Бес бармақ бирлессе, муш болар

    Пикир 1 желтоқсан 2025 48

    Өзбекстан Президентиниң "Орайлық Азия жаңа дәўир босағасында" мақаласын оқып...

    Ҳәр қандай мәмлекет ҳәм миллеттиң ҳәр бир дәўирде өз жетекшиси болады. Мәмлекет ҳәм миллеттиң абаданлығы, абырай-мәртебеси, келешеги көп тәреплеме усы жетекшиге байланыслы екени де ҳақыйқат. Оғада данышпан ҳәм сиясий бәркамал мәмлекет басшысы усы мәмлекет пуқараларының бахты, мақтанышы болып табылады.

    Усы мәниде, Президент Шавкат Мирзиёев көп миллетли Өзбекстан халқына Жаратқан Алла инаят еткен уллы жолбасшы екени ҳеш кимге сыр емес. Бүгин пүткил дүнья жүзи Өзбекстанға ҳәўес пенен қарап атыр. Буның себеби, мәмлекет жетекшисиниң машақатлы мийнети ҳәм данышпанлық қәбилети. Буны мәмлекетке барған ҳәр бир мийман шын кеўилден сезеди. Шавкат Мирзиёев тек ғана Өзбекстанды жаңа жолға баслап қоймастан, ал пүткил Орайлық Азия басшыларының басын бириктире алды.

    Солай етип, әййемги регионымыз жаңа Орайлық Азияға айланды. Өзбекстан жетекшисиниң узақты гөзлеген әдалатлы ҳәм дана тактикалық және стратегиялық сиясаты көпшиликти таң қалдырды.

    2024-жылдың жазында "Ватандош" жәмийетиниң "Чинор" жойбары себепли Ташкент, Самарқанд ҳәм Бухара қалаларын тамашалап, мәмлекеттиң ҳәр тәреплеме жаңаланып атырғанын өз көзим менен көрдим. Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен бес бармақ - Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстан бирлесип, муш болыўға еристи. Бул муш биреўге ҳүжим етиўге емес, ал бирден-бир мақсет - регионда жасайтуғын халықлардың турмыс дәрежесин және де жақсылаўға хызмет етпекте. Бул процессте Өзбекстан басшысының интакерлиги алғысқа ылайық.

    "Бүгин биз ҳақыйқый тилеклеслик басқышына өтип атырмыз, - деп жазады Шавкат Мирзиёев тарийхый мақаласында. - Бизиң регионымызда узақ жыллар даўамында биринши мәрте биргеликте алға қарай барыўымыз ушын тийкар болып хызмет етип атырған өз-ара исеним, жақсы қоңсышылық ҳәм ҳүрмет орталығы қәлиплеспекте".

    Ҳақыйқатында да, жаңа Орайлық Азияның дүнья жәмийетшилигине өзиниң еркин ҳәм әдалатлы ҳаўазына ийе екенин көрсетиўи ҳақыйқый мәртлик болды. Бул қүдиретли мәмлекетлердиң жаңа Орайлық Азия менен тең дәрежеде мүнәсибет орнатыўына алып келди. "Орайлық Азия - Қытай", "Орайлық Азия - Россия", "Орайлық Азия - АҚШ", "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" саммитлери буның айқын дәлийли болып есапланады.

    Шавкат Мирзиёевтиң ҳәр бир үлкен-киши имканияттан үнемли пайдаланыўы бес мәмлекет басшылары арасындағы қатнасықларды және де қызғынластырыўға қолайлы орталық жаратты.

    Өтмиштеги ўақыя-ҳәдийселер ҳәм машқалаларды еслесеңиз, денеңизди таңланыў бийлейди. Ырасында да XXI әсирде усындай күнлерди басымыздан өткергенбиз бе?! Тарийхты унамлы тәрепке өзгертиўге болады екен ғой!

    Регионаллық бирге ислесиў бағдарында басланған жаңа басқыштың ең әҳмийетли жетискенликлеринен бири - шегара мәселелери үзил-кесил шешилгени болып есапланады. Усы жылдың март айында Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан арасында үш мәмлекеттиң шегаралары тутасқан ноқат ҳаққындағы шәртнама және Хоженд декларациясына қол қойылғаны тарийхый әҳмийетке ийе ўақыя болды. Буны ҳақылы түрде дүньялық ўақыя, деп атаў мүмкин.

    Президенттиң мақаласын оқып, онда жоқары дәрежедеги режелерди көрдим. Булар бес жетекши тәрепинен айтылған мүддетте ҳәм сөзсиз орынланатуғынына да исенемен. Себеби Орайлық Азияда басшылар ҳәм халықлар арасында жоқары исеним пайда болды. Бул жерде еки ойлылық жоқ. Өз-ара тең мәпдарлықтың абзаллығын ҳәмме сезинип, билип, қабыл етип атыр. Барыў-келиў, алыў-бериў ҳақыйқый инсап тийкарында жолға қойылмақта. Региондағы тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас ҳәм әдил пайдаланыў зәрүрлиги тән алынбақта. Әсиресе, сыртқы сиясатта мәсләҳәтлескен ҳәм келисилген ҳалда жол тутыў дурыс деп табылып атыр.

    Бул әййемги үлкеден Әбиў Райхан Беруний, Әбиў Әлий ибн Сина, Улығбек, Абдураҳман Жәмий, Әлийшер Наўайы, Мақтумқулы, Абай, Шыңғыс Айтматов сыяқлы дүньяға белгили ойшыллар жетисип шыққан. Дүньяның барлық мүйешинде оларды таныйды, биледи ҳәм ҳүрметлейди. Оларды дүнья әлле қашан тән алып болған. Бул ойшыллардың тән алыныўы - Орайлық Азияның тән алыныўы болып есапланады. Бул ҳақыйқатты ҳеш қашан умытпаўымыз керек.

    Аман болсақ, 2040-жылға шекем мөлшерленген үлкен режелердиң әмелий нәтийжесин де көремиз, әлбетте. Буған исеним бар. Исенимим кәмил, шегаралардағы өтиў-қайтыўға байланыслы жағдай және де аңсатласады. Әдебий ҳәм мәдений байланыслар да және де беккемленеди. Туристлердиң барып-келиўине және де қолайлық жаратылады. Региондағы ҳәр бир мәмлекеттиң миллий байрамы ҳәмме ушын қуўанышлы түрге енеди ҳәм бул халықлар арасындағы дослықты, қызғынлықты беккемлейди. Жаңа Орайлық Азия мәмлекетлери орайлық телевидениесинде "Дослық байланыслары" атамасындағы телекөпир шөлкемлестириледи. Онда мәмлекетлердиң белгили шахслары ҳаққындағы көрсетиўлер көрсетиледи. Бул халықлардың руўхын көтериўде мүнәсип орын ийелейди. Регион тарийхына байланыслы ең жақсы ҳәм заманагөй шығармалар ушын сыйлықлар белгиленеди. Олар барлық тиллерге аўдарылады. "Орайлық Азия" журналы шөлкемлестириледи.

    Бул пикирлер Президент Шавкат Мирзиёевтиң мақаласының руўхынан ғана сезилип тур. Мақала темаға оғада альтернатив жазылған, онда тек ғана жаңа Өзбекстан емес, ал Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм халықларының өтмиши, бүгини ҳәм айдын келешегине қалыс баҳа берилген. Алдында әҳмийетли режелер бар екенлиги атап өтилген. Бул әҳмийетли ҳәм қәдирли ҳүжжет Тәжикстанға да тийисли болғаны ушын өз пикиримди билдириўди мақул көрдим.

    Қулласы, Өзбекстан Президенти унамлы жаңаланыў процесиниң интакери сыпатында танылды. Буны пүткил дүнья жүзи ашық-айдын тән алмақта.

    Неъмат Муҳаммад САИД,

    Тәжикстан баспасөзи ағласы, шайыр

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates