Онда Иран, Өзбекстан, Тәжикстан, Қырғыз Республикасы ҳәм Түркменстан ҳаял-қызлар футзал сайланды командалары өз-ара күш сынасты.
Жарыс даўамында Өзбекстан ҳаял-қызлар футзал сайланды командасы биринши турда Иранға қарсы өткен ойында жеңилиске ушыраған болса да, Түркменстан сайланды командасын 6:3, Тәжикстан сайланды командасын 8:1 есабында жеңди. Соңғы ойында өзбекстанлы футзалшы қызлар Қырғызстан менен 4:4 есабында теңбе-тең есапқа ийе болды.
Бул нәтийже арқалы футзал бойынша Өзбекстан ҳаял-қызлар сайланды командасы “CAFA Womenʼs Futsal Championship – 2025” жарысында екинши орынды ийеледи. Жарыстың алтын медаллары Иранға несип еткен болса, бронза медалы қырғызстанлы футзалшыларға несип етти.
Мағлыўмат орнында: төртинши мәрте шөлкемлестирилип атырған бул жарысқа 2022-2024-жыллары Тәжикстан, 2023-жылы болса Өзбекстан басшылық еткен. Бул өткен үш турнирде Иран чемпионға айланған. Футзалшы қызларымыз болса үшеўи де гүмис медалларды қолға киргизген. Қырғызстан ўәкиллери еки мәрте, тәжикстанлылар болса бир мәрте бронза меда043Bы менен сыйлықланған.



