Ушырасыўда СИМ басшысы Өзбекстан Республикасы Президенти Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевтиң қызғын сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин Қытай Халық Республикасы Баслығы Уллы Мәртебели Мырза Си Сзинпинге жеткерди.
Сондай-ақ, ушырасыў даўамында Сыртқы ислер министрлери менен биргеликте саўда, транспорт байланыслары ҳәм мәдений алмасыўларды өз ишине алған барлық тараўларда бирге ислесиўди тереңлестириў жоллары додаланды.
Биз ШБШ шеңберинде бирге ислесиўди беккемлеў, улыўма абаданлықты тәмийинлеў, регионаллық турақлылық ҳәм раўажланыўға жәрдемлесиў бағдарында биргеликте ҳәрекет етиўимизди және бир мәрте атап өттик, - деп жазады СИМ басшысы өзиниң Телеграм каналында.








