Бахтиёр Саидов ШБШ Сыртқы ислер министрлери кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасты

    Қытайда сапар менен болып турған Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Тяньжин қаласында ШБШ Сыртқы ислер министрлери кеңесиниң мәжилисинде қатнасты.

    Қытайдың табыслы басшылығын ҳәм көрсетилген қызғын миймандослықты жоқары қәдирлеймиз, - деп жазады СИМ басшысы өзиниң Телеграм каналында. - Болажақ Мәмлекет басшылары саммитинде қабыл етилетуғын ШБШ-2035 Раўажланыў стратегиясы, Тяньжин декларациясы және саўда, транспорт ҳәм қәўипсизлик тараўларындағы әмелий басламалар кең регионымыздың абаданлығы жолында хызмет ететуғынына исенемиз.

    Глобал шақырықлар артып баратырған бүгинги шараятта ШБШ шаңарағындағы аўызбиршилик ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли. Өзбекстан барлық ағза мәмлекетлер менен тыныш, абадан ҳәм өз-ара байланыслы келешек жолында жедел бирге ислесиўге таяр.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates