Бүгин биз Стамбул қаласында ИБШ Сыртқы ислер министрлери кеңесиниң 51-сессиясына дүньяда турақсызлық күшейип атырған оғада тынышсыз ҳәм қыйын бир ўақытта жыйналдық. Дипломатия тийкарында зәрүр шешимлерди ислеп шығыў ушын улыўма ҳәрекетлеримизди бирлестириў үлкен әҳмийетке ийе. Биз бәрқулла барлық келиспеўшиликлерди сөйлесиў жолы менен шешиўге шақырғанбыз, - деп жазады СИМ басшысы өзиниң Телеграм каналында.
Орайлық Азия регионы ҳеш қашан ҳәзиргидей бирлеспеген еди - биз ҳәр қандай мәселеге ҳәмме ушын пайдалы ең мақул шешимлерди биргеликте табыўымыз мүмкин екенлигин әмелде дәлилледик.
Өзбекстан бирлик, әдиллик ҳәм қарым-қатнас тәрепдары - әсиресе, ислам дүньясында кескинлесип атырған келиспеўшиликлер фонында бул және де әҳмийетли. Биз тынышлыққа ерисиў, халықаралық ҳуқық нормаларына әмел етиў ҳәм гуманитарлық басламаларды қоллап-қуўатлаў зәрүрлигин және бир мәрте қатаң атап өттик.