Ушырасыўда Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң әмелий орынланыўына айрықша итибар қаратылып, еки Мәмлекет Басшылары тәрепинен Аўқамласлық қатнасықларын ҳәм стратегиялық шерикликти беккемлеў, сиясий сөйлесиўди раўажландырыў, саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиў, мәдений ҳәм гуманитарлық байланысларды тереңлестириў және көп тәреплеме структуралар шеңберинде тығыз бирге ислесиўди даўам еттириў бойынша берилген тапсырмаларды әмелге асырыўда сыртқы сиясат уйымлары арасында тығыз бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алынды.

Буннан тысқары, билимлендириў, инновациялар, инфраструктура, регионаллық қәўипсизлик ҳәм басқа да тараўларда бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери де додаланды.

"Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы өз-ара инвестицияларды хошаметлеў ҳәм исбилерменлик байланысларын жеделлестириў жолларын додаладық", - деп жазады СИМ басшысы өзиниң Телеграм каналында.