Өзбекстан футзал сайланды командасының елимизге шөлкемлестирилген Жәҳән чемпионатындағы қатнасыўы УФА басшылығы тәрепинен сын көзқараста көрип шығылды. Бул нәтийже футзалды раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыўдың жаңа механизмин ислеп шығыўды талап ететуғын еди.
Ноябр айы даўамында УФА бул мәселени толық үйренип шығып, 2025-жылдан баслап бул бағдарда қандай әмелий жумыслар алып барылыўы бойынша жуўмақлаўшы қарарға келди.
Оның дәслепки басқышында профессионал ҳәм ҳәўескерлер футзалын биргеликте раўажландырыў, сол тийкарда мәмлекет миллий командаларын қәлиплестириў, чемпионат ойынларында бәсекини күшейтиў, клублар дәрежесин арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Бул тәжирийбе табыслы әмелге асырылғанын 2000-жыллардың басында дүзилген Футзал ассоциациясы мысалында еслеў мүмкин. Сол ўақытта ассоциацияның белсенди басламалары нәтийжесинде елимизде футзал жеделлик пенен раўажланды ҳәм нәтийжелер жақсыланды.
УФА Атқарыў комитетиниң усы жыл 12-декабрь сәнесиндеги мәжилиси протоколына тийкарланып, мәмлекеттиң футзалы ҳәм пляж футболы ушын жуўапкер болған өз алдына шөлкем (федерация) дүзиў мәселеси белгиленди. Ҳәзирги ўақытта УФА тийисли тәртипте оны шөлкемлестириў ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткериў менен байланыслы жумысларды әмелге асырмақта.



