2025-жыл 1-августтан күшке киретуғын миллий нызамшылықтағы тийкарғы өзгерислер бойынша шолыў Norma.uz тәрепинен усыныс етилди.
Мийнет ҳақы ҳәм стипендиялар арттырылады
Бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақысы және студентлер ҳәм оқыўшылардың стипендиялары 10 процентке арттырылады.
Бунда:
мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдары - айына 1 271 000 сум;
базалық есаплаў муғдары - 412 000 сум етип белгиленеди.
Жарылыўшы затлар менен ислеў ушын лицензия - АЖМ менен келисилген ҳалда
Ендигиден былай жарылыўшы ҳәм қәўипли затлар, жарылыўшы қурылмаларды:
жаратыў,
өндирис,
тасыў,
сақлаў,
реализациялаў (сатыў)
бойынша лицензияларды бериўде Айрықша жағдайлар министрлиги (АЖМ) менен мәжбүрий келисиў талап етиледи.
Жер асты байлықларынан пайдаланыў қағыйдалары бузылғанлығы ҳаққындағы хабарлар ушын сыйлық төленеди
"Геомониторинг" мәлимлеме системасы арқалы:
жер асты ресурсларынан пайдаланыў қағыйдалары бузылыўы сәўлеленген фото ҳәм видео материалларды жибериў;
усынылған мағлыўмат ушын ақшалай сыйлық алыў мүмкин болады.
Майыплығы болған шахслар ушын жумыс орынлары резерви енгизиледи
"Бирден-бир миллий мийнет системасы" мәлимлеме бағдарламасында майыплығы болған шахслар ушын жумыс орынларын резервлеў системасы енгизиледи.
Шөлкемлер электрон дизимге тийкарланып, майыплардың физикалық жағдайы, имканиятлары ҳәм маманлығына қарап, өз жайласқан мәнзилинде жумыс орынларын резервлеп береди.
Азық-аўқат өнимлерине мәжбүрий стандартлар бийкар етиледи
Буннан былай азық-аўқат өнимлери ушын мәжбүрий стандартлар орнына Кодекс Алиментариус стандартлары тийкарында санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳәм гигиеналық нормаларға әмел етиў талап етиледи.
Мәмлекетлик уйымларда дене тәрбия ҳәм дене салмағы индекси қадағалаўы енгизиледи.
Ҳәр бир жумыс күнинде мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде дене тәрбия илажлары өткериледи. Хызметкерлердиң дене салмағы индекси турақлы өлшенеди ҳәм бул мағлыўматлар hrm.argos.uz платформасында турақлы түрде жәрияланып барылады.
Айырым шаңарақларға бақша ушын төлем компенсация етиледи
Компенсация қаржылары мәмлекетлик бюджет есабынан ажыратылады ҳәм жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине бағдарланады.
Қабыл етилген студентлер ҳаққындағы мағлыўматлар HEMIS системасына жайластырылыўы шәрт
Барлық жеке меншик жоқары билимлендириў мәкемелери студентлерди қабыллаў буйрығын Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң HEMIS бирден-бир мәлимлеме системасында дизимнен өткериўи шәрт. Ақырғы мүддет - ағымдағы оқыў жылының 1-октябринен кешикпеўи керек.








