Елимизде шаңарақ институтын беккемлеў ҳәм жәмийетте саламат орталықты қәлиплестириўдиң ең әҳмийетли бағдарларынан бири сыпатында ерте некелер ҳәм туўыўлардың, ҳаял-қызлар ҳәм балаларға зорлық етиўдиң алдын алыў мәселелерине турақлы итибар қаратылмақта.
Бул темалар ең жоқары дәрежеде қайта-қайта додаланып, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм басқа да жуўапкер уйымларға анық ўазыйпалар қойылды. Бул бағдардағы жумысларды муўапықластырыў ушын уйымлараралық кеңес дүзилип, оған қысқа мүддетте әмелий усыныслар ислеп шығыў тапсырылды.
Бүгинги презентацияда муўапықластырыўшы кеңес тәрепинен кең жәмийетшилик, тараў экспертлериниң усыныслары ҳәм алдынғы халықаралық тәжирийбе тийкарында таярланған басламалар көрип шығылды.
Атап айтқанда, социаллық тармақларда жәмийетшилик тәрепинен тийкарлы наразылықлар билдирилип атырған бир қатар мәселелер бойынша төмендеги усыныслар билдирилди:
- жынысый зорлық ушын 5 суткаға шекем ҳәкимшилик қамаққа алыў жазасын күшейтиў;
- педофиллерге өмирлик еркинен айырыў жазасын белгилеў;
- Жынаят кодексиниң 118 ҳәм 119-статьялары менен жас өспиримлерге исленген жынысый жынаятлар ушын судланған шахсларды мәкан-колонияларға өткермеў;
- Жынаят кодексиниң 6-статьясында нәзерде тутылған жынысый жынаятлар бойынша жынаят ислерин тергеў ўәкиллигин ишки ислер уйымларынан прокуратураға өткериў;
- жынысый зорлық пенен байланыслы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар бойынша материалларды көрип шығыўда жынаят белгилери жоқ екенлиги ҳаққындағы прокурор қарарының мәжбүрий түрде алыныўын енгизиў;
- ҳаял-қызлар ҳәм балаларға зорлық етиў менен байланыслы жынаятларды тергеўге арнаўлы таярлықтан өткен адвокат, тергеўши ҳәм судьяларды тартыў;
- зорлықтан жәбир көрген ҳәм қорғаў ордерин алған ҳаял-қызлардың қорғалыўын күшейтиў мақсетинде олардың мобил қурылмаларына «SOS» арнаўлы қосымшасын орнатып, ондағы қәўип-қәтер түймеси басылғанда 5 километр радиустағы ишки ислер хызметкерлери 10 минут ишинде жетип барады.
Сондай-ақ, мәмлекетимизде некелердиң 40 проценти 18-19 жастағы жаслар арасында дүзилетуғынын есапқа алып, халықаралық усынысларда 21 жас - инсан әдетте қаржылай еркинликке ҳәм социаллық жетилискенликке ерисетуғын ең оптимал неке жасы сыпатында белгиленген болса, төмендеги илажлар усыныс етилди:
- 21 жасқа толған шахслар арасында некеден өтиўди хошаметлеўши қосымша финанслық қоллап-қуўатлаў механизмлерин енгизиў;
- неке контрактларын дүзиўди хошаметлеў ушын мәмлекетлик бажы бойынша жеңилликлерди нәзерде тутыў;
- неке жасы ҳаққындағы нызамшылықты бузғаны ушын жәрийма суммасының 15 проценти усындай жағдай ҳаққында хабар берген шахсларға төленетуғын тәртипти енгизиў арқалы ерте некелерди анықлаў нәтийжелилигин арттырыў;
- 16 жасқа шекем ерте некелениў ҳәм ҳәмиледарлық жағдайлары ҳаққында ишки ислер уйымлары ҳәм "Инсан" орайларын хабардар етиўдиң уйымлараралық системасын жаратыў, бундай жағдайларды жасырғаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликти белгилеў;
- ҳәмиледарлық дәўириндеги ямаса үш жасқа шекемги баланы тәрбиялап атырған студент ҳаял-қызлардың билимлендириў процесинен шығып қалыўының алдын алыў мақсетинде оларға оқыўын даўам еттириў имканиятын бериў.
Мәмлекетимиз басшысы усынылған басламаларды мақуллап, тийисли пәрманға қол қойды ҳәм жуўапкерлерге жаңа илажларды халық арасында кеңнен түсиндириў бойынша тапсырмалар берди.