Ўатанласларымызды бирден-бир мақсет жолында бирлестирип атырған ири жойбар - "Басламалы бюджет"тиң быйылғы 2-мәўсими де жуўмақланды. Жойбардың 22-31-август күнлери даўам еткен даўыс бериў басқышы қызғын өткенине гүўа болдық. Даўыс бериўшилер де, үгит-нәсиятлаўшылар да әдеттегидей белсендилик көрсетти. Ақырында, 1-сентябрь - мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы сәнесинде жеңимпаз жойбарлар жәрияланды.
Бул байрам кейпиятына көтериңкилик бағышлап, халқымызды ең уллы, ең әзиз әййямда және де бирлестирди. Жеңимпазлар дизими "Ашық бюджет" порталында жәрияланғаннан соң, көп даўыс топлаған жойбарлардың интакерлери жеңисти гернай-сырнай сеслери астында аяқ ойынға түсип белгиледи. Социаллық тармақлардың бақлаўшылары да олардың қуўанышына шерик болып, жақынлары, мәҳәллеслери, қулласы, усы Ўатанның раўажланыўына үлес қосыўды мақсет еткен ҳәр бир ўатанласын қызғын қутлықлады.
Себеби, "Басламалы бюджет" бүгин шын мәнисинде халықты бир мақсет әтирапында бирлестиретуғын социаллық ҳәрекетке, адамлардың өз-ара аўызбиршилигиниң символына айланды. Өз аймағындағы белгили бир машқаланы шешиў жолында биргеликте ҳәрекет етип атырған халық қуўанышын да бирге белгилемекте. Енди олар усыныс еткен жойбар ушын мәмлекетлик бюджеттен белгиленген қаржы ажыратылады. Буннан кейин жоллар оңланады, жаңа имарат-объектлер қурылады, гөнерген социаллық тараў объектлери оңланады.
Жойбар басланғанынан бүгинги күнге шекем усылай болып келмекте - адамлар өз аймағындағы қандай да бир машқаланы жойбар сыпатында усыныс етеди, жеңимпаз табылса, ажыратылатуғын қаржы есабынан мәселе шешиледи. Әҳмийетлиси, қаржының дурыс бағдарланып, ақырына жетиўин де адамлардың өзи қадағалап атыр. Сол себепли жойбарға исеним де, қызығыўшылық та жыл сайын артып бармақта. Талапкерлер ҳәм басламалардың саны да соған жараса.
"Басламалы бюджет"тиң быйылғы 2-мәўсимине 15-июльде старт берилген еди. Бир неше басқышта даўам еткен жойбардың бул мәўсиминде 11 миллионнан аслам даўыс берилди. Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң мағлыўматына бола, жуўмағында 2332 жойбар жеңимпаз деп табылып, 3,2 триллион сум ажыратылды.
Ең кем даўыс - 31
Быйылғы мәўсимде де бир жойбар ушын ең жоқары баҳа 1 миллиард 500 миллион сумды қурады. Мине, усы қаржыны Қашқадәрья ўәлаяты Чироқчи районынан қойылған жойбарға ажыратылған. Ол елимиз бойынша ең көп - 18 мың 17 даўыс топлаған. Шерзод Жуманов тәрепинен киргизилген бул жойбарда ишки жолларды оңлаўға байланыслы ҳәрекетлер нәзерде тутылған. Көшелерди асфальтлаў, пиядалар жолы ҳәм жол өткеллери қурыў усынысы берилген.
Өткен мәўсимде жеңимпаз жойбарлар арасында ең кем даўыс жыйнаған 26 еди. Быйылғы мәўсимде болса ең кем - 31 даўыс пенен жеңимпаз болған жойбар бар. Аҳангаран қаласынан қойылған бул жойбар шеңберинде Умид мәҳәллесинде балалар майданшасын қурыў басламасы алға қойылған. Оның үстине, аз ғана даўыс пенен жеңимпаз болған бул жойбар ушын 150 миллион сум ажыратылды. Демек, аймақ халқының ҳәрекети бийкарға кетпеди. Олар әне усы басламаны алға қойып, кишкене болса да машқаланың шешимине бийпәрўа болмағаны қуўанышлы. Турмысымыздағы абаданлық усындай киши машқалаларды шешиўден басланады.
Улыўма, "Басламалы бюджет"теги жеңимпаз жойбарлардың көпшилигин ишки жолларды оңлаў, улыўма билим бериў мектеплери ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелерин оңлаў және материаллық-техникалық базасын раўажландырыў сыяқлылар қурайды. Басламасы ең көп жеңимпаз болған аймақлар үшлигин болса Ферғана, Ташкент ҳәм Самарқанд ўәлаятлары ийелеп тур.
Бирақ жеңимпазлықты қолға киргизиў аңсат болмағанын қатнасыўшылар жақсы биледи. Социаллық жойбардың көлеми кеңейген сайын усыныс ҳәм басламалар да көбейип, бәсеки күшейип бармақта. "Басламалы бюджет"тиң быйылғы 2-мәўсиминде 22 мың 623 усыныс келип түскени, соннан 18 мың 656 сы таңлап алыў басқышынан өткерилгени буны дәлиллейди. Соңғы даўыс бериў басқышынан кейин болса 2332 жойбар жеңимпаз деп табылған.
Негизинде, бул саламат бәсекини тәмийинлеп, ашық-айдынлықты және де арттырады. Себеби, жойбардың барлық басқышларында тиккелей халқымыздың өзи қатнасады. Мәмлекетлик шөлкемлер ямаса жуўапкер кәрханалардың қатнасы, тәсири болмайды. Белгиленген қаржы да қысқа мүддетте ажыратылады. Киргизилген барлық жойбар, оларға берилген даўыслар ҳәм ажыратылатуғын пулдың ҳәммеси ашық-айдын система - "Ашық бюджет" порталында көринип турады.
Мәжбүрий даўыс топлаған жойбарлар шетлетилди
"Басламалы бюджет" ҳақыйқатында да адамларды бирлестиреди. Мәселен, мәҳәллемиздеги биреў ҳәммемизге тийисли мәселени жойбар сыпатында усыныс етсе, оған бийпәрўа қарап тура алмаймыз. Өз аймағымыз ушын даўыс бериўге умтыламыз. Бирақ бир мәҳәлле турғынларының даўысы жетерли болмаўы мүмкин. Сонда жақынларымыз, таныс-билислеримизди де қайырлы иске үгит-нәсиятлаймыз. Бир қарағанда буның жаман тәрепи жоқ. Бирақ...
Ҳәттеки, "Басламалы бюджет"тиң даўыс бериў басқышы басланыўы менен даўыс бериўдиң ҳәр қыйлы усылларынан пайдаланыў жағдайларына дус келиўге әдетленип қалғанбыз. Ҳәр бир даўыс ушын бир нәрсе ашық-айдын усыныс етиледи. Жойбардың өткен жыллардағы мәўсими бул бойынша наразылықларға себеп болған еди. Көбирек даўыс жыйнаўға умтылыў тәбийғый жағдай, бирақ бул умтылыў мәжбүрий даўыс бериўге ийтермелеў, нызамсыз ҳәрекетлерге себеп болмаўы керек.
Жойбар жетилистирилген сайын бундай жағдайларға шек қойыў илажлары да күшеймекте. Мәселен, 2024-жылдан "Бир пуқара - бир даўыс" принципи енгизилди. Бул пуқараның атында неше СИМ карта болса да бир мәўсимде тек бир мәрте даўыс бере алыўын аңлатады. Усы сыяқлы бир қатар илажлардың нәтийжеси быйылғы мәўсимде сезилди. Гәп сонда, даўыс бериў басқышы бул рет бир қанша тәртипли, артықша машқала ҳәм наразылықларсыз өткенин көплеген ўатанласларымыз бақлаған болса әжеп емес.
Қалаберди, жойбар шеңберинде мәжбүрий даўыс бериўге тартыў мәселеси де қатаң қадағалаўға алынды. Бундай жағдайлар ҳаққында хабар бериў ушын исеним телефоны иске қосылды. Бул ҳаққында Экономика ҳәм қаржы министрлиги интернет арқалы зәрүр мағлыўматларды усынып барды.
Президентимиздиң тийисли қарары менен басламалы бюджетлестириў процеси шеңберинде бюджет шөлкемлериниң басшылары хызметкерлерге мәжбүрий даўыс жыйнаў бойынша тапсырма бериўи қадаған етиледи. "Басламалы бюджет" процеси шеңберинде мәжбүрий даўыс бериўге тартыў болса мәжбүрий мийнет сыпатында классификацияланатуғыны белгиленген ҳәм буған қатаң илажлар көриледи.
Мәселен, "Басламалы бюджет"тиң быйылғы 2-мәўсими ушын даўыс бериў процесси даўамында социаллық тармақларда Жиззақ мәмлекетлик педагогикалық университети ҳәм Қызылтепа районындағы медицина шөлкемлеринде хызметкерлерди мәжбүрий даўыс бериўге шақырыў жағдайлары бойынша хабарлар тарқалды. Жуўапкерлер жағдайды итибарсыз қалдырмаған. Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң хабарына бола, бул жағдайды ҳәр тәреплеме үйренип шығыў ҳәм жағдай өз тастыйығын тапса, даўыс бериў басқышынан шетлетиў ямаса жойбар жеңимпаз деп табылса, жеңимпазлар дизиминен шығарыў бойынша тийисли районлық халық депутатлары кеңесине усыныснама жиберилген.
Быйылғы мәўсимдеги және бир итибарлы тәрепи - айырым жойбарларға даўыс бериў басқышы белгиленген сәнеде емес, ал кешлетип өткерилди. Мәселен, Алтынкөл ҳәм Улуғнар районларында таңлаўдан өткен жойбарларға даўыс бериў 29-августтан басланды.
Гәп сонда, алдын бул районларда жойбарлар тийкарсыз бийкарланғаны бойынша наразылықлар болған. Экономика ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен жиберилген сораўлар тийкарында жойбарлар қайта көрип шығылғаннан соң, Алтынкөл районы пуқаралары усыныс еткен 116 жойбардан 93 и, Улуғнор районынан болса 73 жойбардан 57 си даўыс бериў басқышына өткерилген.
Сондай-ақ, айырым мәҳәллелерге усы мәўсимде тәнепис берилген еди. Яғный, "Басламалы бюджет" процесиниң 2024-жыл 2-мәўсими ҳәм 2025-жылдың 1-мәўсиминде (еки мәўсимде избе-из) жеңимпаз болған мәҳәллелерге усы жылғы 2-мәўсим ҳәм 2026-жылдың 1-мәўсиминде тәнепис берилген. Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң мағлыўматына бола, тәнепис жәрияланған мәҳәллелердиң саны 823 болып, олар белгиленген мүддетте усыныс киргизе алмаса да, даўыс бериў басқышында толық қатнасыўы мүмкин. Яғный өзине жақын ямаса қоңсы мәҳәллелерге даўыс жыйнаўда жәрдем бериўи мүмкин.
Енди даўыс берилмейди ме?!
"Басламалы бюджет" көлеми барған сайын кеңейип бармақта. Сонлықтан, жойбарға итибар да, жетилистириўге урыныўлар көлеми де үлкен. Гәп Президентимиздиң усы жыл 29-августтағы "Басламалы бюджет процесслерин жетилистириў шеңберинде халық ўәкиллери ҳәм сайлаўшылар арасында бирге ислесиўди күшейтиў илажлары ҳаққында"ғы қарары ҳаққында бармақта.
Усы қарар менен "Басламалы бюджет" шеңберинде бир қатар жаңалықлар киргизилиўи белгиленген. Олардан бири "Депутатлар басламасы" әмелиятын енгизиў болып есапланады. Енди "Басламалы бюджет" шеңберинде жеңимпаз болмаған жойбарларды депутатлардың басламасына бола жеңимпаз деп жәриялаў мүмкин. Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары ҳәр мәўсимде жеңимпаз болмаған жойбарлар арасынан екеўин "Ашық бюджет" мәлимлеме порталы арқалы таңлайды. Бул жойбарлар автомат түрде жеңимпаз деп табылып, мәмлекетлик бюджеттен қаржыландырылады. Порталда депутат басламасы тийкарында қаржыландырылатуғын жойбарлар ушын өз алдына бет ашылып, усы түрдеги барлық жойбарлардың жәмийетшилик ушын ашық дизими жүргизиледи.
Қарар менен күшке кирген және бир жаңалық "Басламалы бюджет" жойбарларын халық ҳәм мәмлекет арасында шериклик тийкарында қаржыландырыў имканияты жаратылғаны менен байланыслы. Оған бола, 2026-жылдан баслап социаллық мәселелерге байланыслы жойбарларды халық ҳәм мәмлекет арасында шериклик тийкарында қаржыландырыў тәртиби енгизиледи. Егер интакер халық тәрепинен жойбарлар баҳасының 50 процент бөлеги ықтыярлы түрде қаржыландырылса, жойбар автомат түрде жеңимпаз деп табылады ҳәм қалған 50 проценти мәмлекетлик бюджеттен қаржыландырылады.
Жойбарлар усы тәртипте қаржыландырылғанда даўыс бериўде қатнаспаған ҳалда жеңимпаз деп табылады. Бул бәнт халық арасында "Енди "Басламалы бюджет"те даўыс бериў әмелияты болмайды екен", деген надурыс пикирлерди де пайда етпекте. Мәселе бойынша Экономика ҳәм қаржы министрлиги рәсмий мүнәсибет билдирди: "Әмелдеги "Басламалы бюджет" шеңберинде жойбарларға даўыс жыйнаў ҳәм ең көп даўыс топлаған жойбарлар арасынан жеңимпазларды анықлаў әмелияты сақлап қалынады ҳәм бул бағдар ушын ҳәр жылы мәмлекетлик бюджеттен тийисли қаржы ажыратылыўы даўам еттириледи. Қабыл етилген қарар менен бул әмелиятқа қосымша түрде белсенди мәҳәллелерден келип түскен усынысларды есапқа алған ҳалда жойбарларды шериклик тийкарында қаржыландырыў тәртиби енгизиледи. Бул ықтыярый әмелият болып, жойбарларын шериклик тийкарында қаржыландырмаған мәҳәллелер дәстүрий тәризде "Басламалы бюджет" процесинде даўыс жыйнаў менен қатнасыўы мүмкин".
Еңгизилип атырған жаңа тәртип әмелиятта қаншелли тез ғалаба ен жаятуғынын ўақыт көрсетеди. Тийкарғысы, адамлар "Басламалы бюджет"те белсене қатнасып, өз аймағындағы машқалаларды биргеликте шешиўге умтылып атыр. Жойбардың быйылғы 2-мәўсими "Басламалы бюджет - халық бюджети" сүрени астында өткени тийкарында да усы мәнис жәмленген.
Ирода ТАШМАТОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы