Нызам менен айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.
Нызам менен айырым нызамларға өзин парламенттеги оппозиция деп жәриялаған сиясий партия фракциясына бир қатар қосымша ҳуқықлар бериўди нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилди.
Нызам ҳүжжетлерине киргизилген өзгерислерге бола, өзин парламенттеги оппозиция деп жәриялаған сиясий партия фракциясы төмендеги ҳуқықларға ие болыўы нәзерде тутылды:
- өз ўәкиллери Нызамшылық палатасының 1 комитет баслығы ҳәм 2 комитет баслығының орынбасары лаўазымларын кепилликли иелеўи;
- нызам жойбары екинши оқыўда көрип шығылғанша да усы мәселеге байланыслы нызам жойбары ямаса оның структуралық бөлиминиң альтернатив редакциясын киргизиў;
- ҳәр шеректе "ҳүкимет сааты" ҳәм парламент сораўы шеңберинде мәселе киргизиў.
Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.








