Бажыханашылар жылды қалай жуўмақламақта?

    31 желтоқсан 2024 118

    Жыл сайын мәмлекетимиздиң сыртқы саўда айланысының артыўы, мәмлекетлик бюджет дәраматларының көбейиўи халқымыздың абаданлығының артыўы ушын хызмет етпекте. Әлбетте, экспорт ҳәм импортқа бағдарланған жүклердиң бажыхана рәсмийлестириўин тез, қолайлы ҳәм нәтийжели әмелге асырыў мәмлекетимиз сыртқы саўда айланысы көлеминиң артыўына унамлы тәсир көрсетеди.

    Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы да жылды жоқары нәтийжелер менен жуўмақламақта.

    Атап айтқанда, 2024-жылдың январь-ноябрь айында Қарақалпақстан Республикасы бойынша товарлардың сыртқы саўда айланбасы 642,6 млн. АҚШ долларын қурады ҳәм 2023-жылға салыстырғанда 62,2 млн. АҚШ долларына ямаса 10,7% процентке артты (2023-жылда -580, 5 млн. АҚШ долл.).

    Сондай-ақ, товарлар экспорты 295,5 млн. АҚШ долларын қурады ҳәм 2023-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 13,1 млн. АҚШ долларына ямаса 4,6 процентке артты (2023 жылда – 282, 5 млн. АҚШ долл.).

    – Бул дәўирде Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының постлары арқалы экспорт етилген товарлардың тийкарғы үлеси пластмассадан исленген буйымларға, фармацевтика өнимлерине, ийирилген жип, химия санааты өнимлерине, артемия цистасы, нефть ҳәм нефть өнимлерине, ағаш ҳәм тахтай, олардан исленген өнимлерге, мийўе-палыз өнимлерине ҳәм басқа товарларға туўра келди,-дейди Бажыхана баскармасының баслығы, бажыхана хызмети полковниги Зафар Турдалиев.

    Товарлар импорты сыртқы саўда айланбасы бойынша 347,1 млн. АҚШ долларын қурайды.

    2024-жылдағы товарлар импорты технологиялық әсбап-үскенелерге, металлар ҳәм олардан исленген буйымларға, электротехника және оның аўысық бөлеклерине, ағаш ҳәм тахтай өнимлерине, азық-аўқат өнимлерине, транспорт және оның аўысық бөлеклерине, нефть ҳәм нефть өнимлерине, химия санааты өнимлерине ҳәм басқа товарларға туўра келди.

    Басқарма тәрепинен 2024-жылдың январь-декабрь айлары даўамында мәмлекетлик бюджетке 498,3 млрд. сум муғдарындағы қаржы өткерилди.

    Мысал ретинде атап өтетуғын болсақ, Қазақстан Республикасынан алып келинген бийдайды қайта ислеп, жоқары сортлы ун өнимлерин халқымыз дастурханына инам етип атырған “Хожели ун өнимлери” ЖШЖ 200 тонна ун өнимлерин ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Кәрхана тәрепинен жыл басынан 1716 мың. АҚШ доллары муғдарындағы 9900 тонна бийдай өнимлери импорт етилген болып, 1991 мың АҚШ доллары муғдарындағы 7684 тонна ун өнимлери Аўғанстан Республикасына экспорт етилген.

    “Бажыхана аймағында қайта ислеў” бажыхана режими мүмкиншиликлеринен пайдаланыўды баслаған усы исбилерменлик субъекти режимниң нәтийжелилиги ҳәм пайдалылығы бойынша дәслепки унамлы нәтийжелерге де ериспекте.

    Усы жерде “Бажыхана аймағында қайта ислеў” бажыхана режиминде исбилерменлик субъектлери импорт етилген бийдайдың қайта исленип экспортқа шығарылып атырған муғдарына бажыхана төлемлеринен азат етилетуғынлығын атап өтиўимиз керек. Ҳәзирги ўақытта 74 жергиликли турғынларды турақлы жумыс орны менен тәмийинлеген усы кәрханаға бул сыяқлы жеңилликлер алдағы жумыс көлемин кеңейтип жаңа жумыс орынларын ашыўға имканият жаратады.

    Жаңа 2025-жылды халқымыз, соның ишинде, бажыханашылар да усындай жетискенликлери менен күтип алып атырғанынан қуўанышлымыз. Босағамызға кирип киятырған Жаңа – 2025-жыл да халқымыз ушын табыслы келип, абаданлығы және де артыўына тилеклеспиз.

    Ә.Жийемуратов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.