Илаж алдынан мәмлекетимиз басшысы жасларымыз тәрепинен жасалма интеллект тараўында жаратылған жойбарлар ҳәм стартаплардың презентациясы менен танысты.
Президентимиз қәбилетли жас қәнигелер менен сәўбетте мәлимлеме технологиялары тараўының стратегиялық әҳмийети, мәмлекеттиң турақлы раўажланыўы ҳәм бәсекиге шыдамлылығындағы шешиўши орнын айрықша атап өтти. Көрсетилген түрли бағдарлардағы инновациялық қолланбалар Өзбекстанда заманагөй санлы экосистеманың қәлиплесиўи ҳәм әмелге асырылып атырған реформалардың әмелий нәтийжелерин айқын сәўлелендириўи атап өтилди.
Соның менен бирге, мәмлекетимиз басшысы стартап ҳәм технологиялық басламаларды қоллап-қуўатлаў, қолланбаларды миллий экономикаға кеңнен енгизиў бойынша жаңа механизмлердиң әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Президентимиз форумның ашылыўында шығып сөйлеп, оның барлық қатнасыўшыларын қызғын қутлықлады.
Ол XXI әсирде мәлимлеме технологиялары ҳәм санластырыў процесслери ҳәр қандай мәмлекет раўажланыўының тийкарғы өлшемине айланып атырғанын атап өтти.
Жасалма интеллект бүгинги күнде тар шеңберде қәнигелескен қурал емес, ал экономиканың барлық тараўларына, мәмлекетлик басқарыў системасына, күнделикли турмысқа терең кирип баратуғын фундаментал факторға айланбақта.
- Биринши ҳәм Екинши Ренессанс дәўиринде цивилизациямыздың даңқын шығарған уллы алымлар - Муҳаммед ал-Хорезмий, Әбиў Райхан Беруний, Мырза Улығбек алгоритм, математика ҳәм логиканы раўажландырыўға үлкен үлес қосып, жасалма интеллект тараўындағы бүгинги раўажланыўға тийкар салған, десек, қәте болмайды,-деди Президент.
Мәмлекетимиз басшысы бул бийбаҳа илимий мийрастың мийрасхорлары сыпатында биз жаңа технологияларға ашық болыўымыз, оларды мәмлекетимиздиң буннан былай да раўажланыўының қүдиретли таянышына айландырыўымыз керек екенлигин айрықша атап өтти.
Халықаралық алдынғы тәжирийбелер тийкарында Миллий стратегияны қабыл етиў жасалма интеллект тараўын трансформациялаўдағы биринши қәдем болды.
Нәтийжеде санлы экономиканың мәмлекет жалпы ишки өниминдеги үлеси 2 есеге артты. Жасалма интеллект ҳәм санлы технологиялар тараўына тиккелей инвестициялардың көлеми дерлик 2 миллиард долларға жетти.
Кейинги жылларда IТ-хызметлер экспорты 4,5 есеге көбейип, 1 миллиард долларға шамаласқаны бул реформалардың нәтийжелилигин анық тастыйықлайды.
Буннан тысқары, жақында Англия ҳуқықына тийкарланған арнаўлы режимде ислейтуғын Санлы технологиялар халықаралық орайы шөлкемлестирилди.
IТ-қәнигелерин таярлайтуғын жоқары оқыў орынларының саны дерлик 3 есеге көбейип, 145 ке, студентлер саны болса 80 мыңға жетти.
2019-жылы Бирлескен Араб Әмирликлери менен биргеликте басланған "Бир миллион программист" бағдарламасының көлеми кескин кеңейди: 2 миллионнан аслам жаслар оқытылды. "Эл-юрт умиди" қоры арқалы 100 ге шамалас қәбилетли жас қәнигемиз дүньяның жетекши университетлеринде билим алмақта.
- Исенемиз: олар ертең Ўатанға қайтып, жасалма интеллекттиң ең алдынғы жетискенликлерин билимлендириў, экономика ҳәм мәмлекетлик басқарыўға енгизиўдиң "драйвери" болады,-деди Президент.
Сондай-ақ, жасалма интеллектти билимлендириў системасына интеграциялаў, муғаллимлерди қайта таярлаў, мектеп ҳәм жоқары оқыў орынларында санлы саўатлылықты арттырыў бағдарламалары әмелге асырылмақта.
Жасалма интеллект технологиялары бүгинги күнниң өзинде тармақлардың нәтийжелилигин, биринши гезекте, медициналық хызметлердиң сапасын сезилерли дәрежеде арттырмақта.
Соның ишинде, санлы диагностика системаларын енгизиў арқалы 50 мыңнан аслам наўқас АИ алгоритмлеринен пайдаланған ҳалда анық жуўмақ алды, бул болса шыпакерлердиң жүклемесин сезилерли дәрежеде азайтыў ҳәм хызмет көрсетиў ўақтын 5-7 есеге қысқартыў имканиятын берди.
Қарақалпақстанда өткерилген улыўма миллий "Саламатлық марафоны" даўамында 45-65 жастағы 4 мыңға шамалас ҳаял-қыз маммография тексериўинен өткерилди. Бирлемши сүўретлердиң 70 проценти елимиздиң жасалма интеллект платформасы тәрепинен талланып, 98 проценти шыпакерлер тәрепинен тастыйықланған. Диагноз қойыў мүддети бир неше күннен еки саатқа шекем қысқарды.
IТ-стартаплардың инновациялық экосистемасы да жедел раўажланбақта: соңғы жыллары олардың саны 10 есеге көбейип, тартылған инвестициялардың улыўма көлеми 300 миллион долларға жетти.
Президентимиз форумда қатнасып атырған халықаралық шөлкемлер ҳәм дүньяның жетекши компанияларын Өзбекстанда жасалма интеллект тараўында өз-ара пайдалы бирге ислесиўге шақырды.
Сырт елли экспертлердиң есап-санақларына бола, жасалма интеллект технологиялары келеси бес жылда Өзбекстан экономикасына кеминде 10 миллиард доллар муғдарында қосымша қун жаратыўы мүмкин.
Бундай жоқары көрсеткишлерге ерисиў ушын ҳәзирги шараят ҳәм имканиятлар жетерли.
2030-жылға шекем IТ-хызметлер экспортын 5 миллиард долларға жеткериў, жас қәнигелер ушын мыңлаған жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратыў мақсет етилген.
Жасалма интеллект экосистемасын кеңнен енгизиў мақсетинде келеси жылы АҚШтың Nvidia компаниясы менен биргеликте елимизде ири суперкомпьютер кластери иске қосылады.
- Бизиң стратегиялық мақсетимиз - Өзбекстанды тек ғана заманагөй технологияларды пайдаланыўшыға емес, ал оларды жарататуғын, экспорт ететуғын ҳәм глобаллық базарда табыслы бәсекилесетуғын мәмлекетке айландырыў, - деди Президент. - Жергиликли қолланбаларымызды жәҳән көлеминде алға қойыў ушын АҚШтағы Кремний алабында Миллий технологиялар трансфери офисин ашып, жас қәнигелеримиз ҳәм стартап тийкарын салыўшыларымыздың жетекши компаниялар, инвесторлар ҳәм акселераторлар менен тиккелей байланысларын тәмийинлеймиз.
Буннан былай мәмлекет жаслары тек ғана мектеплерде емес, ал барлық аймақлардағы "Келажак" орайлары системасында АИ менен ислесиў көнликпелерин үйренеди.
Ҳәр жылы мектеплер арасында жасалма интеллект тараўында ең жақсы стартап идеялар бойынша миллий таңлаў өткериледи.
14 ўәлаяттың ҳәр бириндеги жеңимпаз мектеплерде заманагөй жасалма интеллект лабораториялары шөлкемлестирилип, қолланбаларды коммерцияластырыў бойынша жетекши компаниялар менен бирге ислесиў жолға қойылады.
Қәбилетли жасларды анықлаў ҳәм оларды және де қоллап-қуўатлаў мақсетинде жасалма интеллект бойынша Президент таңлаўы шөлкемлестириледи.
Ҳәр жылы ең шетки аймақлардан баслап, республикалық дәрежеде 100 ең қәбилетли жас қәниге таңлап алынады. Олар АҚШ, БАӘ ҳәм Европаның жетекши технологиялық компанияларында тәжирийбе арттырады. Екинши басқышта жоқары билимлендириў мәкемелери ушын да усындай система енгизиледи.
Бул барлық ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын 100 миллион доллар қаратылады
- Бүгин Бирлескен Араб Әмирликлери менен биргеликте "Бир миллион программист" бағдарламасының логикалық даўамы болған "Бес миллион жасалма интеллект жетекшилери" жойбарын баслап атырмыз. Бул әпиўайы бағдарлама емес, жасларымыз ушын жаңа имканиятлар, - деди Президент.
Жойбар шеңберинде 2030-жылға шекем 4 миллион 750 мың оқыўшы ҳәм студент, 150 мың муғаллим ҳәм 100 мың мәмлекетлик хызметкерди оқытыў режелестирилген. Жасалма интеллект мектеп, кәсип-өнер ҳәм жоқары билимлендириўге интеграцияланады.
- "Бес миллион жасалма интеллект жетекшилери" бағдарламасы экономиканың драйверине айланып, мәмлекетимиздиң жедел раўажланыўына күшли пәт бағышлайтуғынына исенемен,-деди Президент.
Қәбилетли ҳәм белсенди жасларымыз - Жаңа Өзбекстанның мақтанышы ҳәм таянышы. Күни кеше Ҳиндстанда болып өткен шахмат бойынша жәҳән кубогинде жеңимпазлықты қолға киргизген Жавоҳир Синдоров буны және бир мәрте айқын дәлилледи.
Күни кеше Президентимиздиң пәрманына муўапық, Жавоҳир Синдаровқа "Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен спортшы" ҳүрметли атағы берилди.
Форумда мәмлекетимиз басшысы жас гроссмейстерге бул жоқары көкирек белгисин салтанатлы түрде тапсырды.
Президент ҳәр жылы ноябрь айын жаслар ушын жасалма интеллект айлығы, деп жәриялаў ҳәм оның шеңберинде "Жипек жолы жасалма интеллект форумы"н өткериўди усыныс етти.
Мәресим жуўмағында Өзбекстанда "Жасалма интеллекттиң бес миллион жетекшиси" жойбарына старт берилди.









