Беларустың Өзбекстандағы жаңа елшиси тайынланды

    Александр Сергеевич Огородников Беларустың Өзбекстандағы жаңа елшиси етип тайынланды.

    Атап өтилиўинше, бул ҳаққында мәмлекет басшысы Александр Лукашенко 14-январь күни қарар қабыл еткен.

    Ол 1970-жыл 23-июньде Минскте туўылған. 1993-жылы Минск радиотехника институтын "Микроэлектроника ҳәм ярымөткизгишли қурылмалар" қәнигелиги бойынша тамамлаған. Магистратураны болса 2007-жылы Беларус мәмлекетлик экономика университетиниң "Экономика ҳәм халық хожалығын басқарыў" қәнигелиги бойынша тамамлаған.

    Ол тайынлаўға шекем - 2022-жыл май айынан берли санаат министриниң биринши орынбасары лаўазымында ислеп киятырған еди.