Ол барлық заман ҳәм мәканда нәзик қәлби ҳәм тулғасы менен сынақлардан мәртлик пенен өтип келген. Узаққа бармайық, жақын-жақынға шекем мәжбүрий мийнеттен тийкарынан аўыл ҳаяллары жәбир көрди. Пахта себепли баласын атыз басында өсиргенлер де, мийирбийке яки оқытыўшы статусы менен атызға қуўылғанлар да сол - аўыл ҳаялы еди!
Кейинги жыллардағы реформалар себепли мәжбүрий мийнет толық сапластырылды. Бүгин аўыл мийирбийкеси өз жумысы менен, муғаллимлеримиз билим бериў менен бәнт. Олардың ҳуқықына кимдур қол урса, дәрҳал шара көриледи. Ҳақлары тикленеди. Усының өзи-ақ жаңа Өзбекстанда инсан қәдири улығланып, ҳаял-қызлар қәдирленетуғынын көрсетеди.
Өзим жасайтуғын Хожели Қарақалпақстанның алыс аймақларынан бири. Бул жерде узақ жыллардан берли фермер хожалығының баслығы сыпатында жумыс алып барып атырман. Буннан тысқары, өсимликлердеги ҳәр қыйлы кеселликлерге қарсы гүресиўши жеке лабораториямыз бар. Усы бағдарда қырық жылдан берли жумыс алып бараман. Фермер хожалығымыз көп тармақлы. Қусшылық, дийқаншылық ҳәм шарўашылық пенен шуғылланамыз. Бүгин аўыл ҳаялына жаратылып атырған имканиятлар дегенде мине усы жумысларым көз алдыма келеди. Мен де әпиўайы аўыл қызыман. Азғана мийнетим, умтылысым себепли бүгин үлкен нәтийжелерге ериспектемен. Мәселен, бир неше жыл алдын берилген жеңилликлер себепли фермер хожалығымызға жаңа трактор алыў имканиятына ийе болдық. Бул жумысымызды бираз жеңиллестирди.
Өсимликлер карантини бойынша қырық жыллық тәжирийбем бар. Өсимликлер дүньясын бақлап, көрип оларды да адамларға уқсатқым келеди. Тәбиятта зыян көбейсе, ҳаўа райы қолайсыз болса, өсимликлерде кеселлик ҳәўиж алады. Өсип-раўажланыў болмайды. Буның ушын, бәринен бурын, өсимликлерди ҳәр қыйлы ҳаўа-райына шыдамлы, иммунитети күшли етиў илажлары көриледи. Жәмийетте де сондай екен. Қыйыншылық көп болса, бәринен бурын, ҳаял-қызлар сынаққа дус келеди. Еркеклерге сүйениш болыў, шаңарағының тынышлығын тәмийинлеў, үйдиң бар-жоғын сездирмей жасаў - ҳәммеси ҳаялдың мойнына жүк болады.
Кейинги жыллардағы өзгерислер себепли аўыл ҳаялының турмысы түп-тийкарынан өзгерди. Мәмлекеттиң раўажланыўы тиккелей ҳаял-қызлардың белсендилигине байланыслы екени тән алынып, соған жараса түрде реформалар әмелге асырылмақта. Президентимиз "Бир қызды оқытсақ, пүткил шаңарақты оқытқан боламыз", деп бир неше мәрте атап өтти. Аналардың билимли болыўы ушын, бәринен бурын, ҳаял-қызлар билимлендириўине қаратылып атырған итибарды еслеўимиз керек. Мәселен, жеңиллетилген тәризде оқыўға қабыллаў жолға қойылды. "Ҳаял-қызлар дәптери" себепли социаллық жәрдемге мүтәж аналар, апа-сиңлилеримиз қоллап-қуўатланбақта. Және бир мысал, еки жыл бурын мәҳәллемизде еки қабатлы заманагөй бақша қурылды. Бүгин мәҳәллемиздиң ҳаял-қызлары биймәлел перзентлерин бақшаға қалдырып, өз жумыслары менен толық шуғылланыўы мүмкин. Жаңа Өзбекстанда бақшалардың кеңнен енгизилиўи бүгин алыс аўыллардағы көпшилик ҳаял-қызлардың арзыў-әрманларының әмелге асыўына хызмет етпекте. Олар үй-руўзыгершилик, балаға қараў сыяқлы жумыслардан тысқары, орынлардағы орайларда бийпул билим, кәсип-өнер үйренбекте. Булардың барлығы елимизде ҳаял-қызлар қәдирленетуғынын көрсетеди. Бүгин бахытлы болыў ушын барлық имканият бар, бирден-бир шәрти сол, соған мүнәсип тәризде мийнет етиў керек!
Тажибийка МАТКАРИМОВА,
"Жасыл тәбият био орайы" биолабораториясының баслығы