Әҳмийетли бағдарлар жойбарлаў офислери арқалы әмелге асырылады. Администрация жумысында "комплаенс" системасы жолға қойылады. Бул болса ашық-айдынлықты тәмийинлеў, орынлаў тәртибин беккемлеў ҳәм коррупция жағдайларының алдын алыўға хызмет етеди.
Айырым бағдарларда Президент ўәкиллери лаўазымлары енгизилди. Сондай-ақ, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигиниң жумысы сапластырылып, оның тийкарында Миллий контент ислеп шығарыўшы орай шөлкемлестирилмекте.
Мәмлекетлик уйымлардың жәмийетшилик алдындағы есап бериўи арттырылмақта. Баспасөз хаткерлери институты және де беккемленеди, халық пенен байланыс ҳәм ғалаба хабар қураллары менен ислесиўдиң жаңа системасы енгизилмекте.








