Жасалма интеллекттен қайсы мақсетте айдалансақ, нәтийжеси де соған мүнәсип болады

    Пикир 9 мамыр 2025 168

    Жақында социаллық тармақларда жаңа бир челленж, трендке көзим түсти. Ўатанласларымыз жасалма интеллект жәрдеминде сүўретлер анимациясын жаратып, жәмийетшиликке тарқатыўды баслады. Интернет ең дәслепки ғалаба ен жайып атырған ўақытта да көпшилик оннан кеўиллениў ушын пайдаланатуғын еди. Бүгин болса интернетсиз турмысымызды көз алдымызға келтире алмаймыз. Бурынлары бир нәрсени излесеңиз яки түсинбей қалсаңыз, интернетке жазып көриң, деп мәсләҳәт беретуғын еди. Ҳәзир болса ChatGPTдан сора деп атыр.

    Күнделикли турмысымызға шақмақ тезлигинде кирип, ғалаба ен жайып атырған жасалма интеллектке де жәмийетшилик арасында бир ўақытлары интернетке болғаны сыяқлы ҳәр қыйлы көзқараслар бар. Биреў оның унамлы тәреплерин, қолайлылығын тәрийплесе, биреў жумыссызлықты арттырыўы, адамларды ериншек етип, пикирлеў қәбилетин төменлетиўи сыяқлы унамсыз тәреплерин санап баслайды. Жасалма интеллектке устазларымыздың глобал тармаққа берген бир түсиндирмеси сәйкес келеди, мениңше: "Жасалма интеллект - бул бир қурал, ол жақсы да, жаман да бола алмайды. Сиз оннан қандай мақсетте пайдалансаңыз, сол мақсетке тезирек ҳәм аңсатырақ жетиўиңизге жәрдем береди", деген еди.

    Мәселен, жасалма интеллекттен диплом жумысы, диссертация жаздырыў ямаса кеўил көтериў мақсетинде де пайдаланыў мүмкин. Бирақ оның пайдасы, қолланылыў көлеми буннан әдеўир кең. Белгили жазыўшыларымыздан бири: "Әдебият атомнан күшли, бирақ оның күшин отын жарыўға жумсаў керек емес", деген.

    Жазыўшымыздың пикиринен келип шығып айтсақ, жасалма интеллект күшин де "отын жарыў"ға жумсап болмайды. Оның экономикалық әҳмийети, социаллық-экономикалық тараўлардың раўажланыўы, мәмлекет ҳәм жәмийеттиң раўажланыўы, халықтың абаданлығына қосатуғын үлеси оғада жоқары.

    БМШтың Саўда ҳәм раўажланыў бойынша конференциясы (UNCTAD) изертлеўлерине бола, жақын жылларда жасалма интеллект базарының өсиўи 4,8 триллион долларға тең болады. Бул Германия экономикасы менен тең. 2023-жылы жасалма интеллект глобал технология базарының 7 процентин қурап атырған болса, 2033-жылға барып 29 процентин ийелейди.

    Раўажланып атырған мәмлекетлер бул бағдарда бираз артта қалған. Олардың үштен бир бөлегинен азында жасалма интеллектти раўажландырыў стратегиясы бар. Дүнья бойынша 118 мәмлекетте жасалма интеллектти басқарыў, раўажландырыўға қәнигелескен структуралар жоқ.

    Сонлықтан, шөлкем раўажланып атырған мәмлекетлер жасалма интеллект инфраструктурасы, мағлыўматлары ҳәм көнликпесин раўажландырыў ушын сырт ел инвестицияларынан белсене пайдаланыў зәрүрлигин усыныс етеди.

    Бул фактлер Өзбекстанда жасалма интеллектти раўажландырыў ушын қандай жумыслар исленип атыр, деген ҳақылы сораўды ортаға таслайды.

    Дүньяда жасалма интеллект, инновация, санлы ҳәм "жасыл" технологиялар, креатив хызметлер арқалы "үлкен секириў" болып атырғанын атап өткен Президентимиз бул бағдарға да айрықша итибар қаратпақта.

    Атап айтқанда, мәмлекетимиз басшысының өткен жылы 14-октябрьдеги қарары менен Жасалма интеллект технологияларын 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясы қабыл етилди. Стратегиядағы жойбарларды әмелге асырыў арқалы 2030-жылға шекем Өзбекстанды санлы экономика ҳәм жасалма интеллект хабына, региондағы тараўдағы жетекши мәмлекетке айландырыў мөлшерленбекте. Әлбетте, бул сырт мәмлекетлер менен өз-ара бирге ислесиўде болады. Сонлықтан, Президентимиз 2025-жыл апрель айында мәмлекетимизде болып өткен тарийхый сөйлесиў майданлары - "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммити ҳәм Парламентлераралық Аўқамның 150-юбилей ассамблеясындағы шығып сөйлеген сөзинде қатнасыўшыларға жасалма интеллектти раўажландырыўдың түрли бағдарларында өз-ара бирге ислесиўди усыныс етти. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан бул бағдарда Бирлескен Араб Әмирликлери менен биргеликте үлкен жойбарлар әмелге асырылмақта.

    Санлы технологиялардан жасалма интеллектке шекем

    Өзбекстан жасалма интеллектти раўажландырыў стратегиясына ийе аз санлы раўажланып атырған мәмлекетлердиң қатарына киреди, бул бағдарда исенимли қәдем таслап атырғаны менен де ажыралып турады. Стратегияда тараўды раўажландырыўдың анық мақсети ҳәм "жол картасы" белгиленген. Ҳүжжетте жасалма интеллект тийкарында жаратылған программалық өнимлер ҳәм көрсетилетуғын хызметлердиң көлемин 1,5 миллиард АҚШ долларына жеткериў ҳәм жасалма интеллектке таярлық индексинде (Government AI Readiness Index) Өзбекстан биринши 50 мәмлекет қатарына кириўине ерисиў сыяқлы үлкен мақсетлер қойылған.

    Әлбетте, буған өз-өзинен ерисилмейди. Буның ушын мәмлекетте керекли инфраструктуралар жаратылған болыўы зәрүр. Соның ишинде, жасалма интеллекттиң кең көлемли раўажланыўы тараўлардың қаншелли санластырылғанына байланыслы. Бул процеслер бир-бирин толықтырады ҳәм үзликсиз раўажланып барады. Бул жолда my.gov.uzда жасалма интеллект тийкарында көрсетилип атырған хызметлердиң үлесин 10 процентке жеткериў нәзерде тутылған. Сондай-ақ, өзбек тилиндеги үлкен көлемдеги мағлыўматларды еселеп көбейтиў, күшли программалық тәмийнат ҳәм үлкен көлемдеги мағлыўматларды сақлайтуғын серверлерди таярлаў талап етиледи. Усы жылдың 1-сентябрине шекем жойбарлар ҳәм илимий-әмелий изертлеўлерди зәрүр мағлыўматлар менен тәмийинлеў мақсетинде нызамшылық ҳүжжетлериниң талапларына муўапық барлық мәлимлеме қәўипсизлиги илажларын көрген ҳалда "үлкен мағлыўматлар" базасын жаратыў мөлшерленбекте. 2026-жыл 1-майға шекем болса жасалма интеллект технологияларын енгизиў жойбарлары шеңберинде мағлыўматларды қайта ислеў ушын мөлшерленген есаплаў қуўатлықлары иске қосылады. Бул әмелиятлар тиккелей жасалма интеллекттиң раўажланыўы, және де ғалаба ен жайыўына тийкар жаратады. Себеби, жасалма интеллекттиң тийкары, сапа дәрежеси оның қаншелли көп санластырылған мағлыўматларға ийе екени менен баҳаланады.

    Негизинде электрон тәризде көрсетилетуғын хызметлер күн сайын көбейип атырғаны да санластырыў процесиниң нәтийжеси болып есапланады. Атап айтқанда, ҳәзирги ўақытта банк-финанс тараўы, салық ҳәм бажыхана тармақлары толық санластырылып болынған. Қуўанышлы тәрепи сонда, санластырыў менен бирге тармақларда жасалма интеллекттен пайдаланыў да әмелиятқа енгизилмекте. Мәселен, банк системасы пуқаралар менен сөйлесиў, шахстың кредит тарийхын анықлаў хызметлеринде жасалма интеллекттен пайдаланбақта. Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 25-марттағы "Мәмлекетлик бажыхана хызмети уйымларының жумысын шөлкемлестириў ҳәм бажыхана ҳәкимшилигин буннан былай да жетилистириўдиң қосымша илажлары ҳаққында"ғы қарарында тармаққа жасалма интеллектти енгизиў бойынша ўазыйпалар белгиленген.

    Тармаққа заманагөй технологияларды енгизиў, әлбетте, интеллектуаллық потенциалы, заманагөй компьютер технологияларынан жақсы хабардар кадрларға талапты арттырады. Мәмлекетимизде бул бағдарда да тийисли әмелий илажлар көрилмекте. Бағдарға сырт ел инвестицияларының тартылыўы реформалардың нәтийжелилигин және де арттырмақта.

    1 миллион жасалма интеллект пайдаланыўшысы

    Президентимиздиң 2025-жыл январьда Бирлескен Араб Әмирликлерине рәсмий сапары ўақтында ҳәр қыйлы бағдарларда, атап айтқанда, жасалма интеллект тараўында өз-ара пайдалы бирге ислесиў орнатыў бойынша бир қатар келисимлерге ерисилди. БАӘ тараўларға жасалма интеллектти енгизиўде үлкен тәжирийбеге ийе. Бул мәмлекет тармақларды санластырыў ҳәм автоматластырыў басқышын басып өткен. Сондай-ақ, мәмлекетте Жасалма интеллект министрлиги шөлкемлестирилгени тармаққа мәмлекетлик сиясат дәрежесинде итибар қаратылып атырғанын аңлатады. Муҳаммед бин Зоид атындағы Жасалма интеллект университетиниң жумысы жолға қойылғаны болса заманагөй тараўдың фундаментал илимий бағдар сыпатында раўажланыўына үлес қосады. Бир сөз бенен айтқанда, олар менен бирге ислесиў биз ушын үлкен тәжирийбе майданы ўазыйпасын атқарады.

    БАӘ ўәкиллери де Өзбекстанда тармаққа қаратылған айрықша итибарды тән алмақта. Атап айтқанда, "1 миллион программист" жойбарына айрықша итибар қаратылып, Өзбекстаннан 2025-жылы 30 миллион долларлық IТ хызметлерин импорт етиў режелестирилип атырғаны мәлим етилди. Усы бағдардағы өзбек жасларын аралықтан турып араб компанияларына жумысқа мирәт етиў нәзерде тутылды.

    Сондай-ақ, Өзбекстанда "1 миллион жасалма интеллект пайдаланыўшысы" жойбарын әмелге асырыўға инвестиция киргизиў арқалы бирге ислесиўге қызығыўшылық билдирилди. Ҳәзирги ўақытта бул бойынша арнаўлы платформа жаратылмақта. Бул платформа арқалы мектеп жасындағы балалардан баслап үлкен жастағы инсанлар да жасалма интеллекттен нәтийжели пайдаланыў бойынша керекли мағлыўматларға ийе болыўы мүмкин.

    Муҳаммед бин Зоид атындағы Жасалма интеллект университети менен биргеликте илимий хызметкерлерди таярлаў, мәмлекетлик басқарыўдағы кадрлардың маманлығын арттырыў бойынша да өз-ара бирге ислесиледи.

    Елимиздиң жоқары билимлендириў мәкемелеринде жасалма интеллект қәнигелерин таярлайтуғын бағдарлар ашылған. Соның ишинде, 13 жоқары билимлендириў мәкемесинде 2024-2025-оқыў жылы ушын 1050 квота ажыратылған. Оқыў мәкемелеринде жасалма интеллект лабораториялары шөлкемлестирилмекте.

    Ҳәзир заманагөй технологияларды нәтийжели басқара алыў кадрлардың баҳасын арттырады. Сонлықтан, "1 миллион жасалма интеллект пайдаланыўшысы" жойбары ҳәм заманагөй билимге ийе кадрларды таярлаў бағдарындағы жумыслар өзбек жасларының бәсекиге шыдамлылығын арттырыўшы әҳмийетли әмеллерден бири болып есапланады. Бирлескен Араб Әмирликлери менен бул жолдағы бирге ислесиў болса реже ҳәм мақсетлерге тезирек ерисиўимизге тийкар жаратады.

    Жарыста бизиң жаслар да мүнәсип қатнаспақта

    Дүньяда жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын бағдарламалардың бир-биринен жетиклерин турмысқа енгизиў бойынша өзине тән жарыс кетпекте. Мәселен, америкалылар барлық сораўларға жуўап беретуғын ChatGPT чат ботын ислеп шықты. 2025-жыл февраль айында оның бираз жетилистирилген вариантын қытайлылар DeepSeek аты менен жәмийетшиликке усынды. Илон Маск оннан да көп функциялы GROK-3 чат ботын сынақтан өткермекте. Бир сөз бенен айтқанда, мәмлекетлер ҳәм түрли коммерциялық компаниялар ҳәр күни жаңа жасалма интеллект пенен ислейтуғын программаны IТ базарына шығармақта.

    Өзбекстанда да қәўипсизлик, денсаўлықты сақлаў, банк-қаржы тараўларында жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын ҳәр қыйлы бағдарламалар турмысқа енгизилмекте. Соның ишинде, дүньяда биринши болып Ташкент метрополитенинде жасалма интеллект жәрдеминде ислейтуғын “MyID Palm” технологиясы, яғный алақан арқалы төлеў системасы енгизилди. Өзбек программистлери тәрепинен ислеп шығарылған бул технология көплеген халықаралық илажларда тән алынып, 2025-жылдың ақырына шекем Дубай жәмийетлик транспортында қолланылыўы режелестирилген.

    Денсаўлықты сақлаў тараўында жасалма интеллекттен, тийкарынан, кеселликке диагноз қойыўда пайдаланылады. Мәселен, Өзбекстан медицина системасында көкирек бези рак кеселлигин диагноз қойыўда жасалма интеллект имканиятларын қолланыў бойынша жумыслар алып барылмақта. Ҳәзирги күнде Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайында бул әмелият тест сынағы тәризинде тәжирийбеден өткерилмекте. Жаңа система анықлық ҳәм оперативликти және де арттырады. Сондай-ақ, банк-қаржы тараўында жасалма интеллект жәрдеминде ислейтуғын “My ID”, жәмийетлик қәўипсизлик бойынша “UzFace” технологияларынан пайдаланылмақта.

    Елимизде жасалма интеллектти раўажландырыўда жаслар, жас программист ҳәм исбилерменлерге сүйенилмекте. Тек ғана сүйенип қалып атырған емес, ал жасалма интеллект, санлы ҳәм "жасыл" технологиялар, креатив хызметлер тараўындағы жойбарлардың раўажланыўына қолайлы шараятлар жаратып бериўге ҳәрекет етилмекте. Атап айтқанда, Президентимиздиң 2025-жыл 19-марттағы "Киши ҳәм орта бизнестиң экономикадағы орнын арттырыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманына бола, венчур фондлар қаржысының бир бөлегин жеңиллетилген түрде жасалма интеллект жойбарларына бағдарлаў белгиленди.

    Әлбетте, жас исбилермен ҳәм программистлер жаратылған қолайлы шараят, қоллап-қуўатлаўларға жаңа стартап жойбарлары, жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын бағдарламалары менен "лаббай" деп жуўап бермекте. Мәмлекет ҳәм жәмийет сүйениш болып турғанын сезинип, жаңа жойбарларын турмысқа енгизиўде исеним менен ҳәрекет етпекте.

    Усындай жойбарлардан бири жасалма интеллект жәрдеминде инглис тилин үйрениўге жәрдемлесетуғын “Speaklish.uz” қосымшасы болып есапланады. Бүгинги күнде бул қосымша арқалы 30 мыңнан аслам адам инглис тилин үйренбекте. Олардың арасында сырт еллилер де бар екенлиги және де қуўанышлы.

    Жас исбилермен Шаҳзод Умрзоқов тәрепинен тийкар салынған “Tass Vision” компаниясы жасалма интеллект жәрдеминде усақлап сатыўды арттырыўға жәрдем береди. Ол ислеп шыққан программа 1700 ден аслам дүканға орнатылған. Ҳәзир дүньяның ҳәр қыйлы мәмлекетлериниң исбилерменлери компания хызметлерине қызығыўшылық билдирмекте. Ҳәзирги ўақытта ҒМДА, Монголия, Түркия, БАӘдеги исбилерменлер бул компанияның хызметлеринен пайдаланбақта.

    Санасақ, бундай мысаллардың санына жетип болмайды. Елимиздеги IT-Park жасалма интеллектке тийкарланған бундай көплеген пайдалы бағдарламаларды күннен-күнге ислеп шығармақта. Жоқарыда келтирилген фактлер ҳәм пикирлерден жуўмақ шығарып, Өзбекстанда жасалма интеллекттиң шексиз күш-қүдирети "отын жарыў"ға жумсалмай атырғанын аңлаў мүмкин. Бул әмелий жумыслар болса тез арада дүнья мәмлекетлери арасында өз орнымызға ҳәм сөзимизге ийе болыўымызға тийкар жаратады.


    Санжар ЭШМУРОДОВ,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates