баннер
27 Mar 2025
02:46

    Басламалы бюджет биринши мәўсими жеңимпазлары жәрияланды

    Соңғы ҳәптелерде ўатанласларымыз арасында додалаўлар орайына ең көп шыққан темалардан бири "Басламалы бюджет" жойбарында даўыс бериў процесслери болды.

    Жойбардың усы жыл 11-20-март күнлери даўам еткен биринши мәўсими даўыс бериў басқышында кимлердур тиккелей қатнасыўшы сыпатында өз жойбарына даўыс бериўге үгит-нәсиятлаған болса, басқалар қызғын өткен бул процесстиң белсене бақлаўшысына айланды.

    Кәсиплеслеримизден бири бул рет те даўысын өзи оқыған мектептиң оңлаў жойбарына бергенин айтты. Бир неше жылдан берли алға қойылып атырған бул усыныс жеңимпаз болыўы ушын ҳәр сапары жетерли даўыс топланбаған. Бул сапары аймақ халқы шын кеўилден ҳәрекет етип атырғанын айтқан еди. Усы жылдың 21-март сәнеси - Наўрыз улыўма халықлық байрамында "Басламалы бюджет" жойбарының биринши мәўсими жеңимпазларының дизими жәрияланды. Дәрҳал кәсиплесим менен байланысып, нәтийжени сорадым. Оның айтыўынша, олар даўыс берген жойбар ақыр-аяғында жеңимпаз болып, аймақ халқы буннан оғада қуўанышлы екен.

    Бундай қуўанышлы ҳаўазлар елимиздиң басқа аймақларынан да жаңлап еситилди. Жеңимпазлар дизими "Ашық бюджет" порталында жәрияланғаннан соң, социаллық тармақларда "жеңис"ти байрамлап атырған ўатанласларымыз қуўанышын сәўлелендирген түрли видеолар тарқалды. Жойбар жеңимпазлығы ушын бирлесип, өз аймағындағы анық бир машқаланы шешиў жолында биргеликте ҳәрекет еткен халық енди қуўанышын гернай-сырнай сеслери астында, аяқ ойынлар менен, ҳәттеки концерт шөлкемлестирип белгилегениниң гүўасы болдық.

    Себеби, жылына еки мәрте өткерилип атырған "Басламалы бюджет" жойбары халқымыз арасында жақсы ғалаба ен жайып, оларды бир мақсет әтирапында бирлестиретуғын социаллық ҳәрекетке айланып үлгерди. Соның артынан ажыратылып атырған қаржы есабынан оңланып атырған жоллар, имаратлар, жаңадан қурылып атырған объектлер адамлардың жойбарға исенимин және де арттырмақта. Ўатанласларымыз ҳәр сапары жойбарды қызғын күтип, онда белсене қатнасыўға асықпақта. Талапкер ҳәм басламалардың саны да жыл сайын артып бармақта.

    "Басламалы бюджет"тиң быйылғы 1-мәўсимине 1-февральдан старт берилген еди. Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң мағлыўматына бола, биринши мәўсим басқышында мәмлекетимиз бойынша 10 миллион 450 мың даўыс берилген. Дәслепки есап-санақларға бола, биринши мәўсимде 2,7 триллион сум ажыратылыўы нәзерде тутылған еди. Бирақ, баҳа бираз жоқары болды - ақыр-соңында 2 369 жойбар жеңимпаз деп табылып, оларды қаржыландырыўға 3,2 триллион сумнан артық қаржы ажыратылды.

    26 даўыс пенен жеңимпаз болған жойбар

    Жеңисти байрамлап атырғанлар оған ерисиў аңсат болмағанын жақсы биледи. Себеби "Басламалы бюджет" жойбарының көлеми артқан сайын усыныс етилип атырған жойбарлардың саны да көбейип, олар арасындағы бәсеки артып бармақта. Тек ғана усы мәўсимде халықтан 28 399 баслама келип түскени буның мысалы. Соннан 23 457 си сайлап алыў басқышынан өтип, 2 369 ы даўыс бериў нәтийжелеринде жеңимпаз деп табылған. Бирақ алдынғы мәўсимде жеңимпаз жойбарлар саны 1 772 болғанын есапқа алсақ, бул бағдарда да өсиў бақланған.

    "Басламалы бюджет" өз аты менен бюджет қаржыларының белгили бир бөлегин жумсаў бойынша басламаларды алға қойыў арқалы халықтың жергиликли өзин-өзи басқарыўда тиккелей қатнасыўы формасы болып табылады. Пуқаралар тәрепинен белгили бир усыныс алға қойылатуғын болса, ол жәмийетшиликке ашық усынылады. Халық көбинесе жоллардың жаманлығы, билимлендириў ҳәм медицина мәкемелериниң оңлаўға мүтәж ҳалға келип қалғаны, инженерлик инфраструктуралардың жетиспейтуғынын көрсетеди. Ҳәр бир жойбарға халық тәрепинен даўыс бериледи. Ең көп даўыс топлаған усыныслар жеңимпаз деп табылады ҳәм жойбарлар берилген даўыслар санына қарап таңлап алынады, қаржыландырылады.

    Онда адамлар "Ашық бюджет" порталы арқалы өз аймағындағы социаллық машқалалар бойынша усынысларын қалдырады. Процесслердиң избе-из даўам ететуғын жойбар киргизиў, таңлаў, үгит-нәсиятлаў басқышларынан өткен жойбарлар даўыс бериў басқышына өтеди. Белгили бир мүддет даўамында даўыслар жыйналып, жеңимпаз деп табылған басламалар мәмлекетлик бюджеттен қаржыландырылады. Әҳмийетлиси, мине усы басқышлардың барлығында тиккелей халқымыздың өзи қатнасады. Мәмлекетлик шөлкемлер ямаса жуўапкер кәрханалардың қатнасы, тәсири болмайды. Барлық киргизилген жойбарлар, оларға берилген даўыслар ҳәм ажыратылатуғын пуллардың ҳәммеси ашық-айдын система арқалы көринип турады. Қаржы да қысқа мүддетлерде ажыратылып атыр.

    "Ашық бюджет" порталының мағлыўматларына бола, жойбардың быйылғы 1-мәўсиминде аймақлар кесиминде ең көп басламалар Самарқанд, Бухара ҳәм Ферғана ўәлаятларынан келип түскен. Ең көп басламалар жеңимпаз болған аймақлар кесиминде болса Ферғана ўәлаяты (254 и) жетекшилик етпекте. Әсиресе, Яккабағлы жерлеслеримиз жойбарда оғада белсенди болғаны көзге тасланады. Себеби, ең көп даўыс жыйнаған топ он екиликтеги жойбарлардың барлығы Яккабағ районынан қойылған басламалар екенин көриў мүмкин.

    Быйылғы мәўсимде бир жойбар ушын ең жоқары баҳа 1 миллиард 500 миллион сумды қурады. Мине, усы қаржыны қолға киргизген Яккабағ районынан қойылған жойбар елимиз бойынша ең көп - 14 634 даўыс жыйнаған. Маъруф Жўраев тәрепинен киргизилген бул жойбарда ишки жолларды оңлаўға байланыслы илажлар нәзерде тутылған. Көшелерди асфальтлаў, пиядалар жолы ҳәм жол өткеллерин ажыратыў усыныслары берилген.

    Жойбарда ең кем - 26 даўыс пенен жеңимпаз болған жойбар да бар. Аҳангаран қаласынан қойылған бул жойбар Муқаддас Ҳожимуродова тәрепинен усыныс етилген болып, онда көше шырақларын орнатыў бойынша баслама алға қойылған. Мыңлаған даўыслар, үлкен жойбарлар арасында бул бираз арзымайтуғындай көриниўи мүмкин. Бирақ буның ушын да аймақ халқы азлы-көпли ҳәрекет еткени, мине, усы басламаны алға қойып, кишкене болса да, машқаланың шешимине бийпәрўа болмағаны қуўанышлы. Турмысымыздағы абаданлық усындай киши машқалаларды шешиўден басланады.

    Мәжбүрий даўыс жыйнаған жойбар жеңимпазлар дизиминен шығарылыўы мүмкин

    Қайырлы басламаның басы да, ақыры да қайырлы болғаны жақсы. Яғный "Басламалы бюджет"те жеңимпаз болыўға умтылыў мәжбүрий даўыс бериўге шақырыў, нызамсыз ҳәрекетлерге себеп болмаўы әҳмийетли мәселе. Жойбардың өткен жыллардағы мәўсимлери бул бағдардағы наразылықларға себеп болғаны, ҳәр сапары "Басламалы бюджет"тиң даўыс бериў басқышы басланыўы менен даўыс бериўдиң ҳәр қыйлы ҳадал емес усылларынан пайдаланыў жағдайлары бақланатуғыны сыр емес. Ҳәр бир даўыс ушын бир нәрсе усыныс етиўлер ашық түске енеди. Сонлықтан, жойбар жетилистирилип барылған сайын бундай жағдайларға шек қойыў илажлары да көрилмекте. Мәселен, 2024-жылдан "Бир пуқара - бир даўыс" принципи енгизилди. Бул бир пуқара, оның атында бир неше СИМ карта болса да, бир мәўсимде тек бир мәрте даўыс бериўи мүмкин екенлигин аңлатады. Бул илаж бир дүнья СИМ карта сатып алып, жойбарының жеңимпазлық имканиятын арттырыўға урынғанлардың ис-ҳәрекетлерине жуўап болды. Буннан тысқары, бул принцип ҳәр қыйлы көринистеги даўыс жыйнаўға мәжбүрлеўлердиң де алдын алады.

    Жойбардың усы жылғы биринши мәўсиминде болса "Басламалы бюджет"те мәжбүрий даўыс бериўге тартыў жағдайлары ҳаққында хабар бериў ушын исеним телефоны иске қосылды. Бул ҳаққында Экономика ҳәм қаржы министрлиги интернет тармақлары арқалы мағлыўматларды усынып барды. Оған бола, даўыс бериў процесинде исеним номерине мәжбүрий даўыс бериўге тартыў жағдайларына байланыслы 20 дан аслам шағым келип түскен. Барлық мүрәжатлар көрип шығыў ушын тийисли район (қала) лық халық депутатлары кеңеслерине жиберилип, жағдай өз тастыйығын тапқан жағдайда бул жойбарлар даўыс бериў басқышынан шетлетилди. Гәп сонда, "Басламалы бюджет" процеси шеңберинде мәжбүрий даўысқа тартыў мәжбүрий мийнет сыпатында классификацияланатуғыны белгиленген ҳәм буған қатаң илажлар көриледи. Мәселен, Қува районындағы пуқаралар мәжбүрий даўыс жыйнаўға тартылыў жағдайы атап өтилгени себепли мәжбүрий даўыс жыйналған жойбарларға анықлық киргизилмекте. Олар жеңимпазлар дизиминен де шығарылыўы мүмкин. Үйрениў нәтийжелерине бола, усы район бойынша жеңимпаз жойбарлар қосымша түрде жәрияланатуғыны айтылды.

    Социаллық тармақларда Ферғана ўәлаяты Қува районындағы 37-мектепте мәжбүрий даўыс бериў жағдайлары бойынша тарқалған хабарларды да көпшилигимиз бақладық. Жуўапкерлер жағдайды итибарсыз қалдырмағаны мәлим болды. Жағдай тийисли ўәкилликли уйымлар тәрепинен үйренилип, ҳақыйқатында да бул мектепте хызметкерлер мәжбүрий даўыс бериўге тартылғаны тастыйықланған. Нәтийжеде Экономика ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен бул мектепте мәжбүрий даўыс жыйнаған жойбарларды даўыс бериў басқышынан шетлетиў бойынша тийисли районлық халық депутатлары кеңесине усыныснама жиберилген.

    Ашығын айтқанда, даўыс бериў ҳәм даўыс жыйнаў халықтың ықтыярындағы мәселе болып, қайырлы иске басқаларды да тартыў, үгит-нәсиятлаўдың жаман тәрепи жоқ. Бирақ бул, жоқарыда атап өткенимиздей, нызамсыз ҳәрекетлер, алдаўларға себеп болмаўы, мәжбүрий түрге енбеўи керек. "Басламалы бюджет"тиң быйылғы биринши мәўсими де үгит-нәсиятлаўлардан жырақ болмады. Даўыс жыйнаў ушын адамлар түрли усылларды қолланды. Соның ишинде, жерлеслерине даўыслары есабынан телефон есап бетин толтырып бериў, бийпул ишимлик ямаса өсимлик майын усыныс етти. "Бир даўыс - 15 мың сум" деген дағазаларда белгиленген баҳа даўыс бериў жуўмағына барып бир неше есеге шекем көтерилип кетти.

    Бундай усыллар нызамшылықта ҳәм жойбар тәртибинде белгиленбеген болса да, адамлардың ықтыярлы таңлаўы да нызамсыз емес. Яғный берилип атырған усынысты қабыл етиў ямаса етпеў ҳәр кимниң өз еркинде. Даўыс бериў де ықтыярлы мәселе. Кимлердур ҳеш қандай мәпсиз өз аймағы ушын даўыс берген болса, кимлердур түрли усынысларды ықтыярлы қабыл етип, бир нәрсе есесине көрсетилген жойбарларға даўыс берди. Ҳәр қандай жағдайда да адамлар қайырлы басламаның қатнасыўшысына айланды.

    Социаллық тармақларда бир ўатанласымыз былай жазды: "Не болғанда да "Басламалы бюджет" адамларды бирлестире алды". Ҳақыйқатында да, жойбар пуқараларда сайлаў кампанияларын алып барыў, өз усынысларын ашық алға қойыў, жәмийеттеги машқалаларға белсендилик көрсетиў көнликпесин қәлиплестирмекте.

    Ирода ТОШМАТОВА,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы


    Телеграм каналымыз
    Text to speech