Бес миллион жасалма интеллект жетекшилери

    Пикир 17 желтоқсан 2025 56

    Бүгин жасалма интеллект технологияларының жедел раўажланыўы дүньядағы глобал өзгерислердиң жетекши факторларынан бирине айланып үлгерди.

    Оны экономика ҳәм социаллық турмыстың барлық тараўларына енгизиў ҳеш бир мәмлекет ушын инновациялық үстинлик емес, ал бәсекиге шыдамлылық, нәтийжели мәмлекетлик басқарыў, халықтың турмыс сапасы ҳәм жаңалықлар пәтин белгилеп беретуғын турмыслық зәрүрликке айланды.

    Жасалма интеллект қарар қабыл етиў моделлерин өзгертеди, ресурслардан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлейди ҳәм дәстүрий усыллар менен ерисип болмайтуғын жоқары технологиялық имканиятларды жаратады.

    Әсиресе, инсан өмири ушын шешиўши тармақларда жасалма интеллекттиң орны шексиз. Атап айтқанда, ол медицина тараўында кеселликлерди ерте анықлаў, үлкен мағлыўматлар базасын таллаў ҳәм емлеў нәтийжелилигин арттырыўда қол келмекте. Бул бағдарда АҚШ, Қубла Корея ҳәм Уллы Британия сыяқлы мәмлекетлер сезилерли нәтийжелерге ерискен.

    Билимлендириў тараўында болса жасалма интеллект индивидуал билимлендириў бағдарын қәлиплестириў, баҳалаў процесин автоматластырыў ҳәм бейимлестирилген оқыў ресурсларын жаратыў имканиятын бермекте. Финляндия ҳәм Сингапурда бул технологиялар билимлендириў системасының ажыралмас бөлегине айланған.

    Транспорт тараўында жасалма интеллект альтернатив ҳәрекет системалары, интеллектуал жол ҳәрекетин басқарыў сыяқлы шешимлердиң тийкары болып хызмет етпекте. Буның әмелий үлгилерин АҚШ, Қытай, Германия ҳәм Японияда көриў мүмкин.

    Дүнья тез пәт пенен раўажланып атырған сайын заманагөй технологияларға талап та артып бармақта. Атап айтқанда, космостан пайдаланыў шексиз имканият ҳәм мәмлекетлер экономикасының тийкарғы ноқатына айланып үлгерди. Бүгинги күнге келип жәҳән базарында тараўдың экономикалық үлеси 630 миллиард доллардан артты. Аналитиклер бул сан 2030-жылға барып бир триллион долларға, 2035-жылда болса еки триллион долларға жетиўи мүмкин екенлигин болжамақта.

    Космослық санаатта жасалма интеллект космослық аппаратларды автоном басқарыў, жер бети сүўретлерин қайта ислеў ҳәм илимий мағлыўматларды таллаўда әҳмийетли қуралға айланбақта.

    Буннан сегиз жыл бурын елимизде санластырыў ҳәм жоқары технологиялы жойбарларды қоллап-қуўатлаў бойынша тутас мәмлекетлик сиясаты жоқ, санлы инфраструктура ири жойбарлар ушын жетерли емес, кадрлар жетиспейди, билимлендириў бағдарламалары үлкен мағлыўматлар, робототехникаға бағдарланбаған еди.

    Кейинги жыллары бул тараўда үлкен өзгерислер басланды. "Санлы Өзбекстан - 2030" стратегиясы ислеп шығылды. Технологиялық парклер, заманагөй IТ хаблар шөлкемлестирилди. Қәнигелер таярлаў бағдарламалары сезилерли дәрежеде кеңейтилди. Медицина, билимлендириў, транспорт ҳәм мәмлекетлик басқарыў тараўларында санлы реформалар әмелге асырылмақта.

    Өзбекстан халықаралық инновациялық жойбарларға қосылып, жасалма интеллект тийкарындағы шешимлерин ислеп шығыў, жаслардың стартап басламаларын қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қарата баслады.

    Пайтахтымызда усы жылы 28-ноябрь күни жасалма интеллект бойынша болып өткен халықаралық форумда Бирлескен Араб Әмирликлери менен биргеликте старт берилген "Бес миллион жасалма интеллект жетекшилери" жойбары елимиздеги реформалардың жаңа басқышы басланғанынан дәрек береди.

    Бул жойбар шеңберинде 2030-жылға шекем 4 миллион 750 мың оқыўшы ҳәм студент, 150 мың оқытыўшы ҳәм 100 мың мәмлекетлик хызметкерди оқытыў нәзерде тутылған. Онда жасалма интеллект мектеп, кәсиплик билимлендириў ҳәм жоқары билимлендириў системаларына интеграцияланады.

    Жойбарды иске қосыў мәресиминде мәмлекетимиз басшысы "Исенемен, 5 миллион жасалма интеллект жетекшилери" бағдарламасы келешекте экономика драйверине айланып, мәмлекетимиздиң жедел раўажланыўы ушын пәт бағышлайды", деди.

    Бул исенимли қәдем Өзбекстанның санластырыў жолындағы белгили әмелиятлардан ғалабалық, инклюзив ҳәм санлы раўажланыўға өткенин аңлатады. Бул болса, өз гезегинде, интеллектуал технологиялардан нәтийжели пайдалана алатуғын жәмийетти қәлиплестириўге қаратылған стратегиялық бағдар болып есапланады.

    Әлбетте, бундай бағдарламалар мәмлекетимиздиң глобал инновациялық экономикадағы орнын беккемлеў жолында үлкен әҳмийетке ийе.

    Президентимиз 1-декабрь күни денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, транспорт ҳәм космос тараўларында жасалма интеллект технологияларын енгизиў бойынша исленип атырған жумыслардың презентациясы менен танысты.

    Мәмлекетимиз басшысының октябрь айында қабыл етилген "Жасалма интеллект технологияларын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманы ҳәм "Жасалма интеллект технологияларын 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында"ғы қарары менен елимизде бул бағдарда зәрүр инфраструктура жаратыў ҳәм кадрлар таярлаў ушын барлық шараятлар жаратылғанын атап өтиў керек.

    Атап айтқанда, жасалма интеллект технологияларынан пайдаланыў ушын зәрүр есаплаў инфраструктурасы қурылмақта. Соның ишинде, АҚШтың “Nvidia” компаниясы менен биргеликте суперкомпьютер кластерин иске қосыў жойбары әмелге асырылмақта.

    - Мәжилисте Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң санластырылған жағдайы ҳәм тараўға жасалма интеллектти енгизиў мәселелери көрип шығылды, - дейди денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары Олим Омонов. - Медицина тараўында жасалма интеллект бойынша 5 жойбар енгизилмекте. Инсульт, көкирек ракин жасалма интеллект жәрдеминде анықлаў арқалы диагностика ўақты 80 процент үнемленип, өмир ушын қәўипли жағдайлар ерте анықланбақта. Сондай-ақ, жасалма интеллект жәрдеминде диагноз қойыў имканиятларын кеңейтиў мақсетинде республикалық қәнигелестирилген медицина орайларында жаңа диагностика системаларын енгизиў режелестирилген. Бул системалар баўыр, өкпе ҳәм простата бези раги, инфаркт ҳәм қурамалы сүйек сыныўларын анықлаўда медициналық сүўретлерден пайдаланыўды нәзерде тутады.

    Бул жойбарларда, биринши гезекте, орынлардағы жуўапкерлердиң маманлығын арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ, министрлик тәрепинен жаратылған бирден-бир платформа - DMED мәлимлеме системасында барлық процесслерди жасалма интеллект арқалы әмелге асырыў көрсетип өтилди.

    DMED24 миллион халықтың электрон медициналық картасын киргизиў имканиятына ийе болған бирден-бир медициналық мәлимлеме системасы есапланады. Бул платформада медицина хызметкерлери ҳәм фармацевтика компаниялары арасындағы жасырын келисимлердиң алдын алыў мақсетинде "Электрон рецепт" модули ислеп шығылған.

    Бул модул дәри-дәрманның дозалары ҳәм түрлерин есапқа алған ҳалда рецептлерди электрон түрде бериў, олардың маркировкасын қадағалаған ҳалда сатыў, есабат жүргизиў процесин автоматластырыў ҳәм наўқаслар ушын мобил қосымша арқалы рецептлер ҳәрекетин бақлап барыў имканиятын береди. Сондай-ақ, халық ҳәм шыпакерлер ушын мобил қосымшалар жаратылған.

    Бир сөз бенен айтқанда, қойылып атырған ҳәр бир қәдем, әмелге асырылып атырған ҳәр бир реформа, енгизилип атырған ҳәр бир система халқымыздың абадан турмысы ҳәм елимиздиң раўажланыўы ушын хызмет етеди.

    Лутфулла СУВОНОВ,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates