Жаңа қағыйдаларға муўапық төмендеги категориялар нақ пулсыз төлеў ушын мәжбүрий есапланады:

Ҳәкимият уйымлары тәрепинен көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлер;

Коммуналлық хызметлер ушын төлемлер: электр энергиясы, тәбийғый газ ҳәм ишимлик суўы;

Алкоголь ҳәм темеки өнимлери;

Халыққа нефть-газ өнимлерин жанылғы қуйыў шақапшалары ҳәм электромобиллерди зарядлаў хызметлери арқалы сатыў;

Баҳасы 25 млн сумнан жоқары болған товарлар ҳәм хызметлер;

Көшпес мүлк обектлерин, сондай-ақ, M, N, O ҳәм G  категориясындағы транспорт қуралларын ҳәм арнаўлы техниканы, егер ислеп шығарылғанына 10 жылдан көп болмаған болса, сатып алыў-сатыў.

Әҳмийетлиси, бул илаж есап-санақлардың ашық-айдынлығын арттырыў, қадағалаўды әпиўайыластырыў ҳәм экономикада нақ пулдағы операцияларды қысқартыўға қаратылған.