Белсенди ҳаял-қызлар «Итибар-2024» сыйлығы менен сыйлықланды

    Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында «Итибар-2024» сыйлығын тапсырыўға арналған салтанатлы илаж өткерилди.

    Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды қутлықлады.

    Атап өтилгениндей, бүгинги күнде елимизде ҳаял-қызларға деген итибар мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген болып, усы тийкарда олардың жәмийетлик-сиясий турмысымызда белсендилиги артып, барлық тараўларда жоқары нәтийжелерге ерисип келмекте.

    Соны да айрықша айтыў керек, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша илажлар даўам еттирилип, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликке тартыў бағдарында көплеген жеңилликлер берилмекте, әсиресе, социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызларымыз материаллық ҳəм руўхый жақтан қоллап-қуўатланып атыр.

    Өткерилген илажда елимиздиң социаллық-экономикалық ҳəм жəмийетлик-сиясий турмысында белсендилик кѳрсеткен, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў жолында нәтийжели жумыс алып барып атырған ҳаял-қызларымыздың мийнетлери баҳаланып, оларға «Итибар-2024» сыйлығы тапсырылды.

    Сондай-ақ, «Жыл ҳаялы» ҳәм «Гендер теңлик белсендиси» таңлаўларының Қарақалпақстан Республикасы басқышының жеӊимпазлары сыйлықланды.

    -«Гендер теңлик белсендиси» миллий таңлаўының Қарақалпақстан басқышында гендер теңликти тәмийинлеўде ең белсенди район ҳәкимлиги номинациясында жеңимпаз болып табылдық,-дейди Шымбай районы ҳәкиминиң орынбасары, Гүлзар Мәмбетниязова.-Сондай-ақ, «Ең белсенди ҳәким орынбасары» номинациясын да жеңип алыўға миясар болдық. Бул бизлерге үлкен қуўаныш бағышлап, алдағы ўақытлары да еле де жигерли мийнет етиўге шақырады.Илаж көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.