Нызамға бола, шахслардың жасаўы ушын турақ жай майданын бериўши турақ жай мүлк ийеси ямаса оны басқарыў ҳуқықына ийе шахс бул шахсларды жасаў орны ямаса турған жери бойынша өз ўақтында дизимнен өткериўи керек.
Жайластырыў қуралларында турған шахсларды турған орны бойынша хабардар етиў тәртибинде дизимге алыў жуўапкер хызметкерлер тәрепинен “E-mehmon” системасы арқалы әмелге асырылады.
Сырт елде турақлы жасайтуғын Өзбекстанның пуқаралары Өзбекстанға кирген күннен 10 жумыс күнинен кешикпей жасаў орны ямаса турған жери бойынша дизимнен өтиўи шәрт.
Өзбекстан пуқараларын жасаў орны бойынша дизимге алыў төмендегилерде әмелге асырылады:
- ишки ислер уйымларының миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимлеринде;
- мәмлекетлик хызметлер орайларында;
- БИМХП (my.gov.uz) арқалы.
Жасаў орны ҳәм турған орны бойынша дизимнен өткериўде турақ жай майданының социаллық нормасына әмел етиў талап етиледи.








