Қарар менен республика аймақларында майлы егинлер туқымларын жетистириўге қәнигелестирилетуғын районлар тастыйықланды.
Қарарға бола, аймақлардың топырақ-ықлым шараятынан келип шыққан ҳалда, аўыл хожалығына мөлшерленген суўғарылатуғын майданлардың 5 процентине шекем алмаслап егиў системасында майлы егинлер егиўге рухсат бериледи.
Айғабағар егининиң топырақ өнимдарлығына тәсирин есапқа алып, тийкарғы ҳәм тәкирарый майданларға егилген айғабағардан кейин сидерат егинлерин егиў ҳәм топырақ астына сүриў әмелияты қолланылады.
Қайта ислеўши май кәрханалары менен өним жетистириўши субъектлер арасында майлы егинлер өнимин сатып алыў бойынша шәртнамалар "Агроплатформа" мәлимлеме системасы арқалы дүзиледи.
2026-жыл өниминен баслап, майлы егинлер жетистирилетуғын майданлардың анық есабы жүргизиледи ҳәм усы егин майданларының 500 гектарында илимий тийкарланған алмаслап егиў системасы енгизиледи.








