"Автомобильсиз күн" неге ғалабаға айланбай атыр?

    2024-жылдың март айынан баслап ҳәр айдың төртинши сәршембиси күни пайтахтымызда автомобильлер ҳәрекетин (жәмийетлик транспортлар, арнаўлы ҳәм қыстаўлы жәрдем хызметлеринен тысқары) қысқартыўға қаратылған "Автомобильсиз күн" жәмийетлик жойбары өткерилип келинбекте.

    "Автомобильсиз күн" жойбарында министрликлер ҳәм уйымлар, аймақлық атқарыўшы ҳәкимият уйымларының басшы ҳәм жуўапкер хызметкерлери жумыс орнына жәмийетлик транспортта келип, үлги көрсетип барыўы көрсетилген.

    Бул жойбардан гөзленген тийкарғы мақсет қала орталығын саламатландырыў, атмосфераға шығарылатуғын зыянлы газлер муғдарын азайтыў, жоллардағы тығылыслардың алдын алыў ҳәм пуқараларды пияда жүриў ҳәм экологиялық таза транспорт қуралларынан пайдаланыўға шақырыў болып есапланады. Бирақ гөзленген мақсетлерге қарамастан, жойбар күтилгениндей ғалаба ен жаймай атыр. Хош, буның тийкарғы себеплери неде?

    Жәмийетлик транспорт инфраструктурасында

    кемшиликлер бар

    Ҳәр күни жеке автомобильде жумысқа қатнайтуғын адам ушын жәмийетлик транспортта жумысқа барып келиў сезилерли қыйыншылықларды пайда етеди. Соңғы жыллары жәмийетлик транспорт системасын жетилистириў бойынша көплеген басламалар әмелге асырылған болса да, атап айтқанда, автобуслардың ҳәрекетлениўинде елеге шекем кемшиликлер бар.

    Өзим ҳәр күни пайтахттың Янгиҳаёт районынан Яшнабад районына жумысқа қатнайман. Жумысқа жетемен дегенше үш мәрте транспорт алмастырыўыма туўра келеди. Ўақытқа бөлсек, оған шама менен бир сааттан аслам ўақыт сарыплайман. Бирақ гейде зәрүрлик туўылғанда таксиден пайдаланғанымда бул мүддет ярым сааттан көбирекке қысқарады. Бул жеңил автомобильдиң тезирек жүриўине емес, көбирек үш мәрте транспорт алмастырыўыма кететуғын ўақытқа байланыслы болады. Есаплап көрсем, бир транспорттан түсип кейингисин күтиўим, оған минемен дегенше орташа 7-8 минут кетеди.

    Демек, үйден жумысқа шекем бир автобуста жетип келе алсам, мүддет жеңил автомобильдеги менен дерлик бирдей болады. Бул болса елеге шекем автобус жөнелислериниң пуқта режеси ислеп шығылмағанына дәрек береди.

    Жеңилликлер системасы ойланып көрилиўи керек

    Жеңиллик - ҳәр қандай социаллық миннетлемелерди шынығыўға айландырыўда ең исенимли қолланбалардан бири. Бул адамзат тәжирийбесинен де жақсы белгили. Себеби инсан ой-пикири көбирек нәтийжеге ерисиў ушын кемирек мийнет етиўге бейимлеседи. Мениңше, "Автомобильсиз күн" жойбарын ғалаба ен жайдырыўда да жеңилликлердиң енгизилиўи жақсы нәтийже береди. Бул, сондай-ақ, жойбардың көпшилик тәрепинен кеңнен додаланыўына да себеп болады. Хош, бул жеңилликлер қандай формаларда болыўы керек?

    Бүгин көшелерде электрде ҳәрекетленетуғын велосипед ҳәм скутерлерди ҳәр дайым ушыратамыз. Бирақ олардан пайдаланыў баҳасы таксидикинен онша көп парық қылмайды. Бирақ олардың атмосфераға тәсири пүткиллей басқаша: электроскутерлер қаншелли зыянсыз болса, автомобильлердиң унамсыз тәсири соншелли жоқары.

    Соннан келип шығып, "Автомобильсиз күн"де электроскутерлер баҳасына сезилерли шегирмелер берилиўи мақсетке муўапық.

    Сондай-ақ, шөлкемлер "Автомобильсиз күн"де жумысқа пияда ямаса жәмийетлик транспорт арқалы келген хызметкерлерди хошаметлеў системасын жолға қойыўы мақсетке муўапық. Мәселен, айырым мәмлекетлерде "Car-free day" себепли усы категориядағы хызметкерлерге қосымша үстемелер берилиўи нәзерде тутылған.

    "Автомобильсиз күн"де жәмийетлик транспортлар да шегирмелер берилсе мақсетке муўапық. Бул қун жағынан онша пайдалы болмаса да, адамлардың руўхый дүньясында жәмийетлик транспортқа көз қарасын оятыўы менен әҳмийетли.

    Қәўипсиз ҳәрекетлениў орталығы тәмийинлениўи керек

    Қалаларда автотранспорт қуралларының көбейиўи олар менен жүз беретуғын кеўилсиз жағдайлардың санын да арттырады. Бул, биринши гезекте, пиядалар және велосипед ҳәм скутерде ҳәрекетлениўди салыстырмалы қәўипли процесске айландырып қояды.

    Ашығын айтыў керек, пайтахтымыздағы көпшилик көшелерде жеңил ҳәрекетлениў қуралларынан пайдаланыў имканияты сезилерли дәрежеде аз ямаса жоқ есапланады. Айырым көшелерде ҳәттеки пиядалар жолы жоқ екенлигине де гүўа болғанбыз. Бир танысым күнделикли қәрежетлерин азайтыў мақсетинде велосипед сатып алғаны, бирақ, әсиресе, қаланың шетки аймақларында ҳәрекетлениў имканиятлары болмағаны ушын, оны сатып жибергени ҳаққында айтып берген еди.

    Сондай-ақ, айырым пиядалар жоллары соншелли тар қурылған, егер пияда ҳәм велосипедтеги адам дусласып қалса, олардан бири жолдан төменге түсип, жол бериўине туўра келеди. Велосипед ҳәм скутерлер менен автомобиль жолларында ҳәр қашан да ҳәрекетлениў мүмкин емес. Бунда ҳәрекетлениў көшениң дүзилисинен келип шығып белгиленеди. Усы жерде жуўапкерлер қала жолларының усындай жеңил ҳәрекетлениў қуралларына сәйкеслигин қайта көрип шығыўы ҳәм кемшиликлерди сапластырыўы мақсетке муўапық болар еди.

    Үгит-нәсиятсыз тәртип болмайды

    Үгит-нәсият - қүдиретли қурал. Оның күшинен пайдаланып, жақсылықты да, жаманлықты да халықтың сана сезимине сиңдириў мүмкин. Үгит-нәсиятлаўдың тийкарғы басқышы додалаўлар пайда етиў болып есапланады. Инсанда не көп талқыланса, ол ядында сонша жақсы қалады. Сол себепли үгит-нәсиятлаў мәселелери көбинесе белгили шахслардың мойнына жүкленеди. Себеби, бундай инсанлардың ҳәр қандай ис-ҳәрекети тез тилге түседи, оларға еретуғынлар да көп табылады.

    Алдымызға "Автомобильсиз күн" жойбарын социаллық әдетке айландырыў мақсетин қойған екенбиз, оның үгит-нәсияты да соған жараса болыўы керек. Себеби, "Автомобильсиз күн" жәмийетлик жойбарында да, жоқарыда атап өткенимиздей, министрликлер ҳәм уйымлар, аймақлық атқарыўшы ҳәкимият уйымларының басшы ҳәм жуўапкер хызметкерлери жумыс орнына жәмийетлик транспортта келип, үлги көрсетип барыўы белгиленген. Бирақ бул тәртипке қаншелли әмел етилмекте?

    Үмит етемиз, жойбардың дәслепки басқышында социаллық тармақлар арқалы оны жедел үгит-нәсиятлай баслаған ел нәзериндеги адамлар бул ийгиликли әдетлерин және даўам еттиреди.

    Үгит-нәсиятлаўдың және бир нәтийжели усылы - рекламалардан ақылға уғрас пайдаланыў. Итибар берсеңиз, ҳәр күни қатнайтуғын жолымыздағы үлкен баннерде қайсыдур көркем өнер ғайраткериниң коньцерт бағдарламасы ҳаққында дағаза турады. Биз оны ҳәр күни көре бергенимизден ерксиз түрде коньцерт өткерилетуғын сәне ядымызға түсип кетеди. Бирақ не ушын адамлар көп көшелерде "Ҳәр айдың ақырғы сәршембиси - "Автомобильсиз күн" мазмунындағы рекламаға көзимиз түспейди? Егер усындай баннерлер қаланың халық көп жыйналатуғын орынларына орнатылса, көплеген ўатанласларымызға оның мүддети яд болып кеткен болар ма еди?!

    Жуўапкерлер баслама көрсетсе - әйне мақсетке муўапық

    "Автомобильсиз күн" бойынша дүнья тәжирийбесин алып қарасам, айырым мәмлекетлерде әйне усы күни ЖПХ хызметкерлери тәрепинен көпшилик көшелер жабылып, пиядалар, велосипед ҳәм скутерде ҳәрекетлениўшилерге бейимлестириў әмелиятының бар екенлигиниң гүўасы болдым. Буннан гөзленген тийкарғы мақсет қалада автомобильсиз де қолайлы ҳәрекетлениў мүмкин екенлигин халыққа түсиндириў болып есапланады екен. Биздеги жуўапкер тараўлар да бул ҳаққында ойланып көрсе, нур үстине нур болар еди.

    Ҳақыйқатында да, "Автомобильсиз күн" - жәҳән тәжирийбесинде әзелден бар болған ҳәм өзин ақлаған социаллық жойбар болып есапланады. Қәнигелер әне усы бир күнде атмосфераға қанша пайда болатуғынын да есаплап шыққан. Мәмлекетимизде бул жойбар салыстырмалы жас, бирақ оның ғалаба ен жайыўы сиз бенен бизге, пүткил жәмийетшиликке жүдә пайдалы. Солай екен, пайдасыз жойбарлар қатарына кирип, умытылып кетпесинен алдын оны социаллық әдетимизге айландырып алайық. Буннан өзимиз де, келешек әўлад та миннетдар болатуғынына гүман жоқ.

    Жонибек АЛИЖОНОВ,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы


    No date selected
    June 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates