Қарарға бола, ваучер төмендегилерге бериледи:
- үй шараятында социаллық-турмыслық жәрдем көрсетиў ҳәмде күндизги қатнаў тийкарында қараў хызмети ушын:
- Кәмбағал шаңарақлар реестри, Басқалардың күтимине мүтәж болған жалғыз жасаўшы ҳәм жалғыз кекселер ҳәм майыплығы болған шахслар реестрине киргизилген шахсларға;
- "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри" мәлимлеме системасы арқалы балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдемди алыўшы шахсларға (шаңарақларға);
- жеке жәрдемши хызмети ушын:
- I топар майыплық белгиленген шахсқа;
- көзи әззилик бойынша бирлемши майыплық белгиленген шахсқа;
- биринши мәрте майыплық арбашаларынан пайдаланыў белгиленген шахсқа.