Кейинги жылларда халықты
қолайлы, қәўипсиз ҳәм экологиялық таза жәмийетлик транспорт пенен тәмийинлеў
бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, кейинги үш
жылда пайтахтымыз ҳәм ўәлаят орайларына 2 мың 650 заманагөй электробус ҳәм
автобуслар алып келинди. Брутто-шәртнама тийкарында 279 турақлы жөнелис
шөлкемлестирилди. Биринши мәрте бул мақсетлер ушын бюджеттен жылына дерлик 2
триллион сум ажыратыў жолға қойылды.
Нәтийжеде жөнелислерде қатнайтуғын автобуслардың саны
3 мың 150 ге жетти. Күнлик рейслер саны 2022-жылдағы 18 мыңнан 45,2 мыңға,
жолаўшылар ағымы болса 900 мыңнан 2,3 миллионға көбейди. Бул арқалы 4 мың 800
жаңа жумыс орны жаратылды.
Презентацияда жәмийетлик транспортты буннан былай да
раўажландырыў бойынша ўазыйпалар көрип шығылды. Урбанизация процесслериниң
жеделлесиўи ҳәм халықтың транспорттағы белсендилигиниң кескин артыўы
нәтийжесинде пайтахт ҳәм ўәлаят орайларының шетки аймақларындағы қалаларға
кириў орынларында ҳәрекетлениў 30 процентке артқаны атап өтилди.
Усы мүнәсибет пенен қалалық жәмийетлик транспортты
бирден-бир агломерация системасына өткериў усыныс етилди. Онда қалалардан 12
километрге шекемги аралыққа қатнайтуғын автобус жөнелислери де брутто-шәртнама
системасы менен қамтып алынады.
Атап айтқанда, пайтахтымыз бенен Ташкент ўәлаятының
Назарбек, Минерал суўлар ҳәм Үш қаҳарман елатлы пунктлери арасында транспорт
қатнаўын жолға қойыў арқалы автомобильлер ағымын кеминде 20 процентке қысқартыў
мүмкин екенлиги атап өтилди. Улыўма, пайтахтта 19, ўәлаят орайларында 79
усындай жөнелис шөлкемлестириў режелестирилген.
Пайтахт жәмийетлик транспорты ҳәм қала әтирапындағы
темир жолларды өз-ара байланыстырыў мақсетинде "электропоезд -
автобус," "электропоезд - метро" сыяқлы қолайлы тарифлерди енгизиў
усыныс етилди.
Сондай-ақ, ўәлаят орайларындағы жәмийетлик
транспорттың ҳәрекетлениўши қурамын жаңалаў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Есап-санақларға бола, аймақларда қосымша 1 мың 500 үлкен ҳәм орта
сыйымлылықтағы автобусларға талап бар. Бул бағдарда заманагөй автобуслар сатып
алыўды хошаметлеў, исбилерменлерге финанслық имканиятларды кеңейтиў, кредит
линияларын иске қосыў бойынша усыныслар билдирилди. Атап айтқанда,
исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде автобусларды импорт етиўде
утилизация жыйымынан азат етиў мүддетин және 2 жылға созыў усыныс етилди.
Презентацияда автобус басқарыўшылары ушын мүнәсип ҳәм
қәўипсиз мийнет шараятларын жаратыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Атап
өтилгениндей, бүгинги күнде айырым айдаўшылардың жумыстан артықша ислеўи хызмет
сапасына унамсыз тәсир көрсетпекте. Өткен жылы тек ғана пайтахтымызда
айдаўшылардың минез-қулқы ҳәм оларға хызмет көрсетиў менен байланыслы халықтан
1 мың 670 шағым келип түскен. Буннан тысқары, автобуслар қатнасыўында 109
жол-транспорт ҳәдийсеси жүз бергени атап өтилди.
Бул бағдарда брутто-шәртнама системасын жетилистириў,
ҳәр бир автобустағы айдаўшылардың санын 2 адамнан 3 адамға жеткериў, ҳәрекет
қәўипсизлигин тәмийинлеў илажларын күшейтиў ҳәм хызмет көрсетиў мәдениятын
арттырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Жәмийетлик транспорт тараўында орынланған жумыслардың
көлеми ҳәм сапасын баҳалаў ушын ҳәр бир аймақта диспетчерлик орайлары
шөлкемлестирилди. Нәтийжеде рейслердиң 90 проценти қатаң график тийкарында
әмелге асырылатуғын болды.
Енди бул орайларда жасалма интеллект технологияларын
енгизиў есабынан автобуслардың ҳәрекетин жолаўшылар ағымына тең ҳалда
шөлкемлестириў усыныс етилди. Бул бир жолаўшыны тасыўдың өзине түсер баҳасын
10-15 процентке азайтыў имканиятын береди.
Мәмлекетимиз басшысы жәмийетлик транспортты
раўажландырыўда тек ғана халық тығыз жайласқан қалалар емес, ал туристлик
орайларды да қамтып алыў зәрүрлигин атап өтти.
Самарқанд ҳәм Наманган қалаларын "миллионлы
қалалар"ға айландырыў бойынша белгиленген мақсетлерден келип шығып, бул
аймақларда халық ҳәм туристлер ушын заманагөй "жасыл транспорт"
жөнелислерин кеңейтиў бойынша анық мастер-реже ислеп шығыў тапсырылды.
Кейинги жыллары Хийўа қаласына туристлер ағымы 3
есеге көбейип, қолайлы жәмийетлик транспортқа талап кескин артқаны атап өтилди.
Соның ушын Хийўа, Шаҳрисабз, Марғилан ҳәм Қоқанд сыяқлы ири туризм орайларында
да жәмийетлик транспортты раўажландырыў бағдарламаларын иске қосыў зәрүр
екенлиги атап өтилди.
Президентимиз жәмийетлик транспорт халықтың
күнделикли турмыс сапасына, қалаларда ҳәрекетлениў мәдениятына, экологиялық
жағдайға, экономикалық белсендиликке тиккелей тәсир ететуғын әҳмийетли тараў
екенин атап өтип, транспорт хызметлериниң қолайлығы ҳәм қәўипсизлигин арттырыў,
агломерациялық қатнас тийкарында жөнелислерди кеңейтиў, тараўға санластырыў ҳәм
жасалма интеллектти енгизиў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.