- Халықтың қатнасыўында баслама жойбар баҳасының 50 проценти қаржыландырылғанда, қалған бөлеги республика бюджети есабынан қаплап бериледи. Бундай жойбарлар өз-өзинен жеңимпаз деп табылады.
*"Жаслардың бирден-бир электрон платформасы" мәлимлеме системасы иске қосылады, онда жаслардың қызығыўшылықларын анықлаў бойынша социаллық сораўлар өткериў, жаслар ушын әмелдеги жеңилликлер, преференциялар ҳәм имканиятлар ҳаққында мәлимлеме бериў ўазыйпалары орынланады.
*"Жаслар дәптери"не социаллық жәрдем алыў ушын арза бериў ҳәм оны көрип шығыў нәтийжелери бойынша қарар қабыл етиўге байланыслы барлық ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар Жаслардың бирден-бир электрон платформасы арқалы әмелге асырылады.
"Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри" ҳәм Кәмбағал шаңарақлар реестри тийкарында "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри" жумыс баслайды. Ол "Бирден-бир миллий социаллық қорғаў" АТда социаллық қоллап-қуўатланатуғын шаңарақларды (адамларды) анықлаў ҳәм олардың социаллық-экономикалық жағдайын баҳалаў ушын жүргизиледи.
* "Мәмлекет тәмийнатындағы шаңарақ" категориясына киргизилген шаңарақлар ушын социаллық жәрдем пакети енгизиледи.
* Шаңарақларды Социаллық реестрге киргизиў, категорияларды белгилеў ҳәм оннан шығарыў бойынша келиспеўшиликлерди оператив шешиў ушын район (қала) ҳәкимликлери жанында Апелляция кеңеси шөлкемлестириледи.
Зорлық ақыбетинде шаңарақтан ажыратылған, өзине зорлық ислеў қәўпи астында болған, сондай-ақ, социаллық қәўипли жағдайда болған балалар ушын профессионал асыраўшы шаңарақ хызмети жолға қойылады.
Сырт ел пуқаралары тәрепинен алдын сатып алынған товарлар ушын төленген қосымша қун салығы суммасы олардың қәлеўи бойынша Өзбекстан аймағынан шығыўда нақ пулда қайтарылыўы мүмкин.
* ID -карта бирлемши рәсмийлестирилип атырғанда оның чипине киргизилетуғын ЕРИ сертификатын физикалық тәреплерге бериў бийпул әмелге асырылады.
* "А" ҳәм "В" категориясындағы айдаўшылық гүўалығын алыўға талабанлар транспорт басқарыўшыларын таярлаў мәжбүрий бағдарламасының теориялық бөлимин өз бетинше үйрениўи мүмкин.
*Президенттиң 23.12.2022-жылдағы ПҚ-452-санлы қарары менен берилген шегирмелерден пайдаланыўшы исбилерменлик субъектлери - зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшылар ушын қосымша талаплар белгиленди.
* "Китап - ағартыўшылық дәреги" бағдарламасы басланып, мәмлекетлик уйымлардың китап ҳәм китапқумарлық мәденияты ҳаққындағы рекламалары социаллық реклама сыпатында тән алынады.
* Тасыўшылар район орайларын алыс аймақлар менен байланыстырыўшы рентабелсиз турақлы микроавтобус жөнелислериниң зыянларын қаплап бериў ушын ЯИДХПға арза менен мүрәжат етеди. Арзалар "Өзтранс" тәрепинен көрип шығылады, бул хызмет ушын төлем алынбайды.
* 2022-жыл 15-октябрьдеги 603-санлы ҚМҚ талабы тийкарында берилетуғын сейсмикалық илимий жуўмақ ушын төлем муғдары 50 процентке азайтылады ҳәм бир сериядағы объектлер бойынша илимий жуўмақлар тек ғана бир мәрте бериледи.
* Улыўма массасы 44 тоннадан жоқары болған жүк машиналары, арнаўлы транспорт, юридикалық шахсларға тийисли жөнелиссиз таксилер, антиквар автомототранспорт қураллары ушын айрықша сериялы мәмлекетлик есаплаў цифрлары енгизиледи.
50 жылдан асқан автотранспорт қуралларынан пайдаланыў ҳәм оларды қайта дизимнен өткериў қадаған етиледи, бундай автотранспорт қураллары мәмлекетлик реестрден шығарылады.
* Кем тәмийинленген шаңарақлар реестрине киргизилген жаслар мәмлекет пенен қосымша материаллық жәрдем ҳәм жеңилликлер алыўды нәзерде тутатуғын социаллық шәртнама дүзиўи мүмкин болады.
* Lex.uz арқалы "ақыллы үгит-нәсият" түринде "проактив нызамшылық" принципи енгизилип, исбилерменлик субъектлери ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахслардың жумыс түрине байланыслы жаңа НҲҲ ҳаққындағы мағлыўматларды soliq.uz системасындағы жеке кабинетине жибериў нәзерде тутылмақта.
* НКМК ҳәм ОКМК тәрепинен ислеп шығарылған қымбат баҳалы металларды биржа саўдаларында исбилерменлик субектлерине сатыўда шегирме бериў тамамланады.
* 2026-жыл 28-февраль күни халықты дизимге алыў мәресими жуўмақланады.
«Norma» мәлимлеме-ҳуқықый порталы.