Бул ҳаққында федерация баспасөз хызмети хабар бермекте.
Усы жылдың 25-декабрь күни Спорт министрлиги, Миллий олимпиада комитети, Өзбекстан футбол ассоциациясы ҳәм Өзбекстан Профессионал футбол лигасы басшылығының қатнасыўында презентация мәресими өткерилди.
Бул презентация мәресиминде футбол клубларының ўәкиллери, футзал қәнигелери, аймақлық ассоциациялардың басшылары ҳәм ҒХҚ ўәкиллери қатнасты.
2025-жылдан баслап жумысын баслайтуғын Өзбекстан футзал федерациясының президенти етип республикамызда футбол ҳәм футзал спорт түрлериниң раўажланыўына өзиниң мүнәсип үлесин қосып киятырған, халық, әсиресе, жаслар арасында саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаўда белсендилик көрсетип атырған, елимиздиң белсенди исбилерменлеринен бири, БМБ Холдинг бақлаў кеңесиниң баслығы Бекзод Акмалович Маматқуловтың кандидатурасы мақулланды.
Бекзод Маматқулов - федерация президенти;
Азиз Акбаржанов - вице-президент;
Маруфжон Абдуллаев - бас хаткер.
Илаж даўамында футзал бойынша сайланды командамыздың кейинги жәҳән чемпионатларында мүнәсип қатнасыўына тилек билдирилди.