Қарарға бола, 2025-жылы Асака, Китаб, Бахмал, Хатирчи ҳәм Ферғана районларында, 2026-жылы болса аўыл хожалығына қәнигелескен және кеминде 5 районда киши логистика орайлары, соның ишинде, сыйымлылығы 100 тоннадан кем болмаған музлатқышлы сыйымлықлар, туқым, нәл, химиялық қураллар ҳәм минерал төгинлерди тарқатыў орайлары қурылады.
Қыйтақ жер ҳәм узақ мүддетли ижараға берилген жер майданларының ийелерине онлайн мәсләҳәт ҳәм мағлыўмат алыў, финанслық хызметлерден пайдаланыў және өнимлерди сатыў бойынша бирден-бир хызмет көрсетиў ҳәм мониторинг етиў платформасы иске қосылады.
Платформада дийқанларға жетистирген өниминиң 70 процентине шекемги муғдарда жеңиллетилген онлайн кредит ажыратыў системасы иске қосылады.