"Европа Аўқамының сыртқы ислер ҳәм қәўипсизлик сиясаты бойынша Жоқары ўәкили, Европа комиссиясының вице-президенти Кая Каллас ханым менен телефон арқалы сөйлесиў өткердик, - деп жазады Өзбекстан сыртқы ислер министри өзиниң телеграм-каналында. - Сөйлесиўимиз даўамында еки тәреплеме ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиў шеңбериндеги бир қатар темаларды қамтып алдық. Регионларымыз арасындағы бирге ислесиў жедел пәтлер менен раўажланып атырғанын атап өттик. Көп нәтийжелерге еристик, еле алдымызда және де кең имканиятлар бар. Быйыл Самарқанд қаласында болып өтетуғын Орайлық Азия - Европа Аўқамы саммитин интизарлық пенен күтпектемиз".
Еслетип өтемиз, Эстония бурынғы бас министри, 47 жасар Кая Каллас 2024-жыл 1-декабрь күни Жозеп Боррелдиң орнына Европа Аўқамының сыртқы ислер ҳәм қәўипсизлик сиясаты бойынша Жоқары ўәкили, Европа комиссиясының вице-президенти лаўазымын рәсмий түрде ийеледи.