. "Жаңа Өзбекстан" идеясын өзинде жәмлеген бул системада жаслар менен байланыслы бирде-бир мәселе итибардан шетте қалып атырған жоқ. Мәмлекетимиз басшысының өзи, қалаберди, министр ҳәм ҳәкимнен баслап мәҳәлле баслығына шекем - ҳәммениң жумысы жаслар менен байланысты.

Президентимиздиң жаслар менен гезектеги сөйлесиўинде нәўқыран әўлад ўәкиллериниң түрли тараўларда ерисип атырған жетискенликлери талланды. Олардың басламаларын қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша имканиятлар белгиленди. Қызғын ҳәм жыллы демлерге бай бул ушырасыў жаслардың арзыў-нийетлерине қанат бағышлап, жаңа шеклерге қарай умтылдырғаны сөзсиз.

Өзбекстанда волонтёрлық ҳәрекети жаңа басқышқа көтерилмекте

Ширин ОБИДОВА,

Өзбекстан волонтёрлар ассоциациясы директоры:

- Өзгелерге жәрдем қолын созыў, ең қыйын жағдайларда жәрдем бериў халқымызға тән қәсийет. Мине, усы гөззал пазыйлет бүгинги заманагөй дүньяда волонтёрлық ҳәрекетинде жаңа мәнис алып келмекте. Ҳәзир дүнья халқының 2 миллиардтан асламы волонтёрлық пенен шуғылланбақта. Кейинги жыллары елимизде волонтёрлық жумысының ҳуқықый тийкары ислеп шығылғаны, волонтёрлар мектеби, жоқары оқыў орынларында орайлар шөлкемлестирилгени есабынан бизде де бундай жаслар 5 есеге көбейди. Экология, медициналық хызмет, билимлендириў, айрықша жағдайларда жәрдем көрсетиў бағдарында жумыс алып барып атырған волонтёрлардың саны 100 мыңнан асты.

Мәмлекетимиз басшысының жаслар менен ушырасыўы оғада толқынландырыўшы шараятта өтти. Мәмлекетимиз волонтёрлар жәмийетшилиги волонтёрлық ҳәрекетиниң жаңа басқышына байланыслы әҳмийетли жаңалықлар ҳәм стратегиялық қарарларды үлкен үмит ҳәм исеним менен күткен еди. Үмитимиз бийкар кетпеди. Мәжилисте волонтёрлық ҳәрекетине айрықша итибар берилди. Ҳәрекеттиң системалы раўажланыўын қоллап-қуўатлаўшы илажлар қабыл етилди.

Исбилермен жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, белсенди кеўилли жаслардан ибарат Волонтёрлық ҳәрекетин раўажландырыў бойынша қәўендерлик кеңесин шөлкемлестириў усыныс етилди.

Жаслар ислери агентлигинде "Волонтёрлықты қоллап-қуўатлаў" қоры дүзилетуғыны белгиленди. Бул қорға ҳәр жылы бюджеттен 20 миллиард сумнан қаржы бериледи. Буған қосымша ўәлаят ҳәкимлери де жергиликли бюджеттен 3 миллиард сумнан ажыратады.

Бул қаржылар есабынан жаслардың волонтёрлық жойбарларына 100 миллион сумға шекем грант қаратылады. Ықтыярлы жасларға "социаллық белсендилик картасы" ашылып, экология, социаллық қорғаў, медицина, билимлендириў, жәмийетлик қәўипсизлик сыяқлы бағдарлардағы қатнасына қарап, балл берилип барылады.

Итибар, хошамет бар жерде раўажланыў болады. Бирақ бийғәрез, материаллық мәп көрмеў тийкарына қол қатылмаўы керек. Ҳәзирги ўақытта усынылып атырған хошаметлеў системасында ақша айланысы емес, ал онлайн баллар системасы жолға қойылыўы нәзерде тутылған. Барлық процесс "социаллық белсендилик картасы", қалаберсе, volunteer.uz бирден-бир платформасы арқалы бақлап барылады.

Инклюзив волонтёрлық - Социаллық қорғаў миллий агентлиги кейинги жыллары жедел қоллап-қуўатлап киятырған бағдарлардан бири. Өткен жылы биринши мәрте халықаралық илаж шеңберинде биз бир жәмәәт сыпатында әйне инклюзия, яғный жасы, келип шығыўы, көриниси, майыплығы бар-жоқлығына қарамастан, жаслардың жақсылық жолында бирлескенин көрдик. Быйыл болса пүткил республика көлеминде мыңнан аслам интакер жасты мине усындай инклюзив майданда, инклюзив волонтёрлық әтирапында бирлестириў нәзерде тутылған.

Бүгин волонтёр болыў тилегиндеги жаслардың көп екенлиги қуўанышлы. Олардың арасында 10-12 жасар балалар да бар. Негизинде волонтёрлық пенен инсан тек ғана жәмийетке емес, ал өзине де жәрдем береди, яғный көп қырлы пуқара, бахытлы инсан сыпатында өзин қәлиплестиреди.

Юристлик, шыпакерлик, оқытыўшылық сыяқлы көплеген кәсип ийелери қатарымызда биз бенен бирге екени халқымыздың мийрим-шәпәәтли, кеңпейил екенинен дәрек береди. Олар жақсылық үлестириўге бел байлаған волонтёрлар болып есапланады.

Быйыл волонтёрлық жойбарлар ҳәм жылдың волонтёрлары таңлаўларын өткеремиз. Онда тек ғана жәрдемге таяр, пидайы өзбек жигит-қызларын емес, ал дүнья бойлап жақсылық жолындағы қаҳарманларды да табыўға ҳәрекет етемиз.

Мәмлекетимиз басшысы менен ушырасыў әне усы басламаларымызға кеңнен жол ашты. Қызғын сөйлесиў ўақтында ҳәммемиз итибар ҳәм ғамқорлық, қоллап-қуўатлаўды сезип турдық. Өзбекстанда волонтёрлық ҳәрекети жаңа басқышқа көтерилмекте.