транспорт қуралларының ҳәрекетлениўи жәриймаға себеп болады

    Егер тап усындай ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин бир жыл даўамында қайтадан исленсе, БЕМниң үш есеси муғдарында жәрийма қолланылады.

    Сенаттың гезектеги жалпы мәжилисинде "Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине жолларда ҳәрекетлениў қәўипсизлигин тәмийинлеўге және жәмийетлик транспорттан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы нызам көрип шығылды.

    Мәмлекетимизде тығылыс машқаласы халық ушын, әсиресе, пайтахтымызда ең әҳмийетли машқалаға айланбақта. Соңғы 2-3 жылда Ташкент қаласында 7-9 баллық тығылыслар ҳәр күни бақланып атырған болса, айырым ўақытлары бул жағдай 10 баллға шекем көтерилмекте. Бул болса жолларда ашыўшақлық ҳәм келиспеўшилик жағдайларына, жолаўшы ҳәм айдаўшылардың саатлап ўақыт жумсалыўына себеп болмақта.

    Сол себепли жолларда тығылысты азайтыў ҳәм халыққа қолайлықлар жаратыў мақсетинде жәмийетлик транспортқа үстинлик бериў бағдарында әмелий илажлар көрилмекте.

    Атап айтқанда, Ташкент қаласында автобуслар саны соңғы 2 жылда 2 есеге артты. Олар ушын өз алдына жоллардың шөлкемлестирилиўи нәтийжесинде автобуслардың қатнаўдағы аралық интервалы 2 есеге қысқарды. Жолаўшылар саны 2 есеге өсип, күнлик пайдаланыўшылар саны 1 млн жолаўшыға жетти.

    Бирақ нызамшылықтағы бослықлар жәмийетлик транспорттан пайдаланыў нәтийжелилигиниң сезилерли төменлеўи, қатнаўдың турақлылығы ҳәм жәмийетлик транспорттың еркин ҳәрекетлениўине унамсыз тәсир көрсетпекте.

    Қала автомобиль жолларында жәмийетлик транспорт ушын өз алдына жоллар ажыратылып, басқа транспорт қуралларының ҳәрекети қадаған етилген болса да, олардың усы жолларда ҳәрекетлениўи даўам етпекте.

    Әмелдеги нызамшылықта жәмийетлик транспорт ушын өз алдына ажыратылған жолларда ҳәрекетленген транспорт қуралларының айдаўшылары ушын жуўапкершилик илажлары нәзерде тутылмаған.

    Соның менен бирге, айдаўшылардың транспорт қуралларын велосипед жоллары, тротуарлар ҳәм жасыл аймақ майданларында басқарыўы көплеп бақланбақта ҳәм бул аймақларда ҳәрекет қатнасыўшыларының қәўипсизлигин исенимли тәмийинлеўге унамсыз тәсир көрсетпекте.

    Жолларда ҳәрекетлениў қәўипсизлигин тәмийинлеўге унамсыз тәсир көрсетиўши факторлардан және бири жасалма тосықлар орнатыў, жолды тосып қойыў жағдайлары болып есапланады.

    Пуқаралар өз жасаў аймақларындағы көшелерде нызамсыз түрде жасалма тосықлар орнатыўы, жолды тосып қойыў арқалы ҳәрекетти шеклеген ҳалда халыққа қыстаўлы хызмет көрсетиўши ҳәм арнаўлы транспорт қуралларының ҳәрекетине тосқынлық етпекте.

    Бул бағдардағы машқалаларды шешиў мақсетинде ислеп шығылған бул Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске жаңа 1287-статья киргизилип, жәмийетлик транспорт ушын айрықша ажыратылған жолларда ҳәрекетлениў қағыйдаларын бузғаны ушын жуўапкершилик белгиленбекте.

    Соның ишинде, жөнелисли транспорт қураллары ушын өз алдына ажыратылған жолы бар жолдан транспорт қуралларының ҳәрекетлениўи - базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында, тап усындай ҳуқықбузарлықты ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин бир жыл даўамында қайтадан ислесе - базалық есаплаў муғдарының үш есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болатуғыны белгиленбекте.

    Соның менен бирге, Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 128-статьясының атамасы ҳәм биринши бөлиминиң диспозициясы жаңа редакцияда берилмекте.

    Буннан былай айдаўшылардың транспорт қуралларын тротуарлардан, пиядалар ҳәм велосипед жолларынан, жасыл майданлардан ҳәрекетлендиргени, жол белгилери ҳәм жол ҳәрекетиниң басқа да қағыйдалары талапларына әмел етпегени ушын жуўапкершилик белгиленбекте.

    Сенаторлардың атап өткениндей, Нызамның қабыл етилиўи жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеўге, жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыўға, жолларда жәмийетлик транспорттың ҳәрекетлениўи ушын қосымша қолайлықлар жаратылыўына хызмет етеди.

    Додалаўдан соң Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech