Жойбаралды ҳүжжетлерин ислеп шығыў бойынша техникалық тапсырмаларды комплексли экспертизадан өткериў әмелияты бийкар етиледи.

Өзбекстанда ислеп шығарылмайтуғын, биологиялық актив қосымшалар ҳәм косметика қуралларын ислеп шығарыўшылар тәрепинен өз мүтәжликлери ушын алып кирилетуғын товарлар бажыхана бажыларынан азат етиледи.

Сырт ел пуқаралары тәрепинен алдын сатып алынған товарлар ушын төленген қосымша қун салығының суммасы олардың қәлеўи бойынша Өзбекстан аймағынан шығып кеткенде нақ пулда қайтарылыўы мүмкин.

Сырт ел пуқараларына қосымша қун салығын қайтарыў системасы республиканың барлық халықаралық аеропортларында енгизилмекте.

«Тax free» системасы енгизилетуғын товарлардың шекленген дизими бийкар етиледи (азық-аўқат өнимлеринен тысқары).

Муўапықлықты баҳалаў тараўындағы исбилерменлик субъектлерине төмендеги жеңилликлер енгизиледи:

аккредитация тараўында төлемли хызметлерден ажыратпаларды 2,5 есеге азайтыў;

исбилерменлик субъектлери тәрепинен еки ҳәм оннан артық аккредитациядан өткен муўапықлықты баҳалаў хызметлерин көрсетиў жолға қойылған тараўда мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен сынаў лабораториялары ҳәм сертификатластырыў уйымларының шөлкемлестирилиўине жол қоймаў;

ветеринария, өсимликлер карантини, санитария ҳәм муўапықлықты баҳалаў тараўы қәнигелериниң маманлығын арттырыў процесинде оқыў бағдарламалары ҳәм билимлендириў шөлкемлерин еркин таңлаў имканиятын бериў.

Мәмлекетлик уйымлар, мәмлекет қатнасыўындағы шөлкемлер ҳәм кәрханалар өз тараўындағы шешимин күтип атырған машқалалар ҳәм мәселелер бойынша:

краудсорсинг электрон платформасында жәриялаўды жайластырады ҳәм таңлаўды шөлкемлестиреди;

ҳәр айда стартап басламашылары менен ушырасыўлар ("Стартап күни") өткереди.

Төлемлер тек ғана банк карталары ямаса электрон төлем системалары арқалы төмендегилер ушын әмелге асырылады:

мәмлекетлик уйымлар тәрепинен көрсетилетуғын хызметлер;

электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик суўынан пайдаланыў (банк кассалары арқалы әмелге асырылатуғын төлемлерден тысқары);

алкоголь ҳәм темеки өнимлери;

автомобильге жанылғы қуйыў шақапшалары арқалы халыққа нефть-газ өнимлерин сатыў ҳәм электр тартқышында ислейтуғын транспорт қуралларын зарядлаў бойынша хызметлер;

баҳасы 25 млн сумнан артық болған товарлар ҳәм хызметлер (аўыл хожалығы өнимлеринен тысқары);

ислеп шығарылған күнинен баслап он жыл өтпеген, «M», «N», «O» ҳәм «G» категорияларына киргизилген көшпес мүлк объектлерин, автотранспорт қуралларын, сондай-ақ, арнаўлы автотранспорт қуралларын сатыў ҳәм сатып алыў.

Төмендегилер күшке киреди:

Көшпес мүлк ҳәм транспорт қуралларының алды-сатты шәртнамалары бойынша есап-санақларды әмелге асырыў ушын нотариуслар ҳәм банклер арасында мағлыўматларды электрон алмасыў тәртиби ҳаққындағы реже;

Нотариус лаўазымына талабанлар ушын бирден-бир таңлаўды өткериў тәртиби ҳаққындағы реже;

Шетки (барыў қыйын) аймақларда ҳәм нотариус лаўазымына талап жоқары болмаған аймақларда (нотариал округлерде) Мәмлекетлик нотариал уйымның нотариус лаўазымына талабанларды сәўбетлесиў тийкарында Жоқары маманлық комиссиясы тәрепинен тайынлаў тәртиби ҳаққындағы реже;

Нотариус лаўазымына талабанлар ушын Әдиллик министрлиги жанындағы Юридикалық кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў институтында мәжбүрий оқыў курсларын шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы реже;

Мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў дәрежеси 80 проценттен төмен болған район (қала) лық (Ташкент қаласынан тысқары) исбилерменлик субъектлери ушын мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери ҳәм улыўма орта билимлендириў шөлкемлериниң бос турған жер майданларында мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында шөлкемлестириўге рухсат бериледи.

Бюджет буйыртпашыларының мәмлекетлик сатып алыўлары шеңберинде сырт ел жеткерип бериўшилери менен бир қатарда жергиликли ислеп шығарыўшылар қатнасқан жағдайда олар тәрепинен усыныс етилген импорт товарлардың ең кем баҳасына төмендеги муғдарларда баҳа преференциясы қолланылады:

15% - үш ҳәм оннан артық жергиликли ислеп шығарыўшылар қатнасқан жағдайда;

12% - еки жергиликли ислеп шығарыўшы қатнасқан жағдайда;

8 процент - бир жергиликли ислеп шығарыўшы қатнасқан жағдайда.

Өзбек тилин билиў бойынша В1 дәрежесиндеги маманлық сертификатына ийе болған сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар Өзбекстан пуқаралығына қабыл етиўде мәмлекетлик тилди билиў дәрежесин анықлаў бойынша имтиханнан азат етиледи.

Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбияттан пайдаланыў тараўындағы нызам ҳүжжетлерин бузғаны ушын юридикалық тәреплерге финанслық санкциялар қолланыў тәртиби енгизилмекте.

Тоғай фондына кирмейтуғын тереклер өсип турған елатлы пунктлер (қалалар, посёлкалар ҳәм аўыллық елатлы пунктлер) диң жер майданларын алып қойыў ямаса басқа мақсетлерге ажыратыўға жәмийетшилик тәрепинен қадаған етиў бойынша баслама киргизиў имканияты жаратылады.

Мәмлекетлик медицина мәкемелериниң жумыс ўақты режими 5 күнлик жумыс ҳәптесине өткериледи.

Сондай-ақ, арнаўлы автоматластырылған фото ҳәм видео жазыў системалары арқалы белгиленген тийисли жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғаны ушын да жәрийма баллары есапланады.

Транспорт қуралының мүлк ийеси ҳәм усы транспорт қуралынан пайдаланған басқа да айдаўшыларға жәрийма балларын бөлистириў тәртиби енгизилмекте.

«Norma» мәлимлеме-ҳуқықый порталы.