- от-жем ҳәм майлы егинлер жетистириўши хожалықлардың насослары ушын электр энергиясы қәрежетлериниң 50 проценти Мәмлекетлик бюджет есабынан қаплап бериледи.
Товар жеткерип бериўдиң бирден-бир шынжыры бойынша қосымша қун салығын есапқа алыўда қәўип-қәтер дәрежесин есапқа алыў - реал ўақыт режиминде ЕҚШларды автоматластырылған түрде таллаўдың жаңа системасы енгизиледи. Бунда, есап бериў дәўиринде рәсмийлестирилген электрон есап-фактуралардың улыўма санынан жоқары дәрежедеги қәўип-қәтерге ийе болған ЭЕФ муғдары 10 проценттен артпаўы керек.
- Қосымша қун салығын есапқа алыў қағыйдалары түп-тийкарынан өзгермекте.
Барлық исбилерменлик субъектлери 14 мәмлекетлик уйым ушын 105 түрдеги мәжбүрий есабатларды hisobot.gov.uz. бирден-бир есап бериў системасы арқалы жибериўи мүмкин болады.
Миллий статистика комитети 2026-жыл ушын 47 статистика есабаты формасын тастыйықлады. Улыўма етип айтқанда, 2025-жылы қолланылған 64 форманың 17 си жоққа шыққан (алдын режелестирилгенинен 3 формаға көп).
- ЖШЖС ямаса социаллық салық төлеўшилер ҳәм басқа да айырым категориядағы пуқаралар режели стационар медициналық жәрдемди бийпул алыўы мүмкин болады. Денсаўлықты сақлаў министриниң 19.06.2025-жылдағы 3632-санлы буйрығы менен болса жеңилликли напақа алыўшылардың емлениўи бийпул болатуғын кеселликлер дизими тастыйықланған.
- Ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақалары және "емлеўхана напақалары"н төлеў системасы пүткиллей өзгермекте. Олар мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў шеңберинде тайынланады ҳәм төленеди.
Зергерлик буйымларын ислеп шығарыў ямаса реализациялаў менен шуғылланыўшы исбилерменлик субъектлери дәраматына қарамастан қосымша қун салығын төлеўшилерге айланады. Сондай-ақ, олар бюджетке төленген қосымша қун салығының 80 процентин белгили бир шәртлерге әмел еткен ҳалда қаплап бериўи мүмкин болады.
▫️Жыллық айланысы 1 млрд сумға шекем болған жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар ушын айланыстан алынатуғын салық ставкасы 1 процент етип белгиленеди.
✅ Тири қара мал (ТИФ ТН коды 0102), қой ҳәм ешкилер (ТИФ ТН коды 0104) импорт етилип атырғанда қосымша қун салығын 180 күнге шекем (2027-жылдың ақырына шекем) кешиктирип төлеўге рухсат бериледи. Төленген қосымша қун салығын қайтарыў белгиленген тәртипте әмелге асырылады.
Мәмлекетлик ветеринария хызмети қадағалаўындағы товарларды Өзбекстан аймағына алып кириўде ветеринария рухсатнамасы ҳәм сертификаты еки есе қысқартылған мүддетте бериледи.
- Шарўашылық өнимлерин жетистириўши хожалық жүргизиўши субъектлерге азықлық егинлерди жетистириў ушын жер участкаларын ижараға алыў ҳуқықын сатып алғаны ушын ҳақыны 5 жыл даўамында тең үлеслерде төлеўге рухсат бериледи.
Тарийхый ҳәм мәдений мийрас объектлериниң жер силкиниўге шыдамлылығын мониторинг етиў жолға қойылады. Биринши басқышта мониторинг елимиздиң туристлик потенциалын көрсететуғын объектлерде, соның ишинде, Самарқанд қаласындағы Регистан комплексинде, Бухара қаласындағы Дарўазахана, Хийўа қаласындағы Ишан қала комплекси.
Республикамыздың таўлы аймақларын кесип өткен "А-373" ҳәм "М-39" автомобиль жоллары ҳәм оларға тутасқан темир жолларда көшки жүз бериў итималы жоқары болған аймақлар турақлы түрде радиолокациялық космослық мониторингтен өткериледи.
- Сейсмикалық қәўпи жоқары аймақларда күшли жер силкиниўлерди жасалма интеллект жәрдеминде орта ҳәм узақ мүддетли прогнозлаў жолға қойылмақта. Биринши басқышта Ташкент қаласы тәжирийбеси тийкарында шөлкемлестирилмекте.
- Пуқаралардың социаллық жәрдем көрсетиў бойынша мүрәжатлары, шаңарақлар ҳәм халық ҳаққындағы мағлыўматларды жүргизиў "Санлы мәҳәлле" платформасы арқалы әмелге асырылады. Оның ушын Орайласқан мәҳәллелер реестри иске қосылған.
▫️Сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларды бир жылға шекемги мүддетке жасаў орны бойынша ўақтынша дизимге алыў бирден-бир портал арқалы әмелге асырылады.
Депутатлар ҳәр бир округте халық турмысына ең көп тәсир көрсеткен басламалы бюджет жойбарларынан екеўин таңлап, республика бюджетинен мәжбүрий қаржыландырыўы мүмкин.
▫️"Бәнтлик уйымлары - жумыс бериўшилердиң шериклери" принципи енгизиледи, бул бәнтлик уйымлары тәрепинен жумыс бериўшилерге әмелий билим ҳәм көнликпелерге ийе болған қәнигелерди дәслеп Ташкент қаласында, кейин ала республиканың барлық аймақларында табыўда жәрдемлесиў нәзерде тутылады.
"Бирден-бир миллий мийнет системасы" уйымлараралық программалық-аппарат комплекси арқалы дизимге алынған мийнет нызамшылығының бузылыў жағдайларын жумыс бериўшиниң қатнасыўысыз көрип шығыў ҳәм нызам бузылыў жағдайлары бойынша электрон ҳәкимшилик қарар қабыл етиў системасы енгизиледи.
▫️Биринши мәрте жумысқа қабыл етилген мәмлекетлик хызметкерлер менен мийнет шәртнамасы дәслеп бир жыл мүддетке дүзиледи, кейин ала жумыстың унамлы нәтийжелерине қарап белгисиз мүддетке создырылады.
▫️Мәмлекетлик хызметкерлер жылына бир мәрте медициналық тексериўден өткериледи, мәмлекетлик уйымлардың асханалары болса ауторсингке өткериледи. Талаплардан бири - саламат аўқатланыўды енгизиў, инсан саламатлығына унамсыз тәсир көрсететуғын өнимлерди сатыўды шеклеў.
Санаат кәрханаларын I категориялы кәрханалар ушын автоматикалық мониторинг станциясы, шаң-газ тазалаў үскенеси, локал суў тазалаў қурылмасы ҳәм стационар бақлаў посты менен мәжбүрий тәмийинлеў мүддети жуўмақланбақта.
▫️Республиканың барлық аймақларында I ҳәм II топар майыплығы болған шахсларды жумысқа қабыл еткен ямаса жумысқа қабыл етиўде жәрдем берген исбилерменлик субъектлерине 500 млн сумға шекем субсидия ажыратылады.
Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги тәрепинен Ташкент қаласында атмосфера ҳаўасының патасланыў дәрежеси ҳәм гидрометеорологиялық мағлыўматлар көрсетилетуғын арнаўлы монитор ҳәм таблолар орнатылады.
▫️Майыплығы болған шахслардың ҳәрекетлениўи ушын тосқынлықларсыз орталық жаратылған объектлер менен республиканың "Интерактив карта" мәлимлеме системасы иске қосылады.
▫️Тийкарғы жумысы шығындыларды жыйнаў, алып шығыў, сайлап алыў ҳәм қайта ислеўден ибарат болған исбилерменлик субъектлери ушын тийкарғы жумысы бойынша пайда салығы ставкасы ҳәм социаллық салық ставкасы 1 процент муғдарында бийкар етиледи.
* "Мәмлекетлик социаллық қамсызландырыў ҳаққында"ғы ӨРҚ-1101-санлы Нызам 09.12.2025-жылдан күшке киреди.
* Эксперимент тәризинде нәтийжелиликке тийкарланған жаңа басқарыў системасы:
министрликлерде
- аўыл хожалығы,
- қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы,
- жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар,
Наманган ҳәм Сурхандәрья ўәлаятлары ҳәкимликлеринде,
сондай-ақ, "Жаңа Өзбекстан көринисиндеги район (қала) " статусы берилген 33 район (қала) ҳәкимлигинде.
Мақсетли көрсеткишлер ҳәм индикаторлар Президент жанындағы Басқарыў нәтийжелилиги агентлиги тәрепинен қәлиплестириледи ҳәм Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланады.
▫️Мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес медицина шөлкемлеринде Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан медициналық жәрдем көрсетиў тәртиби ҳаққындағы реже күшке киреди.
«Norma» мәлимлеме-ҳуқықый порталы.