Бул ҳаққында "Ҳуқуқий ахборот" каналы мәлим етти.
Қарарға бола, материаллық жәрдем Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген ҳәм рәсмий бәнт болған жалғыз ана (ата) ға социаллық шәртнама тийкарында төленеди.
Онда олардың мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде тәрбияланып атырған 3 жасқа шекемги перзент (лер) ине БЕМниң 1,5 есесине шекемги муғдарда төлеп бериледи.
Материаллық жәрдем нызамлы ўәкилдиң 3 жасқа шекемги тек ғана 1 перзенти (балалар егизек болса, егизеклердиң ҳәр бирине) ушын бериледи.
Материаллық жәрдем алыў ушын нызамлы ўәкил "Инсан" орайлары, Мәмлекетлик хызметлер орайларына тиккелей келип ямаса социаллық хызметкер ямаса "Бирден-бир миллий социаллық қорғаў" мәлимлеме системасы ("БМШ" АЖ), сондай-ақ, БИМХП (мй.гов.уз) арқалы арза менен мүрәжат етеди.
Арзада төмендеги мағлыўматлар көрсетиледи:
- нызамлы ўәкилдиң пуқаралық биометрикалық паспорты мағлыўматлары;
- 3 жасқа шекемги перзент (лер) иң туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалық (лар) ы мағлыўматлары;
- мобиль телефон номери;
- АТ "Халық банки" банкинде ашылған банк картасы мағлыўматлары.
Материаллық жәрдем есабат айынан кейинги айдың 10-сәнесине шекем нызамлы ўәкиллердиң "социаллық карта"ларына, олар болмағанда, АК "Халық банки"нде ашылған банк карталарына өткерип бериледи.